Республикамызда геўрек плантацияларын шөлкемлестириў ҳәм олардың шийки затын қайта ислеў көлемлерин көбейтиў ҳәм экспорт етиў илажлары ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Қарар тийкарында шөлкемлестирилип атырған Геўрек жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер бирлеспеси геўрек плантациясын шөлкемлестириўшилерге плантация шөлкемлестириў және шийки зат жетистириў бойынша методикалық жәрдем бериў ҳәм усыныслар ислеп шығыў менен шуғылланады.

Қарар тийкарында геўрек плантацияларын шөлкемлестириў параметрлери тастыйықланды.

Атап айтқанда, 2018-2021-жыллары жәми 9500 гектарлық орынға геўрек егилип, оннан 2550 тонна өним алыў режелестирилген.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимлерине еки ай мүддетте геўрек өсетуғын аймақларды анықлаў ҳәм резервтеги жер майданларын турақлы пайдаланыў ушын бирлеспе ағзаларына ажыратып берилиўин тәмийинлеў ўазыйпасы жүклетилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги