Усы жыл 10-13-май күнлери аралығында Ливан мәмлекетиниң Бейрут қаласында спорттың дзюдо түри бойынша 2000-2001-жыллары туўылған жаслар ҳәм қызлар арасында өткерилген Азия чемпионатына жерлеслеримизден 3  спортшы табыслы қатнасып қайтты.

16-май күни Нөкис темир жол вокзалында спортшыларды салтанатлы жағдайда күтип алыў мәресими өткерилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлигинен, сондай-ақ, спортшылардың ата-аналары, тренерлери, дослары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Дүньяның 29 мәмлекетинен спортшылар қатнасқан Азия чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан спортшылар елимизге 2 алтын 1 гүмис, 3 қола медаль алып келген болса, солардан қарақалпақстанлы жерлеслеримиз  Нилуфар Ермағанбетова 52 кг салмақта бириншиликти ийелеп, усы жылы Аргентина мәмлекетиниң Буэнос Айрес қаласында өткерилетуғын III Жаслар олимпиадасына қатнасыў ушын жолламаны қолға киргизди. Нилуфар усы жетискенлиги нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасынан дзюдо бойынша қатнасатуғын биринши спортшы қызға айланды. Сондай-ақ, Азия чемпионатында 1998-1999-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында жерлесимиз Гүлнур Муратбаева  44 кг салмақта бириншиликти ийелеп, усы жыл октябрь айында болып өтетуғын Жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди. Тағы бир спортшымыз  Азат Орынбаев +90 кг салмақта екинши орынды ийеледи.

-Азия чемпионатында қарсыласларым ҳиндстанлы, қазақстанлы спортшылар болды. Әўмет күлип бағып, елимиз байрағы көклерде желбиреди. Халқымның исенимин ақлай алғанымнан қуўанышлыман, – дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң дене тәрбиясы факультети студенти, бирнеше мәрте Азия ҳәм Өзбекстан чемпионы болған Гулнур Муратбаева. – Спорттың дзюдо түри менен 10 жылдан берли шуғылланып келемен.

Мағлыўмат орнында айтып өтетуғын болсақ, Азат Орынбаев пайтахтымыздағы Нөкис олимпиада резервлери спорт колледжиниң, Нилуфар Ермағанбетова Нөкис спорт колледжиниң 2-басқышында оқып билим алмақта.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы  Даўыт Қурбаниязов қатнасты.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы