11-июль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи – Өзбекстан Жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң баслығы Қ.Қуронбоевтың басшылығындағы тийисли тараў басшыларынан дүзилген арнаўлы топар ағзалары пайтахтымыз Нөкис қаласында да болып, жаслар менен ушырасты.

Нөкис Олимпиада резервлери колледжинде өткерилген ушырасыўда «Жаслар келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасының мазмун-мәниси терең түсиндирилди. Пайтахтлы 24 жас тәрепинен усыныс етилген улыўма баҳасы 5 миллиард 305 миллион сумлық жойбарға қаржы ажыратыў мәселеси шешилип, «Жол картасы»на киргизилди.

Нөкис қаласындағы «Қумбыз аўыл» МПЖ аймағындағы «Дослық» каналы бойынан қурылатуғын «Жаслар мийнет гүзары» комплексиниң дәслепки тырнағы қойылды.

Сондай-ақ, жумысшы топар ағзалары үйме-үй кирип, 350 хожалықтың 131 нен ҳәр қыйлы машқалалар анықлады. Солардың алтаўы өз орнында  шешимин тапты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.