Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Баспасөз хызметиниң мағлыўматларына қарағанда, Қанлыкөл районы аймағынан  өтетуғын «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» асфальт жолында жол ҳәрекети ҳәдийсеси жүз берген. Райондағы «Ассалам» кафеси алдынан Қоңырат районы тәрепке бағдарланған пуқара И.Штың басқарыўындағы тиркемели «Volvo» маркалы жүк автомашинасы жолды кесип өтип атырған үш пуқараны қағып алды.

Ақыбетинде, еки пуқара ўақыя жүз берген жерде қайтыс болды. Дене жарақатын алған және бир пуқара емлеўханаға жатқарылды.

Бул жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасы ИИМ жанындағы Тергеў басқармасы тәрепинен жынаят иси қозғатылып, ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Сондай-ақ, усы жыл 1-март күни түнги саат 03:30 лер шамасында Үргенш қаласы пуқарасы өзине тийисли «Лада Ларгус» маркалы транспорт қуралын Қоңырат районы аймағынан өтетуғын «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» асфальт жолында басқарып баратырып, усы жол шетинде тоқтап турған «КАМАЗ» маркалы автомашинасы тиркемесиниң артқы тәрепине урған.  Жүз берген жол ҳәрекети ҳәдийсеси ақыбетинде «Лада Ларгус» маркалы автомошинасындағы   үш пуқара ўақыя болған  жерде қайтыс болған.

Бул жағдай бойынша да Қарақалпақстан Республикасы ИИМ жанындағы Тергеў басқармасы тәрепинен жынаят иси қозғатылып, ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Бундай жағдайлар жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылыўы менен тиккелей байланыслы болып, адамлардың өмирден биймезгил көз жумыўына себеп болмақта. Бәрқулла ҳәрекет қағыйдаларына бойсынып, сақ жүриў ҳәр қандай кеўилсиз жағдайлардың алдын алыўы сөзсиз.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги