Өзбекистан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышланып, «Инсан қәдири уллы, еслеў муқаддес» сүрени астында қайырқомлық он күнлиги илажы өткерилмекте.

Усы мүнәсибет пенен қабыл етилген реже тийкарында орынларда «Инсан қәдири уллы, еслеў муқаддес», «Мәртлик, парыз ҳәм садықлық» темаларында үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Илаж шеңберинде Екинши жер жүзилик урыс ҳәм фронт арты мийнет ветеранларының, кекселер менен қариялардың ҳал-жағдайынан хабар алынып, оларға саўғалар тапсырылмақта. Районлық көп тармақлы поликлиникалар, аўыллық шыпакерлик пунктлери шыпакерлери менен биргеликте аймақта жасаўшы кекселер тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилмекте. Партияның белсенди жаслары тәрепинен бағыўшысы жоқ ҳәм кем тәмийинленген Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларының турақ жайын ҳәм үй хожалықларын оңлаў, абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Екинши жер жүзилик урыстың ҳәр бир қатнасыўшысына, фронт арты мийнет ветеранларына, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қурбан болған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлериниң шаңарақ ағзаларына дастурхан жайылып, ҳүрмет көрсетилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-апрельдеги «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде Өзбекистан ХДП Орайлық Кеңесиниң басламасы менен өткерилип атырған илаждың тийкарғы мақсети, жас әўладтың санасында тарийхқа, миллий қәдириятларымызға ҳүрмет, ертеңги күнге терең көзқарас пенен қараў сезимлерин беккемлеў, елимиздиң азатлығы, оның гүллеп-раўажланыўы жолындағы ата-бабаларымыздың мәртлик және ерлик ислерин кеңнен үгит- нәсиятлаў болып табылады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.