Тек ғана қазақ халқының емес, ал, соның менен бирге, пүткил түркий халықлардың жүрегинде мәңги жасап киятырған уллы қазақ ойшылы, жақсылық ҳәм дослық жыршысы Абай Қунанбаев дөретиўшилиги, ол ҳаққындағы мағлыўматлар қарақалпақ халқы ушын да оғада қунлы. Биз Абай Қунанбаевтың жетик көркем шығармалары, ибратлы өмири ҳәм мийнет жолы менен халықларымыз мәдениятының раўажланыўына қосқан үлкен үлесин ел-халқымызға еле де кеңнен таныстырыў мақсетинде филология илимлериниң кандидаты, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң доценти Қайыржан Аралбаев пенен сәўбетлестик.

 

– Сүйикли шайырымыз  Ибрайым Юсупов «Мен Абайды ядға билген халықпан» деген еди. Сизиңше, қарақалпақ әдебияттаныўында Абай дөретиўшилигиниң үйренилиўи қай дәрежеде?

– Қазақ халқының уллы шайыры, қазақ әдебиятында сыншыл реализм методының тийкарын салыўшы Абайдың дөретиўшилиги қазақ әдебияттаныў илиминде ХIХ әсирдиң сексенинши жылларынан баслап изертленген, үйрениле басланған. Бүгинге келип Абай дөретиўшилиги хаққындағы илимий-изертлеў мийнетлерниң библиографиялық көрсеткишиниң өзи үш томнан ибарат.

Ал, Абай шығармаларының Қарақалпақстанда үйренилиўине, үгит-нәсиятланыўына келетуғын болсақ, бул мәселелер ХХ әсирдиң жигирмаланшы жылларынан басланады, деп айтыўға болады. Дәслепки мектеп оқыўшылары ушын жазылған сабақлықлар ҳәм хрестоматияларда Абай хаққында мағлыўматлар, шайырдың қосықлары берилип барылды. Абай хаққында шайыр дөретпелериниң қарақалпақ әдебиятына тәсири, соның менен бир қатарда қарақалпақ әдебиятының классиклери – Күнхожа, Әжинияз, Бердақ шайырлардың поэзиясы менен Абай дөретиўшилигин салыстырмалы изертлеў ҳаққында Сражатдин Ахметов, Айымқул Пирназаров ҳәм т.б. илимпазлардың пикирлери баспа бетлеринде жәрияланып барылды. Филология илимлериниң кандидаты Қаржаўбай Жумажановтың «Абай ҳәм қарақалпақ әдебияты» атлы китапшасында бирқатар мағлыўматлар берилген. Бизиң (Қайыржан Аралбаевтың – ҚХА) «Бердақ ҳәм қазақ әдебияты» атлы мақаламызда Бердақ ҳәм Абай дөретиўшилигиндеги гейпара идеялық-көркемлик мәселелер де сөз болады.

Дилмашсыз-ақ қазақшаға қанық халықпыз. Айтыңызшы, Абай шығармаларын қарақалпақшаға аўдарыў мәселеси бойынша не дейсиз?

– Жоқарыда айтып өткенлерден тысқары Абайдың қосықлар топламы қарақалпақ тилинде үш мәрте топлам болып жәрияланды.  Абайдың қосықлары қарақалпақ тилинде өткен әсирдиң елиўинши жылларында қарақалпақшаға аўдарыла баслады. Сол жылларда мектеплерге арналған сабаклықларда, хрестоматияларда шайырдың бирнеше қосықлары қарақалпақ тилинде берилди. Абай қосықларын дәслеп Султамурат Бекмуратов, Мәриям Қасымова, Қармыс Досанов, Тәжетдин Сейтжанов ҳәм басқалар қарақалпақшалады. 1955-жылы шыққан Абай қосықларының дәслепки топламына Исмайыл Сағыйтов алғы сөз жазды. Әдебиятшы-илимпазлар Бабаш Исмайылов, Сражатдин Ахметов 9-классқа арналған сабақлығында (1952-жылы) шайырдың өмири, әдебият тарийхындағы орны ҳаққында илимий-методикалық жақтан ҳәр тәреплеме таллаў жасады.

1985-жылы белгили жазыўшы ҳәм шайыр Шаўдырбай Сейтов тәрепинен Абайдың қосықлары менен поэмалары қарақалпақ тилинде жеке китап болып басылып шықты. Абай дөретпелерин қарақалпақшаға аўдарыў мәселесине немқурайдылық пенен қараўға болмайды. Уллы шайырдың ҳәр бир қосығында философиялық пикирлер, терең мазмунға ийе ойлар, әсиресе, жаңа форма, қосық қурылысындағы новаторлық, поэтикалық изленис ҳәм шеберлик оғада көп. Буларды қарақалпақ оқыўшысына ҳәлсиретип алмай, тәсир күшин жойытпай жеткериў аўдармашы шайырлардан күтә пухталықты, итибарлы болыўды, қулласы үлкен жуўапкершиликти талап етеди.

Қарақалпақ шайырлары дөретпелериниң қазақшаланыў мәселеси қай дәрежеде?

– Рети келгенде айтып өтиўимиз керек, қарақалпақ шайыр-жазыўшыларының дөретпелери де өз гезегинде қазақшаға аўдарылып келгенлиги ҳақыйқат. Поэзиялық дөретпелерден Бердақтың қосықлар топламы «Әмудария әуендери» деген ат пенен, соның менен бир қатарда «Қарақалпақ поэзиясының антологиясы» қазақ тилинде жарық көрди. Прозалық шығармалардан Мырзағалий Дәрибаевтың «Мыңлардың бири» повести, Төлепберген Қайыпбергеновтың «Қарақалпақнама», «Қарақалпақ қызы» романлары ҳәм т.б. дөретпелер қазақшаға сапалы аўдарылып, өз алдына китап болып шықты. Әлбетте, қарақалпақ, қазақ тиллери түркий тиллер ишиндеги бир-бирине жүдә жақын тиллерден есапланады. Сонлықтан еки халық бирин бири дилмашсыз, аўдармасыз да толық түсинеди. Бирақ буннан бул тиллердеги көркем дөретпелерди аўдарыў зәрүрлиги жоқ, деген түсиник пайда болмаўы керек.

Биз жоқарыда сөз еткенимиздей, Абай дөретпелерин, басқа да қазақ шайырларының шығармаларын аўдарыўда аўдармашылар тәрепинен бирқатар кемшиликлер жиберилгенин байқадық. Мине, усындай мәселелер қарақалпақ шайырлары дөретпелерин қазақ тилине аўдарыўда да ушырасып турады. Мәселен, Бердақтың ең белгили –  «Жақсырақ» қосығының аўдармасында:

Түп нусқада:  Бердимурат айтар көре алмай жақты,

Өлип кетер болды ашылмай бахты,

Бердимурат халықты, халық Бердақты,

Жалғызындай көрер жаннан жақсырақ, – деген жери аўдармада:

Бердимурат айтар әли талай жыр,

Уа, бақытсыз қурып кетпей қалай жүр,

Халқы менен ақынын бир балай бил,

Шыбын жаннан журты оған жақсырақ.

Ямаса:         Бул сөзимди тыңла, Нурмурат ахун,

Орайсаң сәллеңниң хәррийтип шақын.

деген қатарлары:

Бул сөзимди тыңда, ақун Нурмурат,

Сәлде ораған, өтирик айтқан сылдырап,- деп аўдарма исленген. Бундағы поэтикалық күш «орайсаң сәллеңниң хәррийтип шақын» деген сатиралық хәм ирониялық қатарға берилген. Бирақ аўдармада бундай поэтикалық шеберлик өз күшин жойытып алған. Аўдармаға үстиртин қарамай, ҳақыйқый дөретиўшилик деп қарағанда, уллы классиклеримиздиң дөретпелери сапалы хәм көркем болып  танылатуғын еди.

– Абай шығармаларын үгит-нәсиятлау бойынша алып барылып атырған жумыслар туўралы не айта аласыз?

– Абай шығармаларын қарақалпақ оқыўшыларына кеңнен нәсиятлаў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта. Деген менен, бул саладағы жумысларды еле де жанландырыў мәселеси ҳәзирги заманның, халықтың талабына сәйкес жүргизилиўи зәрүр. Абайдың өзи менен заманлас басқа миллет ўәкиллеринен, шайырлардан айырмашылығы – яғный қазақ халқының тарийхы менен әдебиятын терең өзлестиргенин, шығыс классиклериниң дөретиўшилигинен толық хабардар болыўын, орыс, Европа илими менен мәдениятынан емин-еркин нәр алыўын айта кетсек болады. Сондай-ақ, Байрон, Гёте, Мицкевич, Пушкин, Крылов, Лермонтов ҳәм т.б. классиклердиң поэзиясы менен жақын таныс болыўы, олардың бирқатар дөретпелерин қазақ тилине аўдарып, тек қазақ халқына ғана емес, пүткил Орайлық Азия еллерине Батыс, орыс әдебиятын, илими менен мәдениятын бириншилерден болып таныстырыўдағы мийнетлерин айтсақ арзыйды. Абай қазақ әдебиятына сыншыл реализм методын саналы түрде енгизе билди. Оның Салтыков-Щедрин, Гоголь, Л.Н.Толстой шығармаларын терең өзлестиргенин, гейпара пикирлеринде Батыс, Шығыс поэзиясына көзсиз еликлей бермей, оларды сын көз бенен қарап баҳалағанын байқаўға  болады.

– Қазақстанда Наўайыны үйрениў қай дәрежеде?

– Әлийшер Наўайы тек өзбек халқының ғана емес пүткил Шығыс дүньясының, сондай-ақ, түркий халықлардың бәршесине ортақ уллы тулға. Науайының исми, дөретиўшилиги қазақларға бурыннан баслап бир қәдем таныс ҳәм жақын болған. Әсиресе, уллы гуманист шайырдың исми, дөретиўшилиги Қазақстанның түслик ўәлаятларында кеңнен танылған. Уллы Абай, оның иниси ҳәм шәкирти Шәкәрим Наўайыны устаз тутқан, уллы инсан сыпатында ҳүрмет еткен. Абайдың «Ескендир» поэмасы, Шәкәримниң «Ләйли-Мәжнүн» дәстаны Наўайының усы темадағы дөретпелеринен илҳамланыў нәтийжесинде жазылған.

1949-жылы Алматыда Әлийшер Наўайының «Таңламалы» шығармалары қазақ тилинде китап болып басылды. Бул топламға Мухтар Әўезов алғы сөз жазды. Көрнекли шайырлар: Д.Әбилев, Ә.Тәжибаев, Ғ.Орманов ҳәм басқалар уллы Наўайының қосықларын қазақшаға аўдарыўға ат салысты. Қазақ шайыры Несипбек Айытовтың аўдарамасы менен Наўайының атақлы Ҳамсасының «Саддий Искандарий» атлы китабы «Ескендир қорғаны» деген ат пенен өз алдына басылып шықты.

Қазақ илимпазларынан Наўайытаныўға М.Әуезовтан баслап Ә.Қоңыратбаев, Ө.Күмисбаев, Р.Бердибаев, М.Мырзахметов ҳәм басқалар салмақлы үлес қосты. Әлбетте, Наўайы дөретиўшилиги Қазақстанда толық үйренилип, изертленип болды деп айтыўға еле ерте.

 

Жазып алған:

Мөлдир ИГИЛИКОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги