USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Екшемби, 22 Декабрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

МАШҚАЛАЛАР ОРЫНЛАРДА ҮЙРЕНИЛИП, ШЕШИМИ ҚАДАҒАЛАЎҒА АЛЫНДЫ

Быйылғы жылдың «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» деп жәрияланыўы ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 28-декабрьдеги «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында республикамыз пайтахтында, қала ҳәм район орайларында  жумыс алып барып атырған Халық қабыллаўханалары заманагөй имаратлар, зәрүр инвентарлар, байланыс қураллары менен тәмийинленип, бул жерге келген пуқаралар ушын барлық шараят жаратылған. Соның менен бирге халқымыздың дәрт ҳәм тәшиўишлерин орынларда үйрениў, олардың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларын шешиў мақсетинде көшпели қабыллаўханалар шөлкемлестирилмекте.

Бурын хабар етилгениндей, Әмиўдәрья ҳәм Тахтакөпир районларынан соң усындай көшпели қабыллаўхана 6-июнь күни республикамыздың ең арқа аймағында жайласқан Мойнақ районында болды. Оған министрликлер менен ведостволардың, кәрхана, шөлкем, мәкемелердиң басшылары, ҳуқық қорғаў уйымларының, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Өзбекистан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Ҳ.Халимов шығып сөйлеп,  елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға, пуқаралардың аўырын жеңиллетиў, олардың бүгинги турмыстан разы болып жасаўын тәмийинлеў, келешекке болған исенимин арттырыўда шөлкемлестирилип атырған бундай көшпели қабыллаўханалардың әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтың тиккелей басшылығында республиканы, соның ишинде Мойнақ районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў,  халықтың турмыс шараятларын жақсылаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Журтбасшымыздың 2017-жыл 28-февраль күни «2017-2018-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде 72 жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған болса, соннан бүгинги күнге 21 жойбар иске түсирилди. Нәтийжеде 200 ден аслам жаңа жумыс орны жаратылды. Улыўма узынлығы 101 километр болған Қоңырат-Мойнақ суў тармағынын қурылысы тезлетилген пәтте алып барылмақта.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң райондағы Халық қабыллаўханасына быйылғы жылдың өткен айлары даўамында физикалық ҳәм юридикалық шахслардан жәми 324 мүрәжат келип түскен. Олар таллап көрилгенде тийкарынан жумыс пенен тәмийинлеў, коммуналлық хызмет, денсаўлықты сақлаў, пенсия ҳәм напақа тәмийнаты, кредит алыў, материаллық жәрдем ҳәм басқа да мәселелер болып табылады. Келип түскен мүрәжатлардан 118 и қанаатландырылған, 181 мүрәжат бойынша түсиник берилди, 25 и көрип шығылмақта. Көшпели қабыллаўхана барысында мәлим болғанындай, район турғынларын қыйнап жүрген машқалалар еле де болса баршылық.

Усындай илаж Қанлыкөл районындағы «Бескөпир» аўыл пуқаралар жыйынларында да болып өтти. Бул жерде шөлкемлестирилген көшпели қабуллаўханада сондай-ақ, Қоңырат ҳәм Шоманай районларының пуқаралары қабыл етилди. Тараў қәнигелери усы жердиң өзинде пуқаралардың мүрәжатларын үйренип шықты. Яғный, халқымызға өз пикирлерин, машқалаларын ашық-айдын билдириў имканияты жаратылды.

Соны айрықша атап өтиўимиз керек, майыплардың турмыс шараятын жақсылаў, оларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша басланған тәжирийбе өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Мәселен, үйде жумыссыз отырған майып ҳаял-қызлар қәўендерлер тәрепинен тигиў машиналары менен тәмийинленип, орынлардағы пахта тазалаў заводлары менен шәртнама тийкарында жумыс алып барады. Оларға мийнет дәптершелери ашылып, салықтан жеңиллик бериледи. Нәтийжеде, алынған дәрамат есабынан үлги жойбар тийкарында қурылып атырған арзанластырылған турақ жайдың басланғыш төлемин төлеў имканияты жаратылып, келешекте имаратлы болады. Илаж шеңберинде екинши топар майыплары, Шоманай районынан Серегүл Жаббарбергенова, Қанлыкөл районынан Арухан Жийенбаева, Мойнақ районынан  Дилбар Бекмуратова тигиў машиналары менен тәмийинленетуғын болды ҳәм «Хожели пахта заводы» акционерлик жәмийети менен жумысты үйге алып ислеў усылында шәртнама дүзилип, бәнтлиги тәмийинленеди.

-Аўыллық жерлерде үлги жойбар тийкарында қурылып атырған турақ жай алыў ушын өткен жылы шәртнама дүзип, басланғыш төлемин ҳәм ҳәр айдағы процентин төлеп киятырман,-дейди Қанлыкөл районынан Маржан Айтмуратова.- Деген менен усы жылдың май айында тапсырылыўы керек болған турақ жайды қурылыс мәкемелери елеге шекем созып киятыр. Тийисли орынларға хабарластым, бирақ нәтийже болмады. Бүгин көшпели қабыллаўханаға келип, бул машқаламды айттым. Мениң мүрәжатым унамлы шешилип, турақ жайымның гилтин 1-июльден кешиктирилмей тапсырылатуғынын айтты. Буннан жүдә қуўанышлыман.

-Неврологиялық кеселликке шалынған өмирлик жолдасым, екинши топар майыбы Өмирбек Хожабековты Ташкент қаласындағы, республикамыздағы емлеў орынларына даўалатсам да еле унамлы нәтийже болмай  атыр,-дейди Қоңырат районынан келген Нуржамал Исаева.- Бүгин қабыллаўда Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң басшылары мениң мүрәжатымды ҳәр тәреплеме үйреним шығып, мәсләҳәтлерин берди. Районлық медицина бирлеспесиниң шыпакерлерине күнделикли бақлаўға алыў тапсырылды, жақын күнлерде Ташкент қаласындағы жетекши неврологиялық орайда шет еллик шыпакерлерге көрсетип, тийисли жәрдем беретуғынлығын билдирди. Буның ушын миннетдаршылық бирдиремен.

Бул жерге қандай да бир машқала, дәрт ҳәм тәшиўиш пенен келген пуқаралардың мәселелери шешимин таўып, жүзлеринде қуўаныш, кеўиллери көтериңки кейпиятта қайтып атырғанлығы, өткерилген илаждың унамлы нәтийже бергенлигинен дәрек береди. Орынларда көшпели қабыллаўханалардың шөлкемлестирилиўи Ҳүрметли Президентимиздиң «Халық мәмлекетлик ведомстволарға емес, мәмлекетлик ведомстволар халқымызға хызмет етиўи керек» деген пикириниң ҳақыйқый турмыслық көриниси болды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.