6-март күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде депутатлар нызамның үстинлигин тәмийинлеўге ҳәм суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаўға, судлардың жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиўге бағдарланған бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты. Сондай-ақ, депутатлар туризм индустриясын жедел раўажландырыў, туристлик хызметлерди диверсификациялаў ҳәм сапасын жақсылаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Нызам жойбарларын қабыллаў, парламент ўәкиллериниң пикирине көре, Ҳәрекетлер стратегиясын нәтийжели әмелге асырыўға хызмет етеди.

Депутатлар өзлериниң жумысын Министрлер Кабинети тәрепинен киргизилген «Өзбекстан Республикасы турақ-жай коммуналлық хызмет көрсетиў тараўы хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызам жойбарын биринши оқыўда көрип шығыўдан баслады.

Атап өтилгениндей, турақ-жай коммуналлық хызмет көрсетиў тараўында кең көлемли реформалар әмелге асырылыўы нәтийжесинде турақ-жай коммуналлық хызметлерин көрсетиў, көп квартиралы турақ-жай қорынан пайдаланыў, сондай-ақ, жеке турақ-жай мүлк ийелери ширкетлериниң қаржы-экономикалық турақлылығын арттырыў бойынша нәтийжели ҳәм сапалы жаңа система қәлиплестирилди.

Ҳәзирги ўақытта республикада турақ-жай коммуналлық хызмет көрсетиў тараўында 157 мыңнан аслам жумысшы ҳәм хызметкер жумыс ислемекте. Жоқарыда атап өтилген пикирлерден келип шыққан ҳалда, коммуналлық хызмет көрсетиў тараўының жумыс нәтийжелилигин буннан былай да артыррыў, садықлық пенен орынланған мийнетти хошаметлеў мақсетинде нызам жойбарында Турақ-жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги шөлкемлестирген күн-18-апрельди Турақ-жай коммуналлық хызмет көрсетиў тараўы хызметкерлери күни етип белгилеў усыныс етилмекте.

Буннан кейин депутатлар «Улыўмажәҳән почта аўқамының Уставына Тоғызыншы қосымша баянламаны (Стамбул, 2016-жыл 6-октябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам жойбарын биринши оқыўда көрип шықты.

Өзбекстан 1994-жылдан берли Улыўмажәҳән почта аўқамының ағзасы болып есапланады, оның жумысына белсене қатнасады ҳәм халықаралық қатнасықларды раўажландырыўға салмақлы үлес қоспақта. Улыўмажәҳән почта аўқамының Уставы Улыўмахәҳән почта байланысының тийкарғы ҳүжжети болып есапланады. Конгресс тәрепинен усы Уставқа өзгерис қабыл етилгенде Қосымша баянлама дүзиледи. Улыўмажәҳән почта аўқамының XXVI конгрессинде қабыл етилген Улыўмажәҳән почта аўқамының Уставына тийисли қосымша баянламадан келип шығатуғын Өзбекстан Республикасының ҳуқықларын ҳәм миннетлемелерин әмелге асырыў мақсетинде усы қосымша баянламаны имплементациялаў  бойынша мәмлекет ишинде тәртип-қағыйдаларды өткериў зәрүр.

Нызам жойбарының қабыл етилиўи елимизге Улыўмажәҳән почта аўқамының Уставынан келип шығатуғын ҳуқықлар менен миннетлемелерди әмелге асырыў, халықаралық шөлкемлерде өз мәплерин қорғаў имканиятын береди. Буннан тысқары, Улыўмажәҳән почта аўқамына ағза еллер менен бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға, сондай-ақ, жаңа технологияларды ҳәм үлгилерди қолланған ҳалда сапалы, нәтийжели ҳәм қәўипсиз почта байланысы хызметлерин турақлы раўажландырыўды даўам етиўге хызмет етеди.

Сондай-ақ, «Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша Ислам шөлкеми Уставын (Баку, 2015-жыл 26-ноябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам жойбары да биринши оқыўда көрип шығылды.

Бул ҳүжжеттиң қабыл етилиўи, нызам шығарыўшылардың пикирине бола, усы тараўларда халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға, Өзбекстанның мәдений-гуманитарлық тараўдағы жетискенликлерин кеңнен үгит-нәсиятлаўға, елимиздиң Ислам дүньясындағы уллы ролин сәўлелендириўге, республикамыздың әййемги тарийхы ҳәм мәдений мийрас менен таныстырыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, Уставтың күшке кириўи менен Ташкент Ислам университети жанындағы ISESCO Арнаўлы кафедрасының толық жумысы жолға қойылады.

Соң депутатлар Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 356- статьясына киргизилип атырған дүзетиўди додалаўға киристи. Халық депутатларының атап өтиўинше, киргизилип атырған қосымша электрон бизнес инфраструктурасын енгизиўди ҳәм туристлик хызметлерди онлайн-бронтластырыў ҳәм туристлик өнимлерди интернет арқалы сатыў бойынша хызмет көрсететуғын туристлик хызмет субъектлериниң санын көбейтиўди хошаметлеўге хызмет етеди.

Нызам жойбарын екинши оқыўда нормасына жеткериў шеңберинде релакциялық дүзетиўлер киргизилди. Россия, Беларусь ҳәм Грузия сыяқлы шет ел тәжирийбеси қайта үйренилди. Сондай-ақ, парламент фракцияларының усыныслары есапқа алынды.

Олардың пикиринше, усы нызамның қабыл етилиўи бул тараўда көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын ҳәм тезлигин арттырыўға, соның ишинде, мәлимлеме коммуникация технологияларын белсене енгизиў жолы арқалы арттырыўға, туристлик хызметлердиң баҳасын азайтыўға, бәсекиликти раўажландырыўға хызмет етеди.

Буннан соң депутатлар «Өзбекстан Республикасының Жынаят-процессуал кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда көрип шығыўға киристи. Бул ҳүжжет жынаят суды ислерин жүргизиўди қатаң түрде өзгертеди, суд процесине видеоконференсбайланыс системасын енгизиў арқалы әдил судлаўдан пайдаланыўды кеңейтеди.

Нызамшылық ҳәм суд-ҳуқық мәселелери комитети жанында Бас прокуратура, Жоқары суд ўәкиллеринен, экспертлер ҳәм қәнигелеринен ибарат қурамда дүзилген жумысшы топар тәрепинен елимиздиң әмелдеги нызам ҳүжжетлери ҳәм шет ел тәжирийбеси қайта үйренилди. Өзбекстан Республикасының жақында қабыл етилген Пуқаралық процессуал ҳәм Экономикалық процессуал кодекслери қағыйдалары есапқа алынды.

Халықаралық әмелият соны көрсетеди, видеконференсбайланыстан жынаят суды ислерин жүргизиўде буннан былай да исенимли гүўалық көрсетпелерин алыў ҳәм  еркинен айырыў орынларында болған шахстың процессте қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде пайдаланылады. Киргизилип атырған дүзетиўлер суд қорғаўына болған ҳуқықты әмелге асырыў ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў имканиятын береди.

Депутатлар сиясий партиялар фракцияларының пикирлерин инабатқа алған ҳалда бул нызам жойбарын қабыл етти. Мәжилисте парламенттиң Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер  додаланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының

Мәлимлеме хызмети