Жақында Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясында тараўда әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳәм усы жылдың биринши ярым жылының жуўмақларына бағышланған мәжилис болып өтти.

Мәжилисте атап өтилиўинше, усы жылы Федерация ҳәм оның қалалық, районлық жәмийетлери тәрепинен саўда бойынша көплеген мониторинг жумыслары әмелге асырылған. Саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўында социаллық изленислер алып барылып, онда 1231 респондент қатнасқан.  Нөкис, Тақыятас қаласы, Шымбай, Шоманай, Тахтакөпир, Хожели, Қоңырат, Қараөзек, Кегейли, Қанлыкөл районларының медициналық бирлеспелериниң жумысларын үйрениў илажлары әмелге асырылған. Бул жерлерде тутыныўшылар ушын жаратылған шараятлар менен қолайлықлар көзден өткерилгенде, таза ишимлик суўдың, айырым дәри-дәрмақлардың жоқлығы, сондай-ақ, жарамлылық мүддети өтип кеткен дәрилердиң наўқасларға тарқатылып атырғанлығы, айырым шыпакерлер тутыныўшылар менен қопал мүнәсибетте болып атырғанлығы, тарқатылып атырған аўқатлардың сапасы талапқа жуўап бермейтуғынлығы сыяқлы кемшиликлер анықланған.

Есабат дәўиринде Федерацияға жәми 518 мүражат келип түскен болса, 500 ге шамаласы тутыныўшылардың пайдасына шешилип, олардың 129 миллион сумға шамалас пулы қайта есаплап берилди. Олардың көпшилигин саўда, электр энергиясы менен газ тамийнаты бойынша мүражатлар қурайды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.