14-февраль күни Нөкис олимпиада резервлери колледжиниң футбол стадионында  2004-2005-жыллары туўылған балалар ҳәм жас өспиримлер арасында «Футбол Федерациясы кубоги» ушын футбол жарысы басланды.

Оған республикамыздан 8 команда, яғный Қараөзек, Тақтакөпир, Тақыятас, Хожели, Қанлыкөл районларының, Нөкис олимпиада резервлери колледжи, пайтахтымыздағы 36-санлы улыўма орта билим бериў мектеби ҳәм 1-санлы жас өспиримлер спорт мектеби спортшылары  қатнасты.

Жарыстың кейинги ойынларын 24-февраль күни 2003-жылы туўылғанлар арасында усы колледждиң футбол стадионында өткериў режелестирилген.

Cол күни 2002-жыллары туўылғанлар арасында пайтахтымыздағы «Туран» стадионында, 26-февраль күни болса 2001-жылы туўылғанлар арасында  усы стадионында жарыслар өткериў режелестирилмекте.

Футбол жарысы Халықаралық футбол федерациясы (ФИФА) қағыйдаларына муўапық өткериледи.

Жарыс қатнасыўшылары 18 ойыншы, 1 тренер ҳәм  1 төрешиден  ибарат болады. Жарыс қатнасыўшылары командалардың санына қарай ШЕК таслаў жолы менен анықланады.

Ярым финалда жеңимпаз болған командалар өз-ара финал басқышында ойынға түседи.

Ярым финалда жеңилген команда 3-орын ушын ойнайды.

Жеңимпаз деп табылған командалар Футбол Федерациясы кубоги ҳәм 1-2-3-дәрежели диплом менен сыйлықланады.

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы