Халықаралық көлемде ең талап күшли болып турған инглис тили бойынша билимлерди баҳалаў системасыIELTSке талабанлар саны республикамызда жыл сайын артып бармақта. Буған тийкарғы себеплердиң бири дүньяның 140 мәмлекетиндеги 10 мыңнан артық шөлкем IELTS сертификатын тән алыўы болса керек.

Ташкент қаласындағы IELTS IDP тест орайы – Edu-Action ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен өткерилген семинарда халықаралық шөлкемге байланыслы усы ҳәм басқа да мағлыўматлар берилди.

Ҳәзирги ўақытта IELTS тест сынақларын  дүньядағы 130 мәмлекеттеги 1100 тест орайы шөлкемлестирип келмекте. Енди олар қатарында Қарақалпақстанда ашылыўы режелестирилип атырған орай да  дизимнен өткериў, тест сынақларын алыў, ҳәтте сертификатты усы жерде бериў ўәкиллигине ийе болады.

Еки жыллық жарақлылық мүддетине ийе бул сертификат Өзбекстандағы Халықаралық жоқары оқыў орынларының (Яғный, Ташкент қаласындағы Инха университети, Халықаралық Вестминстер университети, М.В.Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университетиниң филиалы, Г.В.Плеханов атындағы Россия экономикалық университетиниң филиалы, Сингапурдың Менеджментти раўажландырыў институты, Турин политехникалық университети, Губкин атындағы нефть ҳәм газ университети) бакалавриатына ҳәм магистратурасына имтихансыз кириў имканиятын береди. Ал, усы сертификатқа ийе болған педагоглардың республикамызда жумысқа кириўге имканияты көбирек болады.

Cеминарда жаслар IELTS IDP тест орайының Өзбекстандағы ўәкили Айдын Халиқовадан қызықтырған сораўларына жуўап алды.   

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.