Тахтакөпир ҳәм Қанлыкөл районларында шарўашылық тармақларын раўажландырыў, сондай-ақ, Тахтакөпир районында шарўашылық азықлық базасын беккемлеў мақсетинде 2018-жылы 800 гектарлық пахта майданлары қысқартылып, орнына аўыл хожалығы ҳайўанлары ушын азықлық егинлери егиледи. Алдағы жылларда басқышпа-басқыш пахта майданлары қысқартып барылады.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасының Тахтакөпир, Қоңырат ҳәм Қанлыкөл районларында шарўашылық тармақларын және де раўажландырыў, шарўашылық өнимлерин жетистириўди кескин арттырыў илажлары ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарарда атап өтилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги