Республикалық «Еркин Қарақалпақстан» газетасының өз хабаршысы Сағынбай Оразымбетовтың «Жәмийетлик транспорттағы жетискенликлер ҳәм машқалалар» атамасындағы мақаласындағы журналисттиң «Неше жастан баслап жол ҳақы алыныўы керек?» деген сораўына қәниге Бахтыяр Оразбаев төмендегише жуўап қайтарған:

— Халқымыз арасында усы мәселеде түсинбеўшилик көп болып атыр. Көпшилик «Неге шаппаттай баладан жол ҳақы сорайды?», – деп дәпинип келеди. Бизлер түсиндиремиз. Бүгинги күнде 7 жасқа шекемги балалар жолаўшы тасыўшы транспортларға бийпул миниў ҳуқықына ийе. Ал, 7 жастан баслап жол ҳақы төлеў белгиленген. Усыны халқымыз жақсы билип қойса, жаңағыдай аўҳалдың алды алын­ған болар еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги