Усы күнлери Россия Федерациясының қорғаныў министри Сергей Шойгу елимизде рәсмий сапар менен болмақта. Россия әскерий ведомствосы басшысының Өзбекстанға сапары еллеримиз арасында барлық бағдарларда, соның ишинде, әскерий тараўда беккемленип атырған стратегиялық шерикликтиң логикалық даўамы болып табылады. Өйткени, урыс жылларында ерлик көрсеткен ата-бабаларымыздың жарқын естелиги халықларымыз ҳәм еллеримизди байланыстырып турады.

Өзбекстан қорғаныў министри, генерал-майор Абдусалом Азизов Россия қорғаныў министри менен ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жылы Москваға еткен сапарынан соң еки тәреплеме қатнасықлар сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилип, жаңа мазмун менен байығанын атап өтти. Бул қатнасықларға тийкар болған ата-бабаларымыз ийинлес турып, дүньяны фашизмнен қутқарып атырған ўақытларда тийкар салынған. Сондай-ақ, Россия армиясының тәжирийбеси де үлкен әҳмийетке ийе.

Россия қорғаныў министри, армия генералы Сергей Шойгу, өз гезегинде, шын жүректен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы арасындағы әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиў анық мазмун ҳәм айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти. «Бул, бәринен бурын Өзбекстан шегаралары жанында жүзеге келген қәўип-қәтерлерге байланыслы, әлбетте. Сириядан қоңсылас еллерге, соның ишинде, Өзбекстанға қәўип туўдырып атырған халықаралық терроризм қәўпи барған сайын күшейип атырғанын атап өтпей болмайды.

Бүгин биз Аўғанстандағы жағдай турақласпақта, қәўипсизирек болмақта, деп айта алмаймыз. Соны есапқа алыў керек, Сириядан кетип атырған топарлар Аўғастанға да өтпекте. Бундай жағдайда, әлбетте, зәрүрлик туўылғанда мәмлекетлик мәплерди қорғай алатуғын әскерий қәнигелерди таярлаў айрықша орын ийелейди», деп атап өтти Россия қорғаныў ведомствосының басшысы.

Ғәрезсизлик жылларында Өзбекстан Россия менен әскерий, әскерий-техникалық бирге ислесиўди даўам еттирди.

2000-жылдан берли Өзбекстан – Россия әскерий бирге ислесиўи еки мәмлекетттиң қорғаныў министрликлери тәрепинен ҳәр жылы тастыйықланатуғын әскерий бирге ислесиў режелери тийкарында әмелге асырылмақта. Оларды жүзеге шығарыў шеңберинде әскерий хызметкерлердиң оператив ҳәм жаўынгерлик таярлығы дәрежесин, маманлығын арттырыў, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын қолланыў, ҳаўа транспортының ҳәрекетин басқарыў ҳәм ушыўлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, әскерий-техникалық бирге ислесиўди раўажландырыў, медициналық тәмийнат бойынша қосымша илажлар шөлкемлестирилмекте. Өткен дәўирде жоқарыда тилге алынған режелер шеңберинде еки мәмлекеттиң аймағында 290 нан аслам қоспа илаж шөлкемлестирилди.

2005-жыл 23-сентябрь күни «Фориш» таў-дала оқыў полигонында Өзбекстан – Россия антитеррор оқыў шынығыўлары болып өтти, оларда ҳәр тәрептен 200 ден аслам әскерий хызметкер қатнасты. 2006-жыл 21-сентябрь күни Краснодар үлкесиниң полигонларынан биринде «Жаўынгерлик жәмийетшилик – 2006» Россия – Өзбекстан қоспа антитерроршылық оқыў шынығыўлары өткерилди.

2017-жылдың 29-июлинен 12-августына шекем әскерий хызметкерлеримиздиң бир топары Әзербайжан, Беларусь, Россия, Қытай ҳәм Қазақстан аймағында ҒМДА еллери әскерий хызметкерлери арасында өткерилген «АрМИ-2017» халықаралық армия ойынларына қатнасты.

Әскерлеримиз бул жарысқа биринши мәрте қатнасып атырғанына қарамастан, өзин мүнәсип көрсетти: дүньяның  28 ели ўәкиллери арасында өткерилген беллесиўлерде олар «Әскерий разведка ағласы», «Қәўипсиз жол», «Садық дос», «Жол патрули» таңлаўларында үшинши орынды ийеледи.

Өткен жылдың октябрь айында Жиззақ ўәлаятындағы «Фориш» полигонында Өзбекстан – Россия биргеликтеги арнаўлы тактикалық оқыў-шынығыўлары болып өтти. Оларға Россия тәрепинен Орайлық әскерий округтиң таў оқшылары бригадасының әскерий хызметкерлери қатнасты. Шынығыўлар даўамында терроршылардың жолын тосыў ҳәм оларды жоқ етиў көнликпелери беккемленди.

2017-жыл 24-октябрь күин Ташкентте Регионаллық қәўипсизлик бойынша Өзбекстан – Россия мәсләҳәтлесиўлериниң бесинши раунды болып өтти. 2017-жыл сентябрь айында болса Өзбекстан Республикасының Россия Федерациясындағы елшиханасында әскерий атташе лаўазымы шөлкемлестирилди.

Еллеримиз арасындағы өз-ара сөйлесиўлер быйыл да даўам етти. Ташкент әскерий округи әскерлери сәркардасы, генерал-майор Б.Қурбанов басшылығындағы елимиздиң әскерий делегациясы Россия армиясының Орайлық әскерий округинде болды, жеке қурамның жаўынгерлик таярлығын шөлкемлестириў тәжирийбеси менен танысты. Өзбекстан әскерий хызметкерлери ҒМДА еллери арасындағы түрли армия жарысларына табыслы қатнасып келмекте. Атап айтқанда, Өзбекстан, Армения, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Россия жәмәәтлериниң қатнасында Москва қаласындағы ЦСКА спорт комплексинде өткерилген «Сәркардалар стартлары»нда жигитлеримиз екинши орынды ийеледи. Әскерий спортшыларымыз жәми 1 алтын, 14 гүмис ҳәм 5 қола медалын қолға киргизди. Санкт-Петербургта болып өткен информатика бойынша халықаралық олимпиадада Муҳаммад Ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети арнаўлы факультетиниң курсантлары үшинши орынды ийеледи.

Быйыл 17-апрель күни Ташкентте ҒМДАға ағза еллер Қорғаныў министрлиги Кеңеси жанындағы Әскерий ҳүжимнен қорғаныў мәселелери бойынша муўапықластырыўшы комитеттиң гезектеги мәжилиси болып өтти. Бул илаж еллеримиз арасындағы әскерий бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етти.

Россия қорғаныў министри, армия генералы Сергей Шойгу сапар етиў даўамында Өзбекстан Республикасының Қураллы Күшлер академиясында да болды.

Қорғаныў министри Россия Өзбекстаннан және де көбирек әскерий хызметкерлерди оқытыўға, сондай-ақ, халықаралық терроризм қәўпи тарқалып атырғаны мүнәсибети менен әскерий қәнигелер таярлаў ушын елимизге оқытыўшылар жибериўге таяр екенин атап өтти. «Биз тек ғана тәжирийбемизди бөлисиў емес, ал қәнигелер таярлаўға да таярмыз. Сол себепли бүгин Россия оқыў мәкемелеринде билим алып атырған әскерий қәнигелердиң санын бир неше есеге көбейтиўди режелестирмектемиз», деп келтиреди Шойгудың сөзлерин ТАСС мәлимлеме агентлиги.

Россиялы мийман әййемги Самарқандқа да барып, Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың қәбирине гүл қойды, қаланың естеликлери менен танысты.

Россия қорғаныў министриниң Өзбекстанға сапары Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң елимизге болажақ мәмлекетлик сапары алдынан әмелге асырылып атырғаны айрықша әҳмийетке ийе. Себеби, жоқарыда атап өтилгениндей, еллеримизди урыс жылларында ерлик көрсеткен ата-бабаларымыздың естелиги, сондай-ақ, турақлылықты беккемлеўге байланыслы көзқараслардың уқсаслығы, халықаралық экстремизмге ҳәм терроримзге қарсы гүресиў машқаласына қатнас жасаўлардың бирдейлиги байланыстырып турады.

 

Аблай КАМОЛОВ,

ӨзА ның хабаршысы