Усы жылдың 2-4-май күнлери Ферғана қаласындағы Аҳмед әл-Ферғаный атындағы дем алыў бағында улыўма билим бериў мектеплериниң «Жас қутқарыўшы» ықтыярлылар клублары арасында Республикалық жарыс болып өтти.

 

 

Жарысқа Өзбекстан Республикасының барлық аймақларынан 112 оқыўшыдан ибарат болған 14 команда қатнасты.

Айрықша жағдайлар бойынша сораў-жуўап, жәбирленгенлерге биринши медициналық жәрдем көрсетиў усыллары, арқан ҳәм басқа үскенелер менен дәрьяны кесип өтиў, арқанлар жәрдеминде арнаўлы түйин түйиў ҳәм жоқарыға көтерилиў және эстафета сыяқлы шәртлер жуўмағына бола Қарақалпақстан Республикасы атынан қатнасқан «Жайҳун» командасы Ферғана ўәлаятының «Матонат» ҳәм Наўайы ўәлаятының «Спасатель» командаларынан кейинги 3-орынды жеңип алды.

 

 

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар ҳәм барлық қатнасыўшыларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған естелик саўғалары және дипломлар тапсырылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.