Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Коронавирус инфекциясының қысқа мүддет ишинде глобал көлемде тарқалыўы дерлик барлық мәмлекетлердеги социаллық-экономикалық жағдайдың төменлесиўине алып келмекте.

Жәҳән банки, Халықаралық валюта фонды ҳәм басқа да халықаралық институтлар 2020-жылда дүнья экономикасының төменлеўин прогноз етпекте, карантин мүддетлериниң созылыўы себепли бул прогнозлар глобал өндирис көлемлериниң және де төменлеўи жағына өзгермекте.

Карантин дәўири Өзбекстанда тийкарынан быйылғы жылдың II  шерегине туўра келиўи ҳәм усы дәўирде экономикалық жеделликтиң сезилерли төменлеўи Мәмлекетлик бюджеттиң турақылылығына қәўип туўдырмақта. Соның ушын кеселлик тарқалыўын максимал дәрежеде локализациялаў ҳәм карантин мүддетлери созылып кетиўиниң илажы барынша алдын алыў айрықша социаллық-экономикалық әҳмийетке ийе болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң турақлылығын тәмийинлеў, коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў бойынша әҳмийетли илажларды, мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер, пенсия ҳәм напақалар және тийкарғы мәмлекетлик бағдарламаларды өз ўақтында ҳәм толық қаржыландырыў мақсетинде:

1.2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң тастыйықланған жетиспеўшилиги мәўсимлик факторларды инабатқа алған ҳалда тийкарынан быйылғы жылдың 88 шерегине туўра келиўи ҳәм коронавирус пандемиясы ақыбетинде қосымша бюджет қаржыларының жүзеге келиўи себепли жетиспеўшиликтиң усы шеректе және де артыўы күтилип атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

2. Төмендегилер коронавирус пандемиясы ҳәм глобал кризис дәўиринде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң турақлылығын тәмийинлеў ҳәм бюджеттиң қәрежетлерин оптималластырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажларды әмелге асырыў;

әҳмийетли социаллық қәрежетлердиң толық әмелге асырылыўын тәмийинлеў;

дүньядағы ҳәм республикадағы социаллық-экономикалық жеделлик жағдайын таллаў ҳәм әҳмийетлилик дәрежесинен келип шыққан ҳалда әҳмийетли есапланбаған жойбарлар менен қәрежетлерди кейинги дәўирлерге көшириў;

мәмлекетлик бағдарламаларды орынлаўға бағдарланған бюджет қәрежетлерин қысқартыўда жойбарлардың әҳмийетин ҳәм социаллық бағдарланғанын инабатқа алыў;

мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы миннетлемелериниң, соның ишинде, пуқаралық-ҳуқықый шәртнамалар тийкарында жеткерип берилген товарлар, орынланған жумыслар ҳәм көрсетилген хызметлер ушын төлемлерди әмелге асырыў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарлары бойынша миннетлемелердиң толық орынланыўын тәмийинлеў;

бюджет қаржыларын бөлистириўшилердиң қәрежетлерин еркин азайтыў бойынша жуўапкершилигин арттырыў.

3. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тийисли дәрежедеги бюджет төлемлерин, сондай-ақ, республика бюджетинен ажыратылып атырған трансфертлерди, акциз салығы бойынша өткермелерди, бюджет ссудаларын және басқа да қаржыларды биринши гезекте төмендегилерди қаржыландырыўға қаратсын:

коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша илажларға, соның ишинде, дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымларды сатып алыў, медицина мәкемелерин қурыў, реконструкциялаў, оңлаў ҳәм оларды үскенелеўге;

мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендия ҳәм напақаларды өз ўақтында төлеўге;

азық-аўқат өнимлерин сатып алыў, коммуналлық төлемлер ҳәм басқа да кешиктирип болмайтуғын қәрежетлерди қаплаўға;

Кризиске қарсы гүресиў республикалық коммисияның қарарына тийкарланып басқа да илажлар ҳәм қәрежетлерге.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги кешиктирип болмайтуғын қәрежетлерди өз ўақтында ҳәм толық қаржыландырыў ушын Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлерине бюджет ссудаларын турақлы түрде ажыратып барсын.

4. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

үш күн мүддетте коронавирусқа қарсы гүресиў илажларында қатнасып атырған медицина, санитария ҳәм эпидемиология хызмети мәкемелериниң хызметкерлери, соның ишинде,  жәрдемши хызметкерлер және усы илажларға тартылып атырған басқа да шөлкемниң хызметкерлерине 2020-жылдың 16-мартынан баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен қосымша үстемелер төлеў бойынша усыныс киргизсин;

бес күн мүддетте медицина, санитария ҳәм эпидемиология хызметиниң мәкемелери ушын қосымша түрде имаратлар қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў және үскенелеў бойынша илажларды ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

5. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте үш күн мүддетте барлық дәрежедеги бюджетлердиң турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде:

Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети, Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қәрежетлерин оптималластырыў;

2020-жылдың II шереги ушын режелестирилген айырым  қәрежетлерди 2020-жылдың екинши ярым жыллығына өткериў арқалы карантин дәўиринде барлық дәрежедеги бюджетлердиң турақлылығын тәмийинлеў бойынша қарар қабыл етсин.

6. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары, суд ҳәм прокуратура уйымлары, министрликлер ҳәм уйымлардың салықлар, мәжбүрий жыйымлар, бажылар, жәриймалар есабынан топланатуғын бюджеттен тысқары қорының қәрежетлерин (хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм нызамшылықта белгиленген материаллық хошаметлеў қәрежетлери буған кирмейди) қысқартыў ҳәм үнемленген қаржыларды Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетине бағдарлаў ўәкиллиги берилсин.

Министрлик, уйымлар ҳәм олардың аймақлық бөлимлери усы жылдың 1-агустына шекем бюджеттен тысқары қорлар есабынан тийкарғы қуралларды сатып алыў, қурылыс, реконструкция ҳәм капитал оңлаў менен байланыслы қәрежетлерди тоқтатсын, қаржыландырыў басланған илажлар буған кирмейди.

7. Өзбекстан Рсепубликасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги және Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте:

мәмлекетлеик кәрханалар ҳәм устав капиталында 50 процент ҳәм оннан көбирек мәмлекетлик үлеси бар болған юридикалық тәреплердиң қәрежетлерин оптималластырыў бойынша олардың бизнес-режелерин сын көзқараста қайта көрип шықсын;

тастыйықланған инвестициялық бағдарламалар параметрлериниң бақлаў кеңеслери тәрепинен қайта көрип шығылыўын ҳәм өзгертирилиўин тәмийинлесин және олардың орынланыўы ҳаққындағы есабатларды ҳәр шеректе көрип барсын;

устав капиталында 50 процент ҳәм оннан көбирек мәмлекетлик үлеси бар болған кәрханалар ҳәм шөлкемлерде 2019-жыл ушын алынған ҳәм 2020-жылы  алынатуғын сап пайда бойынша мәмлекетлик үлесине есапланған девидендлерди толық Мәмлекетлик бюджетке өткериў бойынша тийисли илажларды көрсин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў дәўиринде пайдалы қазылмаларды қазып алыў тараўында жумыс ислеўши устав капиталында 50 процент ҳәм оннан көбирек мәмлекетлик үлеси бар болған қәрханалар ҳәм шөлкемлер ушын товарлар (жумыслар, хызметлер) реализациясынан түскен түсим ямаса пайданы бөлистириўдиң айрықша режимин белгилеў ҳуықықы берилсин.

8. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәм Министрлер Кабинети усы жыл 1-июньге шекем Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары, суд ҳәм прокуратура уйымлары, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, барлық министрликлер ҳәм уйымлар және олардың аймақлық уйымлары, олардың қурамына киретуғын шөлкемлер ҳәм қорлар ушын бирден-бир мийнетке ҳақы төлеў системасын енгизиў бойынша Өзбекстан Рсепубликасы Президенти қарарының жойбарын киргизсин.

9. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети он бес күн мүддетте:

Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры есабынан әмелге асырылатуғын ҳәм қурылыс-монтажлаў жумыслары басланбаған инвестициялық жойбарларды сын көзқараста көрип шығып, айырым жойбарларды кешиктириў бойынша қарар қабыл етсин;

коронавирус пандемиясы ҳәм глобал кризис дәўиринде Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджетиниң турақлылығын тәмийинлеў ҳәм қәрежетлерди оптималластырыўдың тйикарғы бағдарларын инабатқа алған ҳалда «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў юойынша нызам жойбарын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизсин.

10. Өзбекстан Республикасы Есап палатасы усы қарарда нәзерде тутылған илажлардың орынланыўы үстинен қадағалаў орнатсын.

11. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 15-апрель