2017-2021-жылларда республикамыздың Шымбай, Кегейли, Қараөзек, Нөкис, Хожели, Шоманай, Қанлыкөл, Қоңырат, Әмиўдәрья, Төрткүл, Елликқала районларындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплерине 11 жабық суў бассейнлери жаңадан қурып бериледи.

Жәми 35,2 миллиард сум қаржы жумсалыўы нәзерде тутылған бул объектлерден төртеўи быйыл пайдаланыўға тапсырылады:

  1. Әмиўдәрья районында 25×11 өлшемдеги жабық жүзиў бассейни
  2. Шымбай районында 25×11 өлшемдеги жабық жүзиў бассейни
  3. Қараөзек районында 25×11 өлшемдеги жабық жүзиў бассейни жаңадан қурылады.

4.Елликқала районындағы жабық суў бассейнинде ири оңлаў (реконструкция) жумыслары алып барылады.

Ҳәзирги ўақытта бул объектлердиң смета жойбарлары таяр.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы