Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң Көзи әззилер китапханасы Кегейли районлық филиалы жумыс баслады. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий вебсайты мәлим етти.

Райондағы Мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайы имаратында жайласқан бул китапханада жәми 2004 китап болып, олардың 918 и көзи әззилер ушын арналған түрли атамадағы көркемәдебий китаплардан ибарат.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги