Пайтахтымыздағы республикалық кардиологиялық диспансеринде Сеул миллий университети Бундан госпиталының қәнигели шыпакерлери тәрепинен туўма жүрек нуқсаны бар балалар тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилди.

Еки күн даўам еткен илаж Корея газ корпорациясының қәўенлерлигинде қабыл етилген қайырқомлық бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылды. Усы бағдарлама бойынша Бундан госпиталының қәнигели шыпакерлери республикамызда болып, балаларды тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерип келмекте. Олардың арасынан ҳәр жылы еки бала Кореяда үш ҳәпте даўамында емленеди ҳәм операция исленеди.

-Аралбойы аймағында жасап атырған халықтың перзентлерине қолдан келген жәрдемимизди көрсетип атырғанымыздан қуўанышлымыз,-дейди профессор Сонг Ёнг Хванг.-Еки күн даўамында 63 бала медициналық тексериўден өткерилген болса, соннан 39 балаға операция ислеў кереклиги мәлим болды. Олардың арасынан еки бала Бундан госпиталында операция исленеди. Бирге ислесиў жолға қойылған өткен төрт жыл даўамында 8 балаға Кореяда операция исленген болса, бүгинги күни олардың жағдайы жақсы. Ҳәр сапары келгенде бул балалардан хабар алып турамыз.

-2004-жылы туўылған балам Аббазбек Базарбаевты медициналық тексериўден өткериў ушын бул жерге алып келдим,-дейди Нөкис қаласынан Тамара Бабаниязова.-2016-жылы балама Ҳиндстан мәмлекетинде операция ислетип келген едик. Бүгин кореялы шыпакерлер тексериўден өткерип, операция сәтли исленгенлигин, баламның денсаўлығы жақсыланып атырғанлығын айтты. Буннан жүдә қуўанышлыман.

Еслетип өтемиз, Сеул миллий университети Бундан госпиталы Кореядағы жетекши ҳәм заманагөй емлеў орайларынан бири есапланады. Халыққа жоқары дәрежедеги қәнигели ҳәм технологиялық медициналық хызмет көрсетиў менен бирге студентлер, интерналар, клиникалық ординаторлар ушын оқыў және илим-изертлеў базасы болып есапланады. Корея газ корпорациясының қәўендерлигинде Бундан госпиталының шыпакерлери 2014-жылдан берли республикамыздың халқына, соның ишинде, туўма жүрек нуқсаны болған балаларға медициналық жәрдем көрсетип келмекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.