Орайлық банктиң рәсмий сайтында май айында тийкарғы тутыныў товарлары ҳәм хызмет баҳаларының өзгериўи бойынша бақлаў нәтийжелери жәрияланды, деп жазады ӨзЛиДеП сайты.

Үйрениўлерге қарағанда, тийкарғы тутыныў товарларының бири – гүриш 16,7% ке қымбатлады.

Ал ӨзА да жәрияланған мағлыўматта мәмлекетлик статистикалық комитетиниң жуўмақлары бойынша өткен айда гүриштиң баҳасы 4,2% ке қымбатлағанлығы келтирилген.

Гүриш баҳасының көтерилип кетиўине баслы себеп етип – қурғақшылық жылы күтилип атырғаны, егислик майданларының қысқартылыў мүмкинлиги ҳәм өндириўшилер тәрепинен гүриш таярлаў бойынша берилген усынысларға жуўаплардың кешиктирилип атырғаны көрсетилмекте.

Гүриштиң баҳасын турақластырыў ушын оның импортын көбейтиў ҳәм ишки базарда гүришке болған талапты бирдей етип услап турыў арқалы ерисиў мүмкинлиги айтылмақта.

Мониторинг нәтийжелерине муўапық, помидор, қыр ҳәм картошканың жаңа өними жетистирилгени ушын усы өним баҳалары 63,8%, 30,2% ҳәм 27,6% ке арзанлады. Сондай-ақ,сарымай 2,4%, таўық гөшиниң баҳасы болса 1,3% ке түсти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.