Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Ҳәсиретли ана» естелик комплексине мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, урыс ветеранлары, мийнет нураныйлары, елимиз жаслары барып, естелик алдына гүлшеңберлер қоймақта. Соның менен бирге, урыста мәртлерше қаза болған, тынышлық ҳәм парахатшылық ушын гүрескен елимиз азаматларының атын және бир мәрте еске алмақта.

– Бүгин университетимиздиң профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары менен бирге естеликке гүлшеңбер қойдық. Бүгинги тыныш ҳәм абадан турмыс ушын жанын пидә еткен ата-бабаларымыздың атларын еске алып, мәртлик ислеринен үлги алмақтамыз, – дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жаслар жетекшиси Нурназар Пирназаров.

Еслеў ҳәм қәдирлеў күни байрамы мүнәсибети менен илажлар даўам етпекте.

 

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.