Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 19-июньдеги ПП-5087-санлы пәрманы тийкарында республикамыздың барлық қала ҳәм районларында Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикалық басқармасының Исбилерменликке көмеклесиў орайлары шөлкемлестирилип, олардың жетеўи «бир айна» имаратларының ишинде, қалғаны оларға жақын орынларда жайласқан.

Басқарма тәрепинен усы жыл үш ай даўамында исбилерменликти ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў мақсетинде республикамыздағы 151 бос турған ямаса толық қуўатлылықта пайдаланылмай атырған имаратлар ҳәм жер майданлары хатлаўдан өткерилген. Олардан пайдаланыў бойынша улыўма баҳасы 20 миллиард 271 миллион сумлық 151 дәслепки бизнес жойбарлар ислеп шығылған. Соннан, 5 миллиард 515 миллион сумы (27%и) исбилерменлердиң өз қаржылары, 14 миллиард  756 миллион сумы (73%и) банк кредитлери есабынан әмелге асырылады.

– Бул жерлердеги исбилерменлерге көрсетилетуғын: бизнес-реже таярлаў, ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў, электрон-санлы қол таңба алыўға көмеклесиў, есап бетин ашыў ушын ҳүжжетлер таярлап бериў сыяқлы хызметлер бийпул түрде әмелге асырылмақта,-дейди Қарақалпақстан саўда-санаат палатасының баслығы Расул Зарикеев. – Ал, шөлкемлестириўшилик ҳүжжетлерин, мөр ҳәм штамп эскизлерин таярлаў, шет ел компаниялары менен келисимге қол қойысыўға көмеклесиў, салық және статистикалық есапларын электрон түринде жибериў бойынша көрсетилетуғын хызметлерге ақша төленеди.

Усы жылдың үш айы даўамында республикамыз бойынша исбилерменликке көмеклесиў орайлары тәрепинен 4454 исбилерменлик субъектине ҳәм исбилерменлик жумысын басламақшы болған 305 пуқараға хызмет көрсетилген.

– Исбилерменлерди оқытыў ҳәм кадрларды таярлаў тараўында да бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта,-дейди Р.Зарикеев. – Басқарма жанынан усы мақсетте «Қарақалпақ бизнес тәлим» оқыў орайы шөлкемлестирилген болып, усы жыл 3 ай ишинде ондағы 5 оқыў курсында 78 исбилермен оқытылды. Ал, Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте шөлкемлестирилген 12 оқыў курсында 230 исбилермен билим алды.

Усы бизнес жойбарлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде 700 ге шамалас жаңа жумыс орынларының шөлкемлестирилиўи күтилмекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.