Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Соңғы жыллары елимизде бизнес жүргизиў ушын қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў, исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының кепилликлерин беккемлеў, корпоративлик басқарыўды раўажландырыў, сырт ел инвестицияларын жедел тартыў ҳәм инвесторларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўды тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Исбилерменлик орталығын жақсылаў бойынша көрилип атырған илажлардың көлеми ҳәм нәтийжелилиги тек ғана елимиздеги инвестициялық белсендиликтиң артыўы менен емес, ал абырайлы финанс шөлкемлери ҳәм рейтинг агентликлери тәрепинен берилип атырған мүнәсип баҳа менен де дәлилленбекте.
Атап айтқанда, соңғы 5 жыл даўамында Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының «Бизнес жүргизиў» жыллық есабатында Өзбекстан Республикасының рейтинги 2 еседен зыят жақсыланып, елимиз жәҳәнниң 190 ели арасында 2012-жылдағы 166-орыннан 2017-жылы 74-орынға көтерилди. Буннан тысқары, соңғы есабатта елимиз бизнес жүргизиў ушын ең қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў көрсеткиши бойынша реформатор еллердиң биринши онлығынан орын алды.
Соның менен бирге, Өзбекстандағы бизнес жүргизиў ушын бар болған шараятлар халықаралық нормалар ҳәм стандартлардың талапларына елеге шекем толық жуўап бермейди. Айырым мәмлекетлик уйымлар исбилерменлик жумысын раўажландырыў бойынша жәрияланған реформалардың әмелде орынланыўын жеткиликли дәрежеде тәмийинлемей атыр.
Министрликлер, ведомстволар ҳәм шөлкемлердиң жумысы анық муўапықластырылып барылмаўы, сондай-ақ, олардың басшыларының жуўапкершилиги төмен дәрежеде болғаны себепли айырым тараўларда бизнес жүргизиў шараятларын жақсылаў бойынша белгиленген илажларды әмелге асырыў әҳмийетли ўазыйпалар менен реформалардың өз-ара байланыслы бағдарларын итибарға алмай әмелге асырылмақта және барлық жағдайларда да күтилген нәтийжени бермей атыр.
Ең қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў бағдарында алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыў, халықаралық жәмийетшиликте елимиздиң унамлы келбетин қәлиплестириў, аймақларда бизнес жүргизиў шараятларын жақсылаў бойынша соңғы нәтийжелерге ерисиў ушын ўәкилликли уйымлардың басшыларының жуўапкершилигин арттырыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық:
- Инвестициялық орталықты жақсылаў тараўында алып барылып атырған реформалардың стратегиялық мақсети – исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыў ушын елимизде 2022-жылға шекем Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының «Бизнес жүргизиў» есабатындағы (кейинги орынларда «Бизнес жүргизиў» есабаты деп аталады) жәҳән еллериниң биринши жигирмалығы дәрежесине сәйкес келетуғын ең қолайлы шараятларды жаратыў болып табылатуғыны;
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги «Бизнес жүргизиў» есабатында Өзбекстан Республикасының рейтингин буннан былай да арттырыў тараўындағы жумысларды муўапықластырыў және бул бағдарда Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясы менен өз-ара бирге ислесиў бойынша ўәкилликли уйым есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер:
Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының «Бизнес жүргизиў» есабатында Өзбекстан Республикасының көрсеткишлерин жақсылаў бойынша «Жол картасы» 1-қосымшаға муўапық;
реформаларды сапалы әмелге асырыў және Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының «Бизнес жүргизиў» есабатында Өзбекстан Республикасының рейтинг көрсеткишлериниң дизими 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Усы қарардың 1 ҳәм 2-қосымшаларында көрсетилген мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң басшыларына реформаларды сапалы әмелге асырыў және «Бизнес жүргизиў» есабатында Өзбекстан Республикасының тийисли көрсеткишлерин жақсылаў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги:
Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының «Бизнес жүргизиў» есабатындағы Өзбекстан Республикасының көрсеткишлерин жақсылаў бойынша «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында ҳәм тийисли дәрежеде орынлаў бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын нәтийжели муўапықластырыўды;
«Бизнес жүргизиў» есабатындағы Өзбекстан Республикасының рейтингин буннан былай да жоқарылатыў мақсетинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен өз-ара әмелий бирге ислесиўди;
Жәҳән банки топары экспертлери ҳәм «Бизнес жүргизиў» жәмәәти менен Өзбекстан Республикасының орнын тийкарлаў бойынша диалоглар өткериў ушын ҳәр жылы ведомстволараралық жумысшы топарды Вашингтон қаласына (АҚШ) жибериўди;
мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте үш ай мүддетте ең әҳмийетли халықаралық рейтинглерди ҳәм структуралық индикаторларды, оларды қәлиплестириў методологиясын, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының халықарлық рейтинг ҳәм индекслерде соңғы еки жылда ийелеп турған орнын терең үйрениўди;
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети менен биргеликте 2019-жыл 1-январьға шекемги мүддетте тийисли халықаралық рейтинглерде Өзбекстан Республикасының абырайын жақсылаў бойынша анық усыныслар таярлаўды тәмийинлесин.
- Усы қарардың 1 ҳәм 2-қосымшаларында көрсетилген мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте ҳәр жылы:
февраль-март айларында «Бизнес жүргизиў» есабатын таярлаў көлеминде Жәҳән банки эспертлери тәрепинен жиберилетуғын сораўнамаларды үйренилип атырған бағдарларда әмелге асырылған реформаларды ҳәм нызам ҳүжжетлери нормаларын есапқа алған ҳалда сапалы ҳәм өз ўақтында толықтырыўды;
15-ноябрьге шекем жәрияланған «Бизнес жүргизиў» есабаты нәтийжелерин үйрениўди және бул бойынша кейин ала Жәҳән банки ҳәм «Бизнес жүргизиў» жәмәәтине усыныў үйренилип атырған ҳәр бир бағдар кесиминде тийкарланған дәлиллер ҳәм статистикалық мағлыўматлардан ибарат коментарийлерди таярлаўды тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте:
«Бизнес жүргизиў» есабатында Өзбекстан Республикасының көрсеткишлерин жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳәм олардың нәтийжелери ҳаққында усы қарардың 1 ҳәм 2-қосымшаларында көрсетилген мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшыларының есапларын ҳәр шеректе тыңлап барсын, кейин ала тийисли бағдарларда бизнес жүргизиў ушын шараятларды жақсылаўды тәмийинлемеген басшыларға шара көриў бойынша усыныслар киргизсин;
Өзбекстан Республикасының көрсеткиши рейтинг дүзиў методологиясы талапларына муўапықлығын баҳалаған ҳалда «Бизнес жүргизиў» есабатларын сын көзқарастан үйренип барсын ҳәм ҳәр жылы 1-декабрьге шекем «Бизнес жүргизиў» есабатында республиканың айрықша көрсеткишлерин жақсылаў мақсетинде исбилерменлик орталығын ҳәм нызамшылықты буннан былай да жетилистириў бойынша «Жол картасы»н Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратына киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының «Бизнес жүргизиў» есабатында Өзбекстан Республикасының көрсеткишлерин жақсылаў бойынша «Жол картасы»на муўапық әмелге асырылған илажлар менен жойбарларды қаржыландырыў ушын халықаралық финанс шөлкемлериниң техникалық жәрдемин, грантларын ҳәм кредитлерин тартыў бойынша зәрүр шөлкемлестириўшилик илажларды тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилигин және «Бизнес жүргизиў» есабаты бағдарлары бойынша нызам ҳүжжетлери талапларының әмелиятқа енгизилиўин қалыс баҳалаў ушын ҳәр жылы исбилерменлик субъектлери арасында, соның ишинде, олардың мүрәжатларын қабыл етиў, қайта ислеў, көрип шығыў ҳәм усынысларын додалаў бойынша арнаўлы портал арқалы сораўлар өткерсин.
- Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының «Бизнес жүргизиў» есабатында Өзбекстан Республикасының көрсеткишлерин жақсылаў бойынша «Жол картасы»н әмелге асырыў шеңберинде нызам ҳүжжетлери талапларының әмелиятқа енгизилиўин системалы түрде үйренип барсын, онда тастыйықланған илажлардың өз ўақтында орынланыўын тәмийинлемеген және кешигиўлерге жол қойған мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларына анық тәсиршең илажларды қоллансын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Муродовқа, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигиниң директоры Ш.М.Садиковқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 13-июль