Министрлер Кабинетинде Наўрыз байрамын өткериўге байланыслы мәселелерди додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өткен. Бул ҳаққында Өзбекстан ҳүкимети порталы хабар берди, деп жазады xabar.uz сайты.

Хабарға бола, тийкарғы байрам илажлары ҳәм халық сейиллери өткерилетуғын орынларда жаңа түрдеги COVID-19 коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў мақсетинде тийисли профилактикалық илажлар көриледи, медициналық қадағалаў күшейтиледи. Соның менен бирге, бул жуқпалы инфекция есапқа алынып, қәўипсизлик көзқарасынан бир қатар жергиликли ҳәм халықаралық дәрежедеги, сырт елли мийманлардың қатнасыўындағы илажлар бийкар етилмекте.

Атап айтқанда, байрам алдынан Ташкент  қаласында өтетуғын Наўрыз марафоны, Хийўа қаласында 31-март 1-апрель күнлери шөлкемлестирилетуғын «2020-жылы Хийўа қаласында түркий дүнья мәденияты пайтахты» жылының рәсмий ашылыў мәресими ҳәм «Бухара қаласы – Ислам дүньясы мәденияты пайтахты», деп жәрияланыўы мүнәсибети менен 14-16-апрель күнлери өткерилетуғын илажлар бийкар етилди.

Сондай-ақ, орынларда көшпели саўда дүканлары, өнерментшилик көргизбелери, китап саўда орынлары, бәҳәрги тағам сатылатуғын ашық асханалар шөлкемлестириледи, миллий шертеклер, сыпалар ҳәм хантахталар жайластырылады.

Бағларда, ашық майданларда дәрўазлар, палўанлар, масқарапазлар, қуўыршақлардың тамашалары, қуслар көргизбеси, пәтпелек ушырыў, арқан тартыў, аткөншекте ушыў сыяқлы халық ойынлары жарыслары шөлкемлестириледи.

Сейил даўамында мәмлекетимизде жасайтуғын түрли миллет ўәкиллериниң көркем шығыўлары, фольклор-этнографиялық топарлардың концертлери де өткериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги