Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жақында болып өткен видеоселектор мәжилисинде аўыл хожалығындағы әҳмийетли мәселелер, соның ишинде, ғаўаша тәрбиясы, суўдан ақылға муўапық пайдаланыў сыяқлы әҳмийетли илажларды нәтийжели өткериў додаланып, елимизде 1-июньнен 1-июльге шекем «Ғаўашада кепилликли зүрәәт жетистириўдиң ылғаллы айлығы» деп жәрияланды.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң елимиз фермерлерине мүрәжаты қабыл етилди.

Ҳүрметли фермерлер!

Усы жылдың 29-май күни Президентимиздиң Шавкат Мирзиёев басшылығында болып өткен видеоселектор мәжилисинде бүгинги күнде оғада әҳмийетли болып турған мәселелер, соның ишинде, аўыл хожалығында ғаўашаны тәрбиялаў, ғәлле орымы, тәкирарый егис ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыў сыяқлы әҳмийетли илажларды нәтийжели өткериў додаланып, елимизде 1-июньнен 1-июльге шекем «Ғаўашада кепилликли зүрәәт жетистириўдиң ылғаллы айлығы» деп жәрияланды.

Машақатлы мийнет ҳәм үлкен қәрежеттиң есабынан жетистирилетуғын зүрәәтти толық сақлап қалыў мақсетинде фермер хожалықлар басшылары ҳәм мийнеткешлери, аўыл хожалығы хызметкерлери ҳәм жуўапкер адамлары суўшы ҳәм механизаторлар, аграр тараўдың илимпаз-агрономлары менен биргеликте, барлық буўындағы депутатлардың да мобилизациясын ҳәм жуўапкершилигин арттырыўға айрықша әҳмийет қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Себеби, быйылғы бәҳәр мәўсиминиң салқын ҳәм қурғақ келиўи пахташылықта үлкен машқалаларды келтирип шығарып, ғаўашаның раўажланыўы өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда бираз арқада қалмақта. Бул болса егинди тәрбиялаўға айрықша итибар қаратыўды әсиресе, культиватордан нәтийжели пайдаланыў, топырақты терең жумсартыў, майдалап қайта ислеў, аўыл хожалығы зыянкеслерине қарсы гүресиў ҳәм қадағалаў жумысларына оғада жуўапкершилик пенен қатнас жасаўды талап етпекте.

Тәжирийбели фермерлер, пидайы атыз мийнеткешлери ҳәзирги оғада жуўапкершиликли пайытта сапалы орынланған агротехникалық илажлар себепли алынатуғын мол зүрәәт, оннан келетуғын дәраматтан, бәринен бурын өзлери, қала берсе, жәмийетимиз үлкен пайда көретуғынын жақсы биледи, аўыл хожалығын буннан былай да раўажландырыў бойынша алып барылып атырған реформаларды терең сезеди.

Президентимиздиң 2018-жыл 28-февральдағы «Пахта шийки затын ҳәм масақлы дән жетистириўди қаржыландырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тәғдирин жер менен байланыстырған ҳәзирети фермерлердиң жумысқа болған мүнәсибетин түп-тийкарынан өзгертти.

Аўыл хожалығы хызметкерлери тәрепинен «тарийхый қарар» деп тән алынған бул ҳүжжетке муўапық, зүрәәтлилиги төмен, соңғы 3 жыл даўамында гектарынан 15 центнерден аз зүрәәт алған жерлерге пахта егилмейтуғын болды. Буннан тысқары, пахта ҳәм масақлы дәнниң сатып алыў баҳалары өткен жылларға салыстырғанда дерлик 2 есеге арттырылыўы менен бирге, бул өнимлерди жетистиретуғын фермер хожалықларының хызмет көрсетиўши шөлкемлер алдындағы қарызлары, соның ишинде, ишки тармақлық қарыздарлығы және бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар алдындағы қарызларды төлеў мүддетти есапланған пеня ҳәм жәриймалар есаптан шығарылған ҳалда 3 жыл мүддетке создырылды.

Сондай-ақ, фермер хожалықлары ҳәм суў тутыныўшылары ассоциацияларының насос агрегатлары тәрепинен пайдаланылатуғын электр энергиясының баҳасы Мәмлекетлик бюджеттен субсидиялар есабынан қапланатуғыны белгилеп берилди.

Мәмлекетимиз басшысының биз, фермерлерге шексиз ғамқорлығы, кишигирим мийнетимизге жоқары итибары қәлбимизге бир дүнья қуўаныш бағышлаўы менен бирге, үлкен жуўапкершилик те жүклейтуғынын умытпаўымыз керек!

Әзиз фермерлер, мийнеткеш дийқанлар!

Елимизде ийгиликли баслама, саўаплы ислер ҳеш қашан бийкар кетпейди, итибардан шетте қалмайды, керисинше мәмлекетимиз тәрепинен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланады. Солай екен, ҳәр биримиз өз атызымызда мийнет етиў ушын жумысшыларымызға қолайлы шараятлар жаратып, атыз шертеги, ықшам ғана арзан ыссыхана қурайық, 50 бастан қус ҳәм бир бастан саўын сыйыр және 5 қутыдан пал ҳәрресин бағыўды жолға қояйық. Бул арқалы жумысшы-хызметкерлердиң социаллық қорғалыўын күшейтиў, қосымша дәрамат дәрегин қәлиплестириў имканияты болады.

Бул ҳаққында сөз болғанда, Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 10-майдағы «Өзбекстан Республикасында мәжбүрий мийнетке шек қойыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық инсанның өмиринде ҳәм мийнет жолының барлық тараўларында мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў ҳәм оған толық шек қойыў бойынша анық илажлар көрилип атырғанын айрықша атап өтиў керек.

Бул бойынша Халықаралық мийнет шөлкеми менен жедел бирге ислесип атырылғаны Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қарары менен парламентлик қадағалаў институты енгизилгени дүнья жәмийетшилиги тәрепинен жоқары баҳаланбақта. Сонлықтан мәмлекетлик ҳәм жергиликли басқарыў уйымлары тәрепинен киши қәте-кемшиликлерге жол қойыўға, жумысшылар менен мийнет шәртнамасын дүзиўди ҳаслан кешиктириўге болмайды.

Қәдирли фермерлер!

Көпти көрген, тәжирийбели фермерлер июнь-июль айлары ғаўаша әйне раўажланатуғын, дийқанның тили менен айтқанда, егин күни-түни «ислейтуғын» қайталанбас ўақыт екенлиги, бул дәўирде қандай жумыс зәрүр екенин жүдә жақсы биледи. Сиз ҳәм бизиң ўазыйпамыз болса, әне усы қызғын мәўсимде пүткил меҳримизди атызымызға берип, ҳәр бир агротехникалық илажды өз ўақтында ҳәм жоқары дәрежеде атқарыўға ерисиў болып табылады. Бул ушын төмендегилерге айрықша итибар қаратыў зәрүр:

Бириншиден, шөлкемлестириў жумысларын және бир мәрте, бүгинги күн талапларынан келип шыққан ҳалда пуқта режелестириң!

Екиншиден, халқымыздың дийқаншылық бабында топланған көп жыллық бай тәжирйбесине сүйенип, илим жетискенликлерин, инновациялық агротехнологияларды қолланыўға айрықша итибар қаратың!

Сыр емес, соңғы жылларда глобал ықлым өзгериўиниң кери тәсирлери елимизде де сезилмекте. Быйылғы қыс мәўсиминде жаўын-шашынның аз болғаны ақыбетинде, әсиресе, көпшилик ўәлаятларда суў тәмийнатының нормадан кемлиги бақланбақта. Өйткени, бундай қолайсыз ҳаўа райы кейинги 100 жылда да жүз бермеген екен!

Бундай жағдайларда истиң көзин билиў талап етиледи. Өткен жылғы нәтийжелер менен шекленип қалыў әне усы шекти гөзлеп ис тутыў турмыслық зәрүрлигимизге пүткиллей туўра келмейди. Себеби, бүгинги күнде пахташылық ҳәм ғәллешиликтиң тек ғана санааттың раўажланыўындағы емес, ал халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўдеги орнын ҳеш нәрсе менен өлшеп, салыстырып болмайды. Базарларымыздың нан, гөш, сүт, мәйек сыяқлы зәрүр тутыныў товарлары менен толықтырылыўында усы тармақлардың роли айрықша.

Усылардан келип шығып, тәбият күш-қүдиретимизди, сабырымызды ҳәмде шыдамлығымызды және бир мәрте сынақтан өткерип атырған усы мәўсимде бир тән бир жан болып, ҳүкиметимиз тәрепинен усыныс етилген ең қолайлы агротехникалық илажларды белгиленген мүддеттлерде әмелге асырып, ғәлледен кеминде гектарынан 10 центнерден, пахтадан болса 3-5 центнерден қосымша зүрәәт жетистириўге ерисейик!

Пидайы фермерлер, атыз мийнеткешлери!

Аўыл хожалығына жарамлы жер ресурслары оғада шекленген болып, қурғақшылық ҳәм шорланыў ақыбетинде өнимдар егислик майданлар барған сайын қысқармақта. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда халықтың жан басына 15 сотых егин егилетуғын жер майданы туўра келетуғын болса, халық санының өсиўи есабынан бул көрсеткиш 2030-жылда 12 сотыхтан туўра келиўи күтилмекте.

Бул болса, сиз ҳәм  бизге исенип тапсырылған мәмлекетимиздиң бийбаҳа байлығы – ҳәр бир қарыс жерден өнимли пайдаланыўды, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде болса бар күш-жигеримизди, билимимизди жумсап, заманагөй агротехнологияларды, интенсив усылларды турақлы қолланыўды талап етеди.

Ең баслысы, фермерлик ҳәрекетиниң заманагөй бүгинги басқыш ыталапларына жуўап ретинде атызына меҳир берген, атыз шертегин екинши үйине айландырған ҳәм егинлери менен тиллесе алатуғын пидайы фермерлердиң қатарына қосылың!

Өз тәғдирин дийқаншылықтан бөлек көз алдына келтире алмайтуғын фермердиң орны атызында екенин ҳеш қашан умытпаң!

Шел-қарықларға да овощ, палыз егинлерин егип, базарымыздың қут-берекетине мүнәсип үлес қосың!

Соны да қанаатланыўшылық пенен айтыў керек, биз мәмлекетимиз ҳәм ҳүкиметимиздиң қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде басқалар ҳәўес етерлик дәрежедеги заманагөй бағлар менен жүзимзарлар жараттық. енди нәўбет усы бағлар менен жүзимзарлардың араларын бос қалдырмай зүрәәтлилиги де, дәраматыда жоқары болған экспортқа қолайлы өнимлер жетистирип, дәраматты алыўға ерисиў болып табылады. Бул бағдарда «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖ менен биргеликте жоқары нәтийжелерди қолға киргизетуғыныңызға, есап бетиңизге валюта түсиретуғыныңызға исенимимиз кәмил. Себеби, Президентимиз аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышлап өткерилген илажда ҳәр бир фермер хожалығының валюта есап бетинде қаржы болыўын атап өткен еди.

Мәмлекет бизге тек ғана жерди тапсырды, ал бай болыўымыз ушын зәрүр шараятты жаратып бермекте. Усындай ўақытта есап-санақты дурыс жолға қойған фермер тек ғана өзине емес, мәмлекеттиң байлығына байлық қосады.

Ҳәзирги ўақытта биз, фермерлер де буған жуўап ретинде пидәкерлик пенен мийнет етип, ғәлле майданының ҳәр гектарынан 50 центнерден, пахтадан 30 центнерден аз зүрәәт алыўдай өнимсиз нәтийже өзбек дийқанына улыўма жараспайтуғынын ашық-айдын айтыўымыз керек. Арамызда бул көрсеткиштен төмен зүрәәт жетистиретуғын фермер болмасын!

Әзиз фермерлер, атыз ийелери!

Дийқаншылықта тыным болмайды, атыз мийнеткешлери жыл – он еки ай тынбайды. Әсиресе, ҳәзиргидей оғада жуўапкерли болған «Ғаўашада кепилликли зүрәәт жаратыўдың ылғаллы айлығы»нда ҳаслан қәтержамлыққа берилиўге болмайды. Ҳәр минутты ғәниймет билип, ғаўашаның әтирапында пәрўана болып, бар меҳирин берип тәрбиялайды. Шийрин тәшўишлердиң ғамында желип-жуўырады. Буның тийкарында болса, мол дастурхан, абадан турмыс, ертеңги рәҳәтли заман жәмленгенин жақсы биледи.

Соның ушын:

– анық режелерди турмысқа енгизип, бар болған суў резервлеринен үнемлеп пайдаланыўды умытпаң;

– быйылғы ҳаўа-райы шараятынан келип шыққан ҳалда, суўшылардың санын көбейтип, ўақыттан үнемли пайдаланың;

– ҳәр гектар жерге 10 тоннадан жергиликли төгин бериў, 3 гектарға бир қәндек қазыў ҳәм суў жолларын тазалаў илажларын қысқа мүддетлерде жуўмақлаң! Себеби тәжирийбеден белгили болғанындай, бул усыл зүрәәтлиликти 5 – 7 центнерге арттырыўға хызмет етеди;

– дийқанның қол-қанаты болған техника ҳәм технологиялардан өнимли пайдаланып, олардың мәўсимге таярлығын және бир мәрте көрип шығың ҳәм толық пайдаланыўды жолға қойың! Әтирапыңыздағы кәсиплеслериңизге көмекши болың;

– ғәлледен босаған майданларда тәкирарый егин егиў ҳәм ғаўаша тәрбиясы және басқа да аўыл хожалығын жетистириў бойынша белгиленген илажларды системалы шөлкемлестириң;

-өсимликлерди қорғаў бойынша тәжирийбели қәнигелер ҳәм илимпазларды атызларыңызға шақырың!

Ҳүрметли кәсиплеслер, қәдирдан фермерлер!

Бүгин халқымыз сизиң күш-ғайратыңызға көз тигип турғанын бир минут болса да, ядыңыздан шығармаң. Дастурханыңыз мол-молақай, базарларымыз жемислерге толы ҳәм арзан, турмысымыз абадан болыўы бүгинги машақатлы мийнетиңизге байланыслы.

Елбасшымыздың исенимин ақлап, елимиздиң абаданлығына мүнәсип үлес қосыў ушын бәршеңизди шын жүректен ҳадал мийнет етиўге шақырамыз!

Быйылғы аўыл хожалығы жылында Сиз – әзизлерге денсаўлық, жумысларыңызға раўажланыў, берекет, бәлент қырман жаратыўыңызда табыс ҳәм жеңислерди тилеймиз!

 

Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары

 ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси.