Елимизге бәҳәр пасылы кирип келип, ҳаўа райының жылыўына байланыслы ҳәмде тутыныўшыларға жеткерилип берилетуғын тәбийғый газди үнемлеў ҳәм оннан пайдаланыўды тәртиплестириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы аймағында барлық түрдеги тутыныўшылар ушын 2018-жыл 6-апрельден баслап жылытыў мәўсими тамамланады.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен барлық мәкеме-кәрханаларға, мәмлекетлик басқарыў уйымларына 2018-2019 жыллар ушын жылытыў мәўсимине объектлерди таярлаў жумысларын өз ўақтында тәмийинлеў тапсырмасы берилген.

Қарақалпақстан Республикасы

Министрлер Кеңесиниң 

Мәлимлеме хызмети