Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қарары

Ғәрезсизлик жылларында халықаралық ҳуқық принциплерине ҳәм нормаларына муўапық жаратылған нормативлик-ҳуқықый база пуқаралардың мийнет ҳуқықларын қорғаў кепилликлерин беккемлеўге көмеклескенлиги атап өтилсин.

Өзбекистан Халықаралық мийнет шөлкеминиң (ХМШ) ағзасы болғаны ҳалда усы шөлкемниң 14 конвенциясын, соның ишинде, қағыйдалары Өзбекистан Республикасының Конституциясында сәўлеленген ҳәм ҳәр бир шахс мийнет етиў, еркин жумыс таңлаў, әдалатлы мийнет шараятларында ислеў, жумыссызлықтан қорғалыў ҳуқықына ийе екенлиги және мәжбүрий мийнет қадаған етилгенлиги беккемлеп қойылған балалар мийнетине ҳәм мәжбүрий мийнетке жол қоймаў ҳаққындағы 29, 105, 138 ҳәм 182-санлы конвенцияларын ратификациялады.

Миллий нызам ҳүжжетлеримизде балаларды мийнетке тартыў ҳәм мәжбүрий мийнеттен пайдаланыў, соның ишинде, қандайда бир жазаны  қолланыў менен қәўип туўдырыў арқалы, атап айтқанда, мийнет тәртибин сақлаў усылы тәризинде жумысты орынлаўға мәжбүрлеў ушын қатаң қадаған етиў нәзерде тутылған. Мийнет етиўге қандайда бир түрде мәжбүрлегени ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик енгизилген.

Өзбекистан Республикасы өзи қабыл еткен халықаралық миннетлемелерге сөзсиз әмел еткен ҳалда ҳәм балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнет сыяқлы жағдайларға жол қоймаўда исенимли қәдем таслағанын тастыйықлап, бул салада әмелий халықаралық бирге ислесиўге ашық-айдынлығын билдирди.

Өзбекистан Республикасы Ҳүкимети менен ХМШ арасында избе-из сөйлесиўлер алып барылып атырғанлығы тийисли шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажларды жетилистириўге  жәрдем бермекте. ХМШ менен биргеликте 2017-2020-жылларда Өзбекистанда мүнәсип мийнет бойынша Мәмлекетлик бағдарлама үйлесикли жүзеге шығарылмақта. Халықаралық мийнет стандартларын миллий нызам ҳүжжетлеримизге ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятына имплементациялаў басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.

Балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнет мәселелери бойынша муўапықластырыўшы кеңес дүзилген болып, ол нәтийжели жумыс ислемекте. ХМШ менен бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм халықаралық мийнет стандартлары принциплери енгизилиўин тәмийинлеў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылды, бир қатар ушырасыўлар, конференциялар, семинарлар және дөгерек сәўбетлери өткерилди.

Системалы илажлардың әмелге асырылыўы халықаралық мийнет стандартлары менен нормаларына әмел етиў саласында белгили бир унамлы нәтийжелерге ерисиў имканиятын берди. Соның ишинде, балалар мийнети толық сапластырылды, мәжбүрий мийнетти қадаған етиўши ҳәм оған жол қоймайтуғын шараятлар және тәсиршең механизмлер  енгизилмекте. Бул салада алып барылған жумыслар нәтийжесинде ХМШ конвенцияларына әмел етиў бағдарында үлкен кемшиликлери болған мәмлекетлер дизимине Өзбекистан 2014-жылдан бери киргизилмей атыр.

Соның менен бирге, әмелге асырылып атырған илажларға қарамастан, олардың бирден-бир ҳәм системалы болыўын тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар жетерли емес, пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша елимизде алып барылып атырған кең көлемли жумыслар ҳаққындағы мәлимлемени дүнья жәмийетшилиги ҳәм халықаралық шөлкемлердиң итибарына жеткериў бойынша мәмлекетлик шөлкемлердиң ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысы қанаатландырарсызлығынша қалмақта. Бул болса айырым жағдайларда усы саладағы жумыслардың жағдайы ҳаққында қалыс емес түсиник қәлиплесиўине алып келмекте.

Буннан тысқары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен                                                                          мәўсимлик аўыл хожалығы және басқа да жәмийетлик жумысларды өткериўге байланыслы мәлимлеме кампаниясы нәтийжели өткерилмегенлиги, жумыслардың төмен дәрежеде шөлкемлестирилгенлиги, шөлкемлер ҳәм мәкемелер, фермер хожалықлары және дийқан хожалықлары басшыларының нызам ҳүжжетлерин билмеслиги мәжбүрий мийнеттиң алдын алыўға ҳәм оған жол қоймаўға айрықша кесент етпекте.

Аўыл хожалығын механизациялаў дәрежесин арттырыў, пахташылықты турақлы раўажландырыўдың жаңа агротехнологияларын ҳәм заманагөй стандартларды қолланыў, аўыл хожалығы секторының нәтийжелилигин және рентабельлигин арттырыўға қаратылған инновацияларды, илим жетискенликлерин ҳәм заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын жедел раўажландырыў ҳәм оларды аўыл ҳәм суў хожалығына енгизиў, мәўсимлик аўыл хожалығы жумысларын шөлкемлестириўдиң ҳәм жумысшыларды материаллық жақтан хошаметлеўдиң нәтийжели системасын жаратыў және енгизиў, бул саладағы кадрлардың маманлығын арттырыў бойынша жумыслар айрықша дыққат-итибарды ҳәм улыўма жаңа көз-қарасты талап етеди.

Бул саладағы жумыслардың жағдайы парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаў дәрежесин арттырыў, усы мүнәсибет пенен парламент структурасын шөлкемлестирип, оның қурамына Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатларын ҳәм Сенаты ағзаларын, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллерин киргизиў және оларға Балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнет мәселелери бойынша муўапықластырыўшы кеңес пенен тығыз биргеликте пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша анық ўазыйпаларды жүклеў зәрүрлигин көрсетпекте.

Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша Өзбекистан Республикасы нызам ҳүжжетлерин ҳәм халықаралық шәртнамаларын толық жүзеге шығарыў, қандайда бир түрде балалар мийнетин ҳәм мәжбүрий мийнетти келтирип шығаратуғын жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларға жол қоймаўға байланыслы илажларды күшейтиў, сондай-ақ, усы саладағы жумыслардың жағдайы ҳәм алып барылып атырған жумыслар ҳаққында кең дүнья жәмийетшилигиниң итибарына исенимли мәлимлеме жеткерип бериў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты

ҚАРАР ЕТЕДИ:

  1. Өзбекистан Республикасының Конституциясында ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлеринде балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнет, қандайда бир жаза қолланыўы арқалы қорқытып, соның ишинде, мийнет тәртибин сақлаў усылы сыпатында жумыс ислеўшиге мәжбүрлеў қадаған етилиўин белгилеўден ибарат пуқаралардың мийнет ҳуқықлары кепилленгенлиги атап өтилсин.
  2. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшылары ҳәм лаўазымлы шахслары балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнеттен пайдаланыўға жол қойғаны ушын жеке жуўапкер екенликлери туўралы қатаң ескертилсин.
  3. Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў, соның ишинде, қандайда бир түрде балалар мийнетин ҳәм мәжбүрий мийнетти келтирип шығарыўы мүмкин болған жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларға жол қоймаў бойынша Өзбекистан Республикасы нызам ҳүжжетлериниң ҳәм халықаралық шәртнамаларының нормалары орынланыўы үстинен парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаў илажларын күшейтиў зәрүр, деп есаплансын.
  4. Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мәселеси бойынша Парламентлик комиссия 1-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.

Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери бойынша Парламентлик комиссия (С.Б.Артиқова), Балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнет мәселелери бойынша муўапықластырыўшы кеңес (Т.К.Нарбаева) пенен биргеликте:

пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеўге, соның ишинде, балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнеттен пайдаланыўдың алдын алыў және оған жол қоймаўға байланыслы Өзбекистан Республикасы нызам ҳүжжетлери, сондай-ақ, 2017-2020-жылларда Өзбекистанда мүнәсип мийнет бойынша Мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың сөзсиз орынланыўын шөлкемлестириў бойынша илажлар комплексин қабыл етсин;

мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, физикалық шахслар тәрепинен пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықлары бузылыўына жол қоймаўы үстинен парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды орнатсын;

Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлерине ҳәм халықаралық шәртнамаларына муўапық пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мақсетинде парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўдың барлық түрлеринен пайдалансын;

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары менен биргеликте пуқаралардың мийнет ҳуқықларына әмел етилиўи ҳәм жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасы өз ўақтында әмелге асырылыўы ушын мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларының жуўапкершилигин арттырыў мәселелери бойынша жумыслар алып барылыўын тәмийинлесин;

пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеўге байланыслы Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлерин ҳәм халықаралық шәртнамаларын орынлаў бойынша мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары және басқа да шөлкемлердиң басшылары тәрепинен көрилип атырған илажлардың нәтийжелилиги мәселеси турақлы түрде көрип шығылыўын тәмийинлесин;

пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеўге байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы саласындағы машқалалар менен кемшиликлер орынларда үйренилиўин шөлкемлестирсин;

әмелдеги нызам ҳүжжетлериниң инвентаризациясын өткерсин, пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў саласындағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў, соның ишинде, халықаралық мийнет стандартларын имплементациялаў ҳәм ратификациялаў арқалы жетилистириў бойынша анық усыныслар ислеп шықсын;

пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын әмелге асырыў бойынша ерисилген унамлы нәтийжелердиң турақлылығын тәмийинлеў бойынша орынларда кең түрдеги түсиник жумысларын алып барсын.

Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери бойынша Парламентлик комиссия (С.Б.Артикова) бир ай мүддетте Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери бойынша Парламентлик комиссия ҳаққындағы режени Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Кеңесине           тастыйықлаў ушын киргизсин.

  1. 5. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслерине пуқаралардың кепилли мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери бойынша аймақлық комиссияларды 2-қосымшаға муўапық қурамда дүзиў усыныс етилсин.

Пуқаралардың кепилли мийнет ҳуқықыларын тәмийинлеў мәселелери бойынша аймақлық комиссиялар:

орынларда пуқаралардың кепилли мийнет ҳуқықларын, соның ишинде, ХМШның ратификация етилген конвенциялары шеңбериндеги мийнет ҳуқықларын тәмийинлеўге байланыслы кең түсиндириў жумысларын алып барсын;

пуқаралардың кепилли мийнет ҳуқықларын тәмийинлеўге, соның ишинде балалар мийнетинен ҳәм мәжбүрий мийнеттен пайдаланыўдың алдын алыў ҳәм оған жол қоймаўға байланыслы нызам ҳүжжетлерин әмелге асырыўға байланыслы орынлардағы машқалаларды ҳәм кемшиликлерди үйренип барсын;

мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, физикалық шахслар тәрепинен пуқаралардың кепилли мийнет ҳуқықларына әмел етилиўин тәмийинлеў мақсетинде депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаўдың барлық түрлеринен пайдалансын.

мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, физикалық шахслар тәрепинен пуқаралардың кепилли мийнет ҳуқықлары бузылып атырғаны ҳаққындағы мағлыўматты жол қойылған                қағыйдабузарлықлар ушын белгиленген тәртипте тәсир етиў илажларын қолланыў ушын бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықларының аймақлық уйымларына ҳәм прокуратура уйымларына киргизип барсын;

алып барылып атырған жумыслар нәтийжелери бойынша мәлимлемени, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлерин жетилистириўге байланыслы усынысларды Пуқаралардың кепилли мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери бойынша Парламентлик комиссияға турақлы түрде усынып барсын;

  1. Пуқаралардың кепилли мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери бойынша Парламентлик комиссия (С.Б.Артикова) пуқаралардың кепилли мийнет ҳуқықларын тәмийинлеўге байланыслы Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлерин ҳәм халықаралық шәртнамаларды орынлаў бойынша мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары және басқа да шөлкемниң басшылары тәрепинен көрилип атырған илажлардың нәтийжелилигин қарап шығыў нәтийжелери ҳаққындағы мәлимлемени турақлы түрде (бир жылда кеминде бир мәрте) Өзбекистан Республикасы Олий Мажлис Сенатының жалпы мәжлисиниң додалаўына киргизип барсын.

Пуқаралардың кепилли мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери бойынша аймақлық комиссиялар пуқаралардың кепилли мийнет ҳуқықларын тәмийинлеўге байланыслы Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлери ҳәм халықаралық шәртнамалары мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ физикалық шахслар тәрепинен орынлаўға байланыслы мәлимлемени турақлы түрде (бир жылда кеминде бир мәрте) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслериниң додалаўына киргизип барсын.

  1. Пуқаралардың кепилли мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери бойынша Парламентлик комиссия (С.Б.Артикова) алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелери бойынша нызам ҳүжжетлерин ҳәм халықаралық мийнет стандартларына муўапық пуқаралардың кепилли мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша Өзбекистан Республикасы тәрепинен көрилип атырған илажлар ҳаққында ҳәр жылы мәлимлеме таярласын.

Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлигине (А.Х.Комилов) нызам ҳүжжетлерин ҳәм халықаралық  мийнет стандарларына муўапық пуқаралардың кепилли мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша Өзбекистан Республикасы тәрепинен көрилип атырған илажлар ҳаққындағы материалларды БМШ Бас Асссамлеясының рәсмий ҳүжжети сыпатында тарқатып барыў усыныс етилсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги (А.Х.Комилов) Өзбекистан Республикасы Олий Мажлис Сенатының Халықаралық қатнасықлар, Сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети (А.А.Курманов) және Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Халықаралық ислер ҳәм парламентлераралық байланыслар комитети (А.Ж.Жалилов, келисимине бола) менен биргеликте пуқаралардың кепилли мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында елимизде алып барылып атырған кең көлемли жумыслар ҳаққындағы мәлимлемени шет елдеги консуллық мәселелер арқалы дүнья жәмийетшилигине ҳәм халықаралық шөлкемлердиң итибарына жеткериў бойынша тәсиршең илажларды көрсин.
  2. Өзбекистан Республикасы нызам ҳүжжетлерине ҳәм халықаралық мийнет стандартларына муўапық пуқаралардың кепилли мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша Илажлар комплекси 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. 1 Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети (А.Н.Арипов):

аўыл хожалығы нәтийжелилигин ҳәм рентабеллигин, оны механизациялаў дәрежесин арттырыў мақсетинде, соның ишинде, пахта зүрәәтин машинада териў көлемин көбейтиўде, сондай-ақ, мәўсимлик аўыл хожалығы жумысларын өткериўде базар механизмлерин, инновацияларды, илимниң жетискенликлерин ҳәм заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў;

әмелдеги агротехникалардың қолланылыўын жақсылаў және заманагөй агротехнологияларды енгизиў, механизацияланған теримге таярлығын тәмийинлейтуғын және механизацияласқанлықтан максимал нәтийже беретуғын ғаўаша сортларының селекциясын раўажландырыў;

азық-аўқат өнимлериниң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў мақсетинде аграр секторда әмелдеги қуўатлылықларды модернизациялаўf

тиккелей инвестицияларды, шет ел кредит линияларын және техникалық көмек қаржыларын тартыў мақсетинде аграр сектор ҳәм оның өниминиң өзгертилиўине ҳәм диверсификацияланыўын есапқа ала отырып республиканың аўыл хожалығын раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў;

тартылатуғын мәўсимлик жумысларды экономикалық жақтан хошаметлеўдиң түрли усылларын ислеп шығыў, тараўдағы мийнет қатнасықларын жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў бойынша комплексли илажлар көрсин.

  1. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларына:

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, кәрханалар, шөлкемлер мәкемелер және фермер хожалықлары пуқаралардың кепилли мийнет ҳуқықларын тәмийинлеўге байланыслы халықаралық ҳуқық нормаларына және миллий нызам ҳүжжетлерине әмел етип атырғаны үстинен жәмийетлик қадағалаўды енгизиўге байланыслы илажларды күшейтиў;

мийнет ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўына байланыслы болған шахсларға жәмийетшиликтиң тәсир етиўши илажларын қолланған және оларды жуўапкершиликке тартыў ҳаққында ўәкилликли уйымларға усыныслар киргизген ҳалда халықтың арасында кең мәлимлеме – түсиндириў жумысларын алып барыў ҳәм халық пенен өзара байланыс механизмлерин енгизиў усыныс етилсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорының қаржыларын басқарыў бойынша Парламентлик комиссияға (А.Х.Саидов) социаллық шериклик шеңберинде мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў бойынша мақсетли бағдарламаларды әмелге асырыў ушын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге субсидиялар, грантлар ҳәм социаллық буйыртпалар ажыратыў ҳаққындағы мәселени көрип шығыў усыныс етилсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы (И.Б.Абдуллаев) пуқаралардың кепилли мийнет ҳуқықларын тәмийинлеўге, соның ишинде балалар мийнетинен ҳәм мәжбүрий мийнеттен пайдаланыўдың алдын алыўға ҳәм оған жол қоймаўға байланыслы Өзбекистан Республикасы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы үстинен қатаң қадағалаў алып барылыўын тәмийинлесин, бунда мәўсимлик аўыл хожалығы жумысларын ҳәм басқа да жәмийетлик жумысларды өткериўде әмелдеги нызам ҳүжжетлери нормаларына әмел етиўге айрықша итибар қаратсын.
  3. Усы Қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Н.Т.Йўлдошевқа жүкленсин.
  4. Усы Қарар қабыл етилген күннен баслап күшке киреди.

Өзбекистан Республикасы Олий

 Мажлиси Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев

2017-жыл 4-октябрь