Усы жыл 30-май күни пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдында «Саҳра бүлбиллери-саҳрадағы Лувр» атамасындағы классикалық музыкалардың республикалық фестивалы өткериледи.

 Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги хабар бермекте.

Фестивальға республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан ҳәўескер ҳәм профессионал қосықшылар, сондай-ақ, Ташкент қаласынан да қосықшылар қатнасыўы күтилмекте.

Илаж ҳаққында толық мағлыўмат берип барамыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.