Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Елимизде бәркамал әўладты қәлиплестириў, жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық ҳәм физикалық жақтан жетик етип тәрбиялаў, оларды алып барылып атырған реформалардың белсенди қатнасыўшысына айландырыўға қаратылған илажлар избе-из әмелге асырылмақта.
Соның ишинде, мектепке шекемги билимлендириўдиң заманагөй системасы, 11 жыллық улыўма орта билимлендириў енгизилмекте, заманагөй жоқары билимлендириў мәкемелери және абырайлы сырт ел университетлериниң филиаллары шөлкемлестирилмекте.
Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм оларды исбилерменлик жумысына кеңнен тартыў бойынша жумысларды пүткиллей жаңа система тийкарында шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў мақсетинде «Yoshlar – kelajagimiz» Мәмлекетлик бағдарламасы қабыл етилди.
Жаслар менен турақлы пикирлесиў бул тараўдағы әҳмийетли машқалаларды анықлаўда ҳәм шешиўде мәмлекетлик уйымлар менен жәмийетлик шөлкемлер жумысының ажыралмас бөлегине айланып бармақта.
Соның менен бирге, әмелге асырылған жумысларды таллаў бул бағдарда айырым машқалалар сақланып атырғанын көрсетпекте. Атап айтқанда:
бириншиден, жас әўладтың санасына Ўатанға садықлық ҳәм оның тәғдири ушын жуўапкершилик сезимин сиңдириўге, оларда жат идеялар менен көзқараслардың кери тәсирине болған идеологиялық иммунитетти қәлиплестириўге қаратылған илажлар жеткиликли дәрежеде нәтийже бермей атыр;
екиншиден, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға садықлық, диний кеңпейиллик ҳәм миллетлераралық татыўлықты беккемлеў, сондай-ақ, экстремизм, терроризм ҳәм басқа да бузғыншы идеяларға болған келиспеўшиликти қәлиплестириў бойынша мәмлекетлик уйымлардың жумысы елеге шекем талап дәрежесинде емес;
үшиншиден, оқыўшы жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў ушын зәрүр болған мәдений-дем алыў объектлери, мектептен тыс билимлендириў мәкемелери, соның ишинде, орынларда түрли дөретиўшилик ҳәм билимлендириў дөгереклери, спорт секцияларының жетиспеўи балалардың саламат руўхта тәрбияланыўына ҳәм дурыс турмыс жолын таңлаўына кери тәсир етпекте;
төртиншиден, муғаллимлер менен устазлардың жәмийетлик статусы ҳәм абырайы төменлеп кеткени, оларды материаллық ҳәм руўхый хошаметлеў системасы бүгинги күнниң талабына пүткиллей жуўап бермеўи жас әўлатды оқытыў ҳәм тәрбиялаў және еркин дүньятаныўын қәлиплестириў бағдарында үлкен машқалаларды келтирип шығармақта;
бесиншиден, жаслардың жоқары билимлендириў мәкемелерине қамтып алыныў дәрежесиниң төменлиги, жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен өз-ара бирге ислесиў жеткиликли жолға қойылмағаны маман кадрлардың жетиспеўшилигине ҳәм алып барылып атырған реформалардан гөзленген мақсетке толық ерисилмеўине себеп болмақта;
алтыншыдан, тараўда нызам бузылыў жағдайларының сақланып қалып, соның ишинде, жасларды қоллап-қуўатлаўға ажыратылып атырған қаржылардың мақсетли жумсалыўында қадағалаўдың жеткиликли дәрежеде емеслиги системалы машқалаларды жүзеге шығармақта.
Атап өтилген машқалаларды сапластырыў, жас әўладты тәрбиялаў бағдарындағы жумысларды буннан былай да жетилистириў, тәлим-тәрбия сапасын мазмуны жағынан жаңа басқышқа көтериў, муғаллим кәсибиниң абырайын арттырыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық:
- Төмендеги әҳмийетли бағдарларды нәзерде тутатуғын Жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық ҳәм физикалық жақтан жетик етип тәрбиялаў, оларға тәлим-тәрбия бериў системасын сапалы жаңа басқышқа көтериў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда Бағдарлама деп аталады) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын:
жоқары мәнаўиятлы, беккем турмыслық позицияға, кең дүнья қарасқа ийе болған пидайы ҳәм ўатансүйиўши жасларды тәрбиялаў;
жасларды жат идеялардың тәсиринен қорғаў, оларды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға садықлық, диний кеңпейиллик ҳәм миллетлераралық татыўлық руўхында тәрбиялаў;
педагог хызметкерлердиң қәдир-қымбатын ҳәм абырайын арттырыў, олардың материаллық-руўхый ҳәм социаллық қорғалыўын күшейтиў;
жаслардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, олар арасында ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятлар жүз бериўиниң алдын алыў;
жаслардың физикалық тәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын шараятлар жаратыў, олар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў;
оқыўшы-жасларды социаллық қорғаў, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлерин материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаў.
Министрликлер, ведомстволар ҳәм шөлкемлердиң басшылары Бағдарламаның өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынланыўы ушын жеке жуўапкер екени есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Жаслар мәселелери бойынша республикалық ведомстволараралық кеңеси (А.Н.Арипов):
министрликлер ҳәм ведомстволардың қәнигелери, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллерин тартқан ҳалда Бағдарламаның әмелге асырылыўы бойынша жумысшы топарларды шөлкемлестирсин, олардың нәтийжели ислеўин тәмийинлесин;
Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўын таллап барсын;
тәлим-тәрбия тараўында нызам бузылыў жағдайларының себеплери менен шараятларын үйрениў және оларды сапластырыў, орынларда жасларды қоллап-қуўатлаўға ажыратылып атырған қаржылардың мақсетли жумсалыўы үстинен қадағалаўды үйрениў бойынша анық илажларды белгилесин.
- Улыўма орта билим бериў мәкемелери хызметкерлериниң базалық тариф ставкалары:
а) 2018-жыл 1-сентябрьден:
баслаўыш класс муғаллимлери ушын 1,1 есеге;
жоқары класс муғаллимлерине орташа 1,24 есеге шекем;
директор, оның орынбасарлары ҳәм мәлимлеме-ресурс орайы (китапхана) баслықлары ҳәм китапханашылар ушын 1,1 есеге шекем көбейтилсин.
б) 2019-жыл 1-январьдан:
жоқары категориялы муғаллимлер ушын 1,25 есеге шекем;
биринши категориялы муғаллимлер ушын 1,2 есеге шекем;
екинши категориялы муғаллимлер ушын 1,15 есеге шекем;
қәниге муғаллимлер ушын 1,1 есеге шекем;
директор, оның орынбасарлары, мәлимлеме-ресурс орайы (китапхана) баслықлары ҳәм китапханашылар ушын 1,1 есеге көбейтилcин.
- Улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелеринде, олардағы оқыўшылардың санынан келип шығып, 2018-жыл 1-сентябрьден баслап психолог штат бирлиги төмендегише белгиленсин:
250 ге шекем – 1 штат бирлигинде;
250 ден 800 ге шекем – 1,5 штат бирлигинде;
800 ден 1600ге шекем – 2 штат бирлигинде;
1600 ден 3000 ға шекем – 2,5 штат бирлигинде;
3000 ҳәм оннан артық болса – 3 штат бирлигинде.
Улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелеринде жоқары мағлыўматлы психологлар ушын базалық тариф ставкалары 2018-жыл 1-сентябрьден усы мәкемениң қәниге муғаллимлериниң базалық тариф ставкаларының 90 процентине теңлестирилсин, 2019-жыл 1-январьдан болса 1,1 есеге көбейтилсин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2018-жыл 1-ноябрьге шекемги мүддетте оқыўшыларды психологиялық-педагогикалық қоллап-қуўатлаў жумысларын буннан былай да жетилистириў бойынша ҳүкиметлик қарар қабыл етсин.
- Улыўма билим бериў мектеби муғаллимлериниң сабақ ҳәм дөгерек шынығыўларын шөлкемлестириў және класс журналын жүргизиўден тысқары басқа да педагогикалық жүклемелер бойынша есаплар ҳәм қосымша муғлыўматларды талап етиў қатаң қадаған етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, Финанс министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте 2018-жыл 1-ноябрьге шекем алдынғы сырт ел тәжирийбесинен келип шығып, директор қоры қаржыларының есабынан улыўма билим бериў мәкемелериниң өрнек көрсеткен педагог кадрларын жумысының нәтийжелилиги тийкарында хошаметлеўдиң ашық-айдын системасын енгизиў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Финанс министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси еки ай мүддетте:
аймақлық, республикалық ҳәм халықаралық пән олимпиадаларында сыйлы орынларды қолға киргизген оқыўшыларды таярлаған педагог кадрларға ең кем мийнет ҳақының 5 есесинен 50 есесине шекем муғдарда бир мәртелик ақшалай сыйлық бериў тәртибин;
улыўма орта билим бериў мәкемелериниң жумысын қаржыландырыў дәреклерин диверсификациялаў ҳәм тийкарғы жумысы бойынша қосымша ақшалай хызметлер көрсетиў тәртибин;
билимлендириўдиң раўажланыўына ылайықлы үлес қосқан, мәмлекетлик сыйлықларға миясар болған педагог кадрларды мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларына қараслы санатория-саўалландырыў мәкемелеринде жеңилликли шәртлерде саўалландырыў тәртибин нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетттиң жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Қурылыс министрлиги және Экономика министрлиги Финанс министрлиги, Орайлық банк, «Ўзшаҳарқурилишинвест» ҳәм «Қишлоққурилишинвест» инжиниринг компаниялары менен биргеликте еки ай мүддетте ҳәр жылы аўыл ҳәм қалаларда үлги жойбарлар бойынша қурылып атырған арзан турақ жайлардың бир бөлегин халық билимлендириў системасындағы педагог хызметкерлерге 20 жыл мүдеттке, 3 жыллық жеңилликли дәўир және биринши 5 жыл ишинде жыллық 7 процентлик ставкасы менен ҳәм кейинги дәўирде Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасы муғдарында дәслепки төлеми 10 процент болған ипотека кредити сыпатында бериў, сондай-ақ, «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы шеңберинде педагог хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларына ыссыхана шөлкемлестириў, қарамал, қус сатып алыў ҳәм исбилерменлик жумысы ушын 3 жыллық мүддетке, 6 айлық жеңилликли дәўир менен, жыллық 7 процентлик ставка муғдарында кредитлер тәртибин ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықлаў ушын киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Финанс министрлиги, Орайлық банк, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте үш ай мүддетте Халық билимлендириў министрлиги жанында халық билимлендириў системасындағы хызметкерлер ушын ипотека кредити, автотранспорт қуралын сатып алыў ҳәм басқа да мақсетлер ушын тутыныў кредитлерин бериўди қаржыландырыў бойынша арнаўлы қорды шөлкемлестириў, оған Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының есабынан 100 миллион АҚШ долларын ажыратыў және халықаралық қаржы институтларының қаржыларын тартыўды нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжеттиң жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен усынылған дизим бойынша халық билимлендириў системасындағы педагог хызметкерлерге тутыныў кредитлери, соның ишинде, автотранспорт қуралын сатып алыў ушын арнаўлы қордың есабынан төмендеги шәртлерде кредитлер бериў тәртиби орнатылсын:
кредитти бериў мүддетти – 1 жыл жеңилликли дәўир менен 5 жыл мүддетке;
дәслепки төлем суммасы – сатып алынып атырған автотранспорт қуралы баҳасының 25 проценти;
кредит ушын процент ставкасы – Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасынан көп болмаған муғдарда.
«Өзавтосанаат» АЖ Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен усынылатуғын педагог хызметкерлердиң дизими тийкарында олар тәрепинен коммерциялық банклердиң кредитлери есабынан автотранспорт қуралларын сатып алыў ушын автотранспорт қураллары ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси менен биргеликте еки ай мүддетте халық билимлендириў тараўында бәркамал әўладты камалға келтириўде пидәкерлик пенен мийнет етип атырған, жасларды Ўатансүйиўшилик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў жумысларына мүнәсип үлес қосып атырған халық билимлендириў системасы хызметкерлерин сыйылықлаў ушын мәмлекетлик сыйлық шөлкемлестириў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжеттиң жойбарын ислеп шықсын және орнатылған тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Финанс министрлиги менен биргеликте 2018-2020-жылларда педагоглық кәсиптиң жәмийеттеги жоқары абырай-мәртебесин үгит-нәсиятлайтуғын «Муғаллимлер ҳәм устазлар қыябанлары»н шөлкемлестирсин.
Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги Қурылыс министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан Көркем өнер академиясы, Жазыўшылар аўқамы, «Өнермент» бирлеспеси менен биргеликте бир ай мүддетте «Муғаллимлер ҳәм устазлар қыябанлары»ның концепциясын ҳәм үлги жойбарын ислеп шықсын және белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2018/2019- оқыў жылынан баслап улыўма билим бериў мектеплери, соның ишинде, қәнигелестирилген мектеплер, көркем өнер ҳәм мәденият мектеп-интернатлары, Олимпиада резервлери мектеп-интернатлары және академиялық лицейлердиң питкериўшилерине айрықша билими, үлгили минез-қулқы ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилиги ушын берилетуғын алтын ҳәм гүмис медальларды шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
алтын медаль, улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң 9-классын питкергени ҳаққындағы айрықша дәрежели аттестаты бар, 10-11-класслардағы барлық пәнлерден аралық, жуўмақлаўшы бақлаўлары, шереклик ҳәм жыллық баҳалары айрықша болған, үлгили минез-қулықлы ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсеткен 11-класс питкериўшилерине берилетуғыны;
гүмис медаль улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң 9-классын питкергени ҳаққындағы айрықша дәрежели аттестаты бар, 10-11-класслардағы барлық пәнлерден жыллық баҳалары айрықша болған, үлгили минез-қулықлы ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсеткен 11-класс питкериўшилерине берилетуғыны белгилеп қойылсын.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң пикериўшилерин айрықша баҳаларға оқығаны, үлгили минез-қулқы ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилиги ушын алтын ҳәм гүмис медаль менен сыйлықлаў тәртибин тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, Халық билимлендириў министрлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте улыўма орта, орта арнаўлы, кәсип-өнер, жоқары билимлендириў, мектептен тысқары билимлендириў тараўына мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң енгизилиўи бойынша бар жағдайды ҳәм алдынғы сырт мәмлекетлердиң тәжирийбесин, соның ишинде, орынларға шыққан ҳалда үйренип, белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Сыртқы ислер министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, қарамағында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер менен ведомстволар, Өзбекстанның сырт еллердеги дипломатиялық ўәкилханаларының басшылары менен биргеликте еки ай мүддетте дүньядағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң рейтингинде 1000 лық дизимге киретуғын сырт елдеги Жоқары билимлендириў мәкемелериниң, соның ишинде, педагогика бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң филиал (факультет) ларын Өзбекстан Республикасында лицензия алмай ҳәм басқа да жеңилликли шәртлерде шөлкемлестириў мәселесин үйренип шықсын және анық усыныслар киргизсин.
- Төмендегилер қадаған етилсин:
халық билимлендириў хызметкерлерин хызмет миннетлемеси менен байланыслы болмаған жумысларға, мәжбүрий мийнетке, соның ишинде, район ҳәм қалалар аймақларын абаданластырыў және көклемзарластырыў жумыслары, мәўсимлик аўыл хожалық жумыслары ҳәм басқа да түрдеги жумысларға тартыў;
халық билимлендириў хызметкерлерин олардың жумысы менен байланыслы болмаған мәжилислер ҳәм басқа да илажларға тартыў, олардың басылымларға мәжбүрий жазылыўын шөлкемлестириў;
халық билимлендириў мәкемелериниң жумысын нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылмаған тийкарларға ҳәм орнатылған тәртипке әмел етпеген ҳалда тексериў.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары бул талаплар бузылған жағдайларда тийисли жуўапкершиликке тартылатуғыны ҳаққында қатаң ескертилсин.
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте педагог хызметкерлердиң ҳуқықлары менен еркинликлерин шеклеў жағдайларын өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыў мақсетинде нызам ҳүжжетлери талапларына әмел етиў үстинен турақлы түрде қадағалаў илажларын өткерсин ҳәм айыпкер шахслардың жуўапкершиликке тартылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Финанс министрлиги, Әдиллик министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Халық билимлендириў министрлиги, оның аймақлық структураларының жумысын буннан былай да жетилистириў, соның ишинде, оның шөлкемлестириў структурасын қайта көрип шығыў ҳәм штатлар санын оптималластырыў арқалы билимлендириў тараўына басқарыўдың алдынғы усылларын енгизиў бойынша усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги 2019-жыл 1-августқа шекем Финанс министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы менен биргеликте улыўма орта билимлендириўдиң әмелдеги таяныш оқыў режесин қайта көрип шығып, 2019/2020-оқыў жылынан баслап 10 процентке қысқартыў және усы пәнлер бойынша оқытыў сабақлары қысқартылған қәнигелерди талап жоқары болған басқа да оқыў пәнлерине бийпул қайта таярлап өткериў бойынша усыныс киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги усы қарар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў ушын усы қәрежетлерди 2018-жыл ушын ажыратсын және 2019-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қәрежетлери параметрлеринде нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйлери А.А.Абдувахитовқа ҳәм Қ.К.Куранбаевқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – финанс министри Ж.А.Қўчқаровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 14-август