Усы жыл 2-3-июль күнлери аралығында пайтахтымыздағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спорттың таэквондо WTF түри бойынша балалар арасында Өзбекстан Республикасы кубоги ушын сайлап алыў турнири өткерилди.

Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан жәми 300 ге шамалас спортшылар қатнасты.

Жарыс жуўмағында 2009-2010-жыллары туўылған  балалар арасында 22 кг салмақта Журабек Қутлымуратов, 24 кг салмақта Алишер Дәўлетяров, 26 кг салмақта Шухрат Камилжанов, 28 кг салмақта Мийрибек Жандосов,  30 кг салмақта Сайрам Аймаганбетова,  32 кг салмақта Дениз Адамовлар бириншиликти ийелеген болса, 2007-2008-жыллары туўылған балалар арасында 22 кг салмақта Алпамыс Айтмуратов, 26 кг салмақта Алпамыс Абатбаев, 30 кг салмақта Жасур Қалбаев, 34 кг салмақта Асқар Қуралбаев, 36 кг салмақта Шухрат Файзуллаевлар бириншиликти ийеледи.

Солай етип,  командалық есапта Хожели районы биринши, Нөкис қаласы екинши ҳәм Шымбай районы спортшылары үшинши орын жеңимпазлары деп табылды.

Жарыс жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы