Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Елимизде 2023-жыл 30-апрель күни өткерилген референдумда жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы қатнасқан пуқаралардың 90,21 проценти тәрепинен жақлап даўыс бериў арқалы қабыл етилгенлиги онда халқымыздың Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша арзыў-нийетлери ҳәм умтылыслары өз көринисин тапқанынан дәрек бермекте.

Жаңа редакциядағы Конституция Жаңа Өзбекстан стратегиясын әмелге асырыўдың сиясий-ҳуқықый тийкарларын жаратып, миллий мәмлекетшилик раўажланыўының тарийхый әҳмийетли басқышында мәмлекет ҳәм жәмийетти және де раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп берди.

Референдум көп миллетли уллы халқымыздың тилеклеслиги ҳәм аўызбиршилиги, суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет қурыўға қатаң қарар еткениниң исенимли көриниси болды.

Атап айтқанда, Конституцияда мәмлекетлик қурылыстың жаңа стратегиялық мақсети – социаллық мәмлекет қурыў екени белгилеп берилди, социаллық әдиллик ҳәм тилеклеслик принциплери енгизилди, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың пүткиллей жаңа механизмлерин нәзерде тутатуғын конституциялық тийкарлар беккемленди.

Ҳәкимиятлар бөлиниўи принципи ҳәм өз-ара тыйып турыў ҳәм мәплер келиспеўшилиги системасының заманагөй концепциясын есапқа алған ҳалда, Олий Мажлис, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкимети арасында ўәкилликлер қайта бөлистирилди. Орынларда ҳәкимлер ҳәм халық депутатлары Кеңеслери ўәкилликлериниң бөлистирилиўине тийкарланған мәмлекетлик ҳәкимиятты дүзиўдиң жаңа модели нәзерде тутылды.

Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясын сөзсиз ҳәм толық әмелге асырыў, онда беккемленген тийкарғы принциплерди Жаңа Өзбекстанның уллы идеясына сәйкес тәризде әмелге асырыў, мәмлекетлик уйымлардың жумысын жаңаша конституциялық-ҳуқықый шараятларда жолға қойыў, пуқаралар өз турмысында халық Конституциясы руўхын айқын сезип турыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 1. Жаңа редакциядағы Конституцияны сөзсиз ҳәм толық әмелге асырыў барлық дәрежедеги мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң биринши гезектеги тийкарғы ўазыйпасы етип белгиленсин.
  2. 2. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары жаңа редакциядағы Конституцияны тәмийинлеў ушын жеке жуўапкер есапланатуғыны;

жаңа редакциядағы Конституция жоқары юридикалық күшке ийе екенинен келип шығып, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының жумысында тиккелей ҳәм сөзсиз қолланылатуғыны;

жаңа редакциядағы Конституция нормаларын оларды әмелге асырыў ушын басқа да нызамшылық ҳүжжетлериниң жоқ екенлиги ямаса нызамшылыққа Конституцияға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмегени сылтаўы менен қолланыўдан бас тартыў қатаң қадаған етилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 3. Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясынан келип шығатуғын ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. 4. Төмендегилер:

Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясының тийкарғы идеяларын жүзеге шығарыў ҳәм нормаларын турмысқа енгизиў бойынша Мәмлекетлик комиссия (кейинги орынларда – Мәмлекетлик комиссия) 2-қосымшаға муўапық қурамда;

Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясындағы суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет принциплерин избе-из әмелге асырыў бойынша экспертлик кеңеслери (кейинги орынларда – экспертлик кеңеслери) 3-7-қосымшаларға муўапық қурамларда дүзилсин.

  1. 5. Мәмлекетлик комиссия:

жаңа редакциядағы Конституция ҳәм бағдарламаны әмелге асырыўға қаратылған илажлар өз ўақтында ҳәм сапалы өткерилиўин тәмийинлейтуғыны;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, экспертлик кеңеслердиң жаңа редакциядағы Конституция ҳәм бағдарламаны әмелге асырыў бағдарындағы жумысын муўапықластыратуғыны;

жаңа редакциядағы Конституция ҳәм бағдарламаны әмелге асырыўда кең жәмийетшилик, пуқаралық жәмийети институтлары, илимий топарлар ҳәм сырт елли экспертлер қатнасыўы ушын шараятлар жарататуғыны;

жаңа редакциядағы Конституцияны әмелге асырыў шеңберинде исленген жумысларды кеңейтилген тәризде жылына кеминде еки рет сын көзқарастан додалап баратуғыны ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, экспертлик кеңеслер басшыларының есабатларын тыңлайтуғыны белгиленсин.

  1. 6. Экспертлик кеңеслер (Т.Нарбаева, И.Исмоилов, Н.Йўлдашев, Ж.Қўчқоров, А.Ташкулов):

2024-жыл 1-январьға шекем орта ҳәм узақ перспективалы суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекетти раўажландырыў концепцияларының ислеп шығылыўы ҳәм Мәмлекетлик комиссияға киргизилиўин тәмийинлесин;

жаңа редакциядағы Конституцияда беккемленген суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекеттиң тийкарғы принциплери ислеп шығылып атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларында сәўлелендирилиўи үстинен мониторинг алып барсын;

жаңа редакциядағы Конституция ҳәм бағдарламаның әмелге асырылыўы бойынша ҳәр шеректе Мәмлекетлик комиссияға есабат киргизип барсын.

  1. 7. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Нызамшылық ҳәм ҳуқықый сиясат институты жаңа редакциядағы Конституцияны әмелге асырыў процесин информациялық-аналитикалық, илимий ҳәм экспертлик жақтан тәмийинлеў ушын жуўапкер етип белгиленсин ҳәм оған төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:

жаңа редакциядағы Конституцияға муўапық ислеп шығылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын илимий экспертизадан өткериў;

мәмлекетлик уйымлар, әсиресе, суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының жумысында жаңа редакциядағы Конституция нормаларының тиккелей қолланылыў жағдайын мониторинг етип барыў;

жаңа редакциядағы Конституция тийкарында жаңа оқыў бағдарламалары, сабақлықлар ҳәм басқа да қолланбаларды таярлаў бойынша илимий-методикалық илажларды муўапықластырыў.

  1. 8. Олий Мажлис палаталары ҳәм сиясий партиялардың Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслердеги депутатлар корпусын қәлиплестириўдиң мажоритар-пропорционаллық түрине тийкарланған сайлаў системасын енгизиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасына бир ай мүддетте мажоритар-пропорционаллық түрге тийкарланған сайлаў системасына өтиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын ислеп шығыў усыныс етилсин.

  1. 9. Жаңа редакциядағы Конституцияның 32-статьясында белгиленген мәмлекет бойлап еркин ҳәрекетлениў, турақ жай ҳәм жасаў орнын таңлаў ҳуқықы толық әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде:

Министрлер Кабинети (А.Арипов) еки ай мүддетте «Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыныўы керек болған шахслар – Өзбекстан Республикасы пуқаралары категорияларының дизими ҳаққында»ғы Нызамы өз күшин жойытқан деп табыў бойынша нызам жойбарын Олий Мажлис Нызамшылық палатасына киргизсин;

Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов) бир ай мүддетте пуқараларды жасаў орны бойынша дизимге алыўда хабардар етиў тәртибин енгизиўге қаратылған пүткиллей жаңа механизмлерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманы жойбарын усынсын.

  1. 1 Жаңа редакциядағы Конституцияның 78-статьясында белгиленген балалар ҳәм жасларда халықтың бай мәдений мийрасын мақтаныш етиў, Ўатанға болған меҳир-муҳаббат сезимлерин қәлиплестириўге байланыслы қағыйдаларды әмелге асырыў мақсетинде 2023-жыл 1-сентябрьден баслап республика пуқарасы есапланған ҳәм 18 жасқа шекемги балалардың мәдений мийрас объектлерине, соның ишинде, көргизбелер, тарийхый ҳәм зыярат етиў орынлары, сондай-ақ, мәмлекетлик музейлерге төлемсиз кириў тәртиби енгизилсин.

Олий Мажлис палаталарына бала ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў ҳәм қорғаў, баланың физикалық, ақылый ҳәм мәдений жақтан толық раўажланыўы ушын мүнәсип шараятларды жаратыў мақсетинде «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы) ҳаққында»ғы нызам жойбарын қысқа мүддетте қабыл етиў усыныс етилсин.

  1. 11. Пуқаралардың жаңа редакциядағы Конституцияның 50-статьясында белгиленген билим алыў ҳуқықлары кепилликлерин және де күшейтиў мақсетинде 2023-жыл 1-августтан баслап салық төлеўшилер тәрепинен жасына қарамастан перзентлериниң Өзбекстан Республикасы билимлендириў шөлкемлеринде билим алыўы ушын қаратылатуғын төлемлер салық салынбайтуғын дәраматлар категориясына киргизилсин.
  2. 12. Жаңа редакциядағы Конституцияның 41, 65-67-статьяларының талапларынан келип шығып, сондай-ақ, мүлк ҳуқықларының исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, усы ҳуқықларды шеклеп атырған факторларды сапластырыў, мүлк қатнасықларына тийкарсыз араласыўға жол қоймаў мақсетинде 2023-жыл 1-июньнен баслап төмендегилер бийкар етилсин:

төлем хызметлерин көрсететуғын шөлкемлер физикалық шахслар арасында пул өткермелери әмелге асырылғанда, олар көрсетилген хызметлер ушын электрон есапбет-фактуралар усыныў ҳәм рәсмийлестириў тәртиби;

усақлап сатыў ҳәм хызмет көрсетиў объектлериниң жумыс алып барыў ўақтына байланыслы шеклеўлер.

  1. 13. Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев) Орайлық банк (М.Нурмуратов), Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги (Л.Кудратов), Тәбият ресурслары министрлиги (А.Абдухакимов) менен биргеликте еки ай мүддетте «жасыл қаржыландырыў» механизмлерин енгизиў бойынша қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин ҳәм онда соның ишинде, «жасыл сертификат», «жасыл кредитлер» ҳәм халықаралық тәжирийбеде кеңнен пайдаланылатуғын басқа да институтларды нәзерде тутсын.
  2. 14. Жаңа редакциядағы Конституцияның 55-статьясында белгиленген ҳәр бир шахстың өз ҳуқықлары менен еркинликлерин суд арқалы қорғаў ҳуқықы кепилликлерин және де күшейтиў мақсетинде 2024-жыл 1-январьдан баслап, ҳәкимшилик судларға шағым етиўде пуқара ҳәм исбилерменлик субъектлеринен мәмлекетлик бажыны өндирмеў, онда мәмлекетлик бажыны жумысты көрип шығыў нәтийжеси бойынша айыпкер тәрептен өндириў тәртиби енгизилсин.

Жоқары суд (Б.Исламов) Әдиллик министрлиги (А.Ташкулов), Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев) менен биргеликте 2023-жыл 1-октябрьге шекем усы бәнтте нәзерде тутылған мәселе бойынша нызам жойбарын Олий Мажлис Нызамшылық палатасына киргизсин.

  1. 15. Жаңа редакциядағы Конституцияның 21-статьясында белгиленген ҳуқықый тәсир илажларын қолланыўда теңсалмақлылық принципин турмысқа енгизиў мақсетинде Әдиллик министрлиги (А.Ташкулов) Жоқары суд (Б.Исламов), Бас прокуратура (Н.Йўлдошев), Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов) ҳәм Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев) менен биргеликте:

еки ай мүддетте ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы нызамшылықта шәртнамалық ҳәм басқа да пуқаралық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын жуўапкершилик илажлары бийкар етиў;

2024-жыл 1-январьға шекем нызамшылық базасын толық хатлаўдан өткерип, онда белгиленген ҳуқықый тәсир илажларын теңсалмақлылық принципине муўапықластырыў бойынша усыныслар киргизсин.

  1. 16. Әдиллик министрлиги (А.Ташкулов) Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев), Жоқары суд (Б.Исламов) ҳәм Бас прокуратура (Н.Йўлдошев) менен биргеликте еки ай мүддетте жаңа редакциядағы Конституцияның 29-статьясында белгиленген мәмлекеттиң ҳуқықбузарлықлардан жәбирленгенлерге жеткерилген зыянның орны қапланыўы ушын шараятларды жаратыў миннетлемеси толық әмелге асырылыўын тәмийинлеўге қаратылған механизмлерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарар жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте киргизсин.
  2. 17. Жаңа редакциядағы Конституцияның 26-статьясында белгиленген инсанның абырайы ҳәм қәдир-қымбатына қолқатылмаслығы кепилликлерин және де беккемлеў мақсетинде Бас прокуратура (Н.Йўлдошев) Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов), Жоқары суд (Б.Исламов) ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети (А.Азизов) менен биргеликте 2023-жыл 1-августқа шекем қамаққа алыў тәризиндеги иҳтият шарасын қолланыўда шахсты қамақханаға жайластырыўдан алдын мәжбүрий медициналық тексериўден өткериў тәртибин енгизиў бойынша тийкарланған усынысларды киргизсин.
  3. 18. Жаңа редакциядағы Конституция 142-статьясының талапларынан келип шығып:

а) жынаят процесинде қорғаўшының статусын күшейтиў мақсетинде, оған төмендеги қосымша ҳуқық ҳәм кепилликлер берилсин:

сорастырыў ҳәм дәслепки тергеўде қорғаўшы тәрепинен қәлеген ўақытта жынаят исин қозғатыў ҳәм жуўмақлаў ҳаққындағы қарарлардан нусқа алыў;

көрсетпелерди алдыннан беккемлеп қойыў (депонирование) ушын судқа тиккелей өтиниш хат киргизиў;

тергеўге шекемги тексериў өткерилип атырған шахсларға маман юридикалық жәрдемнен пайдаланыў ҳуқықын кепиллеў мақсетинде тергеўге шекемги тексериў процесинде қорғаўшы статусында қатнасыў;

жумыс бойынша шәртнама тийкарында суд экспертизалары өткерилиўин ҳәм зәрүр билимге ийе қәнигелер тартылыўын шөлкемлестириў;

жынаят иси бойынша мағлыўматларға ийе шахсларды сораўдан өткериўде олардың келисими менен арнаўлы техника қуралларынан пайдаланыў;

б) адвокатура тараўына жас кадрларды жедел тартыў мақсетинде 2023-жыл 1-сентябрьден баслап жоқары билимлендириў шөлкемлери юриспруденция бағдарында билим алып атырған питкериўши курс студентлерине адвокатлық структураларда мийнет нызамшылығына муўапық оқыўдан бос ўақытта адвокат жәрдемшиси сыпатында жумыс алып барыўға руқсат етилсин.

Әдиллик министрлиги (А.Ташкулов) Жоқары суд (Б.Исламов), Бас прокуратура (Н.Йўлдошев), Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети (А.Азизов) ҳәм Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов) менен биргеликте еки ай мүддетте қорғаўшының ҳуқықлары менен кепилликлерин кеңейтиў, адвокат жәрдемшиси сыпатында жумысын алып барыў тәртибин жетилистириўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын белгиленген тәртипте киргизсин.

  1. 19. Бас прокуратура (Н.Йўлдошев) Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов), Миллий гвардия (Р.ДЖураев) ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети (А.Азизов) менен биргеликте бир ай мүддетте усланған ҳәм тергеў астында болған шахстың конституциялық процессуаллық ҳуқықларын толық түсиндирип бериўши көргизбели материаллардың ҳуқық қорғаў уйымлары, соның ишинде, тергеў уйымларының имаратларында пуқараларға көринетуғын тәризде жайластырылыўын тәмийинлесин.
  2. 2 Билимлендириўди раўажландырыў республикалық илимий-методикалық орайы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги (Х.Умарова), Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги (И.Абдурахманов), Әдиллик министрлиги (А.Ташкулов) ҳәм

басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте 20232024-оқыў жылы басланғанға шекем:

барлық билимлендириў түрлери ҳәм басқышларындағы Конституцияны үйрениў бойынша оқыў режелери ҳәм билимлендириў бағдарламаларын қайта көрип шығыў ҳәм оларды жаңа редакциядағы Конституция нормалары ҳәм қағыйдаларына бейимлестириў;

оқыўшыларға, жасын есапқа алған ҳалда, жаңа редакциядағы Конституцияны үйретиў бойынша заманагөй методика тийкарында сабақлықлар, оқыў қолланбалары ҳәм арнаўлы әдебиятларды жаратыў илажларын көрсин.

Усы бәнттеги илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлер Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплансын.

  1. 21. Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги (Ғ.Мирзаев) Әдиллик министрлиги (А.Ташкулов), Судьялар жоқары кеңеси (Х.Ёдгоров) ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте бир ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын 20232024-жылларда жаңа редакциядағы Конституция бойынша мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлер ҳәм суд-ҳуқық системасы хызметкерлерин оқытыў режесин тастыйықласын:

өз алдына график тийкарында барлық буўындағы мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлер ҳәм суд-ҳуқық системасы хызметкерлерине жаңа редакциядағы Конституцияның мазмун-мәнисин оқытыўды шөлкемлестириў;

мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлер ҳәм суд-ҳуқық системасы хызметкерлериниң конституциялық мәденияты, ҳуқықый билимданлығын арттырыў ҳәм баҳалаў системасын жаңа редакциядағы Конституцияға бейимлестириў көзқарасынан қайта көрип шығыў.

  1. 22. Олий Мажлис палаталары, Конституциялық суд Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Нызамшылық ҳәм ҳуқықый сиясат институты ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орайдың жаңа редакциядағы Конституцияның статьяма-статья илимий-әмелий түсинигин таярлаў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Жаңа редакциядағы Конституцияның статьяма-статья илимий-әмелий түсинигин таярлаў бойынша редакциялық кеңеси 8-қосымшаға муўапық қурамда қәлиплестирилсин ҳәм оның жумысшы уйым етип Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Нызамшылық ҳәм ҳуқықый сиясат институты белгиленсин.

Редакциялық кеңес (М.Рахманкулов):

түсиникти таярлаўда жаңа редакциядағы Конституцияның көп миллетли халқымызды бирлестириўдеги потенциалын, онда өз көринисин тапқан суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет принциплерин, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың жаңа механизмлерин ашып бериўге, сондай-ақ, оның текстин халықтың кең қатламлары, әсиресе, жаслар ушын түсиникли ҳәм әпиўайы тилде болыўына итибар қаратсын;

жетекши миллий ҳәм сырт елли экспертлер, ҳуқықтаныўшылар ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлер тартылған ҳалда, 2023-жыл 1-декабрьге шекем түсиндириў тексти таярланыўын ҳәм өзбек ҳәм шет тиллерде басып шығарылыўын тәмийинлеў илажларын көрсин.

  1. 23. Санлы технологиялар министрлиги (Ш.Шерматов) Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Нызамшылық ҳәм ҳуқықый сиясат институты (М.Рахманкулов) ҳәм Әдиллик министрлиги (А.Ташкулов) 2023-жыл 1-июньға шекем өзбек ҳәм шет тиллерде «Жаңа Өзбекстан Конституциясы» бирден-бир миллий порталы (кейинги орынларда – портал) ҳәм оның мобиль қосымшасы иске қосылыўын тәмийинлесин.

Онда, портал ҳәм оның мобиль қосымшасында пуқара ҳәм исбилерменлер ушын нызамшылықты жаңа редакциядағы Конституцияға муўапықластырыў ҳәм оны әмелге асырыўда жүзеге келип атырған машқалаларды сапластырыў бойынша усынысларды бериў имканияты нәзерде тутылсын.

  1. 24. Әдиллик министрлиги (А.Ташкулов) Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Нызамшылық ҳәм ҳуқықый сиясат институты

(М.Рахманкулов) менен биргеликте үш ай мүддетте нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерди хатлаўдан өткериў ҳәм порталға келип түскен усынысларды улыўмаластырыў нәтийжелерине бола жаңа редакциядағы Конституцияға муўапықластырылыўы керек болған нормаларды қайта көрип шығыў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. 25. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына ғалаба хабар қуралларында жаңа редакциядағы Конституцияның турмысқа енгизип барылыўы, соның ишинде, халықтың турмысындағы унамлы өзгерислерди кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  2. 26. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип бағдарламада атқарыўшы сыпатында нәзерде тутылған министрликлер, уйымлар ҳәм экспертлик кеңеслердиң басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын қадағалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.У.Умурзаковқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 8-май