Ҳәзирги күнде жоқары билим ҳәм потенциалға ийе көплеген ўатанласларымыз дүньяның түрли мәмлекетлеринде мийнет етип, өз тараўларында үлкен жетискенликлерге ериспекте. Олардың арасында илимпазлар, исбилерменлер, халықаралық ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, студентлер бар. Диана Байзакова әне усындай жаслардан.

Халықаралық арбитр, «Merritz» халықаралық юридикалық компаниясының шериги, «Уллы келешек» халықаралық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң эксперти Диана Байзакова мийнет жолы ҳәм елимизде халықаралық арбитраж жумысларын раўажландырыў бағдарындағы басламалары ҳаққында ӨзАның хабарпшысына төмендегилерди айтып берди:

– Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл сентябрь айында БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзи мен ушын тарийхый ўақыя болды. Жоқары минберде жаңлаған сөзлер менде үлкен тәсир қалдырды.

Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүрәжаты болса елимиздеги реформалардың көлемин ҳәм мазмун-мәнисин, ҳәрекетлер механизминиң анық бағдарларын белгилеп берди. Усы тарийхый ҳүжжет тек ғана үлкемизде емес, ал пүткил регионның раўажланыўында жаңа дәўирди баслап берди.

Ўатанды сүйиўши әўладтың ўәкили сыпатында мәмлекетимиз тәрепинен халықтың абаданлығын арттырыў жолында қабыл етилип атырған нормативлик ҳүжжетлер менен алып барылып атырған реформалар мени де белсенди болыўға бағдарлады. Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы жумысшы топарының халықаралық эксперти сыпатында «Халықаралық коммерциялық арбитраж ҳаққында»ғы нызам жойбары үстинде жумыс алып барыў процесинде Өзбекстанға келиўге қарар еттим.

Мийнет жолымды Уллы Британияның  «Merritz» компаниясынан баслағанман. Арбитр, ҳуқықтаныўшы кеңесгөй сыпатында қыйын даўлы мәселелерге ҳәм халықаралық арбитраж жумысларына қатнасып, тәжирийбе арттырдым. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Саўда-санаат палатасы, Президент жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил институты – бизнес-осбудсман ҳәм Париж Халықаралық саўда палатасы жанындағы бизнес-омбудсман институты менен жақыннан бирге ислесиўимиз және мениң бул бойынша билим ҳәм тәжирийбем елимиздиң раўажланыўына үлес қосатуғынына исенемен.

Бизге белгили болғанындай, Президентимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаў, шет елде билим алып ямаса жумыс ислеп атырған жерлеслеримизди Ўатанымыздың мәплери жолында бирлестириў мақсетинде «Уллы келешек» халықаралық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем дүзилген еди. Ҳәзирги ўақытта усы шөлкемниң экспертлер кеңеси қурамында елимизди раўажландырыўдың узақ мүддетли моделиниң жойбарын таярлаў процесине қатнасып атырман.

Бүгинги күнде халықаралық арбитраж сырт ел ўәкиллериниң пикир таласларын шешиўдиң әҳмийетли шәртине айланды. Арбитраж тәреплердиң даўлы мәселелерин шешиўде техникалық, юридикалық тәжирийбеге ийе судьяларды (арбитрлар), диалоглар қайсы тилде жүргизилиўин таңлайды. Келиспеўшиликти көрип шығыў ўәкиллигин ҳәм процесслерин белгилеўге қатнасады. Арбитраж тәреплер  ушын келиспеўшиликтиң, көбинесе бир тәрептиң арбитражға мүрәжатының сыр тутылыўын тәмийинлейди. Белгили компания болған жағдайда бул оның абыройын ҳәм фонд базарындағы орнының турақлылығын сақлаўға жәрдем береди.

Соңғы жыллары Инвестицияларға байланыслы даўаларды тәртипке салатуғын халықаралық орай (ICSID) мыңнан аслам халықаралық коммерциялық арбитраж даўларын, сондай-ақ, тәреплерден бири мәмлекет болған онлаған жумысларды дизимге алмақта. Бундай даўларда мәмлекеттиң ҳәм инвесторлардың мәпин қорғаў ушын көп қаржы жумсалады.

Өзбекстанда инвесторлардың ҳуқықларын тәмийинлеў инвесторлар ҳуқықларының процессуал кепилликлерин, яғный олардың халықаралық арбитраж судына мүрәжат етиў имканиятын өз ишине алады. Мәмлекетимиз басшысының тийисли пәрманына муўапық, Саўда-санаат палатасында халықаралық арбитраж орайын шөлкемлестириў, UNCITRAL нызамы тийкарында «Халықаралық коммерциялық арбитраж ҳаққында»ғы жаңа нызамды қабыл етиў нәзерде тутылған. Биз бул процесске белсене қатнасыў нийетиндемиз.

ӨзА