Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 23-майдағы «Бюджет қаржыларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў механизмлерин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5446-санлы Пәрманына муўапық, сондай-ақ, республиканың қаржы системасын буннан былай да беккемлеў ҳәм жетилистириў, жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмди қаржыландырыўға ҳәм ғалаба қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў миллий системасының улыўма қабыл етилген халықаралық нормаларға ҳәм стандартларға муўапықлығын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Жынайый жумыстан алынған дәрамтларды легалластырыўға ҳәм терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў Евроазия топарына ағза мәмлекетлердиң өз-ара баҳалаўдың екинши басқышын өткериў режесине муўапық 2019-2020-жылларда Өзбекстан Республикасының жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмди қаржыландырыўға ҳәм ғалаба қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў миллий системасын өз-ара баҳалаў режелестирилгени;

өз-ара баҳалаўдың екинши басқышы табыслы өтиўи ҳәм Жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў бойынша финанслық илажлар ислеп шығатуғын топардың (кейинги орынларда ФАТФ деп жүргизиледи) усынысларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмди қаржыландырыўға ҳәм ғалаба қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиўге қатнасатуғын министрликлер менен уйымлардың қатнасыўында қәўиплерди миллий дәрежеде баҳалаў өткерилип атырғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмди қаржыландырыўға ҳәм ғалаба қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша уйымлараралық комиссияны (кейинги орынларда – Комиссия) 1-қосымшаға муўыпық қурамда шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти (кейинги орынларда – Департамент) Комиссияның жумысшы уйымы есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
  3. Төмендегилер Комиссияның тийкарғы ўазыйпасы етип белгиленсин:

жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыў ҳәм терроризмди қаржыландырыўға байланыслы қәўиплерди баҳалаў бойынша нәтийжели жумысларды шөлкемлестириў, сондай-ақ, сол тийкарда жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиўдиң миллий системасын буннан былай да раўажландырыўға ҳәм беккемлеўге байланыслы усыныслар ислеп шығыў ҳәм илажлар көриў;

жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекетлик сиясатты жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

ФАТФ усынысларындағы талапларды ҳәм жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмди қаржыландырыўға ҳәм ғалаба қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў тараўындағы халықаралық-ҳуқықый ҳүжжетлерди Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлерине имплементациялаўды тәмийинлеў;

жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмге қарсы гүресиў тараўындағы ҳуқықты қолланыў әмелиятын таллаў, бул тараўдағы ҳуқықбузарлықлар ислениўге имкан беретуғын себеплер менен шараятларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў.

  1. Жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмди қаржыландырыўға ҳәм ғалаба қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша уйымлараралық комиссия ҳаққындағы реже 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Төмендегилерге жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмди қаржыландырыў менен байланыслы қәўиплерди миллий дәрежеде баҳалаўды нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин:

а)  Өзбекстан Республикасы Орайлық банки баслығының орынбасары Ш.Х.Атабаевқа  – коммерциялық банклер ҳәм кредит шөлкемлери, сондай-ақ, қымбат баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслар менен байланыслы операцияларды әмелге асыратуғын шөлкемлердиң қәўиплери бойынша;

б) Өзбекстан Республикасы Қаржы министриниң орынбасары – В.Ю.Пакқа – лизинг хызметлерин ҳәм лотереялар шөлкемлестириўди әмелге асыратуғын шөлкемлер, аудиторлық шөлкемлер, қамсызландырыўшылар ҳәм қамсызландырыў дәлдалшыларының қәўиплери бойынша;

в) Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети баслығының орынбасары Ж.Б.Юнусовқа – биржа ҳәм риэлторлық қәўиплер бойынша;

г) Өзбекстан Республикасы  әдиллик  министриниң орынбасары А.Ж.Ташкуловқа – нотариал уйымлар, адвокатлық структуралар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер қәўиплери бойынша;

д) Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министриниң орынбасары Б.А.Олматовқа – почта байланысы операторы ҳәм провайдерлери қәўиплери бойынша;

е) Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханалараға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы Баҳалы қағазлар базарын муўапықластырыў ҳәм раўажландырыў орайы бас директорының орынбасары Ф.М.Каримовқа – қымбатлы қағазлар базарының профессионал қатнасыўшы қәўиплери бойынша.

  1. Департамет баслығы орынбасары ўазыйпасын атқарыўшы – Комиссия баслығының орынбасары Д.Ф.Рахимов жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмди қаржыландырыўға байланыслы қәўиплер менен байланыслы қәўиплерди миллий дәрежеде баҳалаў бойынша улыўмаластырылған есабатты таярлаў ушын жуўапкер етип белгиленсин.
  2. Департамент мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте:

кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў, сондай-ақ, жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға ҳәм терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў жумысына тартылған қаржылар ямаса басқа да мүлк пенен байланыслы операцияларды әмелге асыратуғын шөлкемлердиң хызметкерлерин оқытыў және олардың қәнигелигин арттырыў илажларын көрсин;

еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Махмудовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.Б.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2018-жыл 20-сентябрь