Биз күнделикли турмысымызда айырым көшелерде суў тармақлары қурылмаған болса да, суў ушын төлем алынып атырғанлығын еситетуғын едик. Ал, айырым көп қабатлы турақ жайлардың жоқарғы қабатларына суў шықпайтуғынлығы белгили. Олар да суў ушын пул төлеп келмекте.

– Мәселен, Төрткүл районлық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине районның «Наўрыз» мәкан пуқаралар жыйынында жасайтуғын пуқара Дәрман Қазақовадан усындай мәселе бойынша арза келип түскен,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының сектор баслығы Д.Дәўлетбаева. – Ол өз арзасында ишимлик суўынан қарыздарлығы бойынша наразылығын билдирген. Оның арзасы жәмийет тәрепинен үйренип шығылып, тутыныўшының жасап турған аймағында ишимлик суў тармағы өткерилмегени, тутыныўшының ишимлик суўдан ҳеш қандай қарыздарлығы жоқ екенлиги анықланды.

Сондай-ақ, жәмийетке насаз, сапасыз өнимлердиң сатылыўы туўралы да көплеген мүрәжатлар келип түспекте.

Атап айтқанда, Төрткүл районлық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине Елликқала районы Сарабий Аўыл пуқаралар жыйынында жасайтуғын пуқара Айбек Розумбетовтан арза келип, онда усы жылдың 3-апрель күни Төрткүл районы Саўда комплекси аймағында жайласқан 645-санлы дүканнан 540 мың сумға суў шығарыў насосын сатып алғанлығын, оны үйине алып барғанында жарамсыз болып шыққанын, дүканшы болса, оны алмастырып бериўден бас тартқанын көрсеткен. Мүрәжат үйренип шығылып, сол күнниң өзинде жарамсыз суў насосы жарамлысына алмастырылды.

Сондай-ақ, Қоңырат районы Н.Тәжимуратов көшесинде жасайтуғын пуқара М.Бердимуратов райондағы саўда комплексинен пайдаланылған Samsung J5 телефонын 600 мың сумға сатып алады. Бирақ, бир күннен оның насаз екенлиги мәлим болады.

Буннан наразы болған тутыныўшы сатыўшыдан телефонын оңлатып бериўин ямаса ақшасын қайтарып бериўин талап еткенинде, ҳәр қыйлы сылтаўлар менен оның талабы жуўапсыз қалдырылады.

Усы мәселе бойынша тутыныўшы Қоңырат районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине мүрәжат етип, оның 600 мың сумы өзине қайтарып берилди.

Алдыңғы мағлыўматларымызда айырым мәкемелердиң пуқаралар тәрепинен келип түскен коммунал төлемлерин өз есап бетлерине өткериўде қәте-кемшиликлер болып атырғанлығын билдирген едик.

Жақында, және усындай унамсыз жағдай анықланды ҳәм әмиўдәрьялы тутыныўшының 9 жыл бурын төлеген ақшалары өз есап бетине түсирип берилди.

Яғный, Әмиўдәрья районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине районның «Толқын» аўыл пуқаралар жыйынында жасайтуғын пуқара Т.Атажанов 2009-жылдағы бир неше айдың тәбийғый газы ушын өз пенсиясынан төлеп келген болса да усы ақшалар оның есап бетине түспей қалған. Районлық газ хызметкерлеринен қарыздарлығы туўралы ескертиў келгенинен ҳайран болып мүрәжат еткен екен.

Усы мүрәжат жәмийет қәнигелери тәрепинен үйрнилип, тутыныўшының 9 жыл бурынғы бир неше ай ушын төлеген ақшалары реестрлерде тутыныўшының газ дәптершесиниң абонент номери көрсетилмегени себепли ийеси анықланғанға шекем 8888-санлы абонет номерине автомат түрде өткерилгенлиги анықланып өз есап бетине өткерип берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.