Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Кейинги жылларда халқымыздың денсаўлығына ғамхорлық етиў, руўхый ҳәм физикалық бәркамал әўладты қәлиплестириў, миллионлар ойыны болған ҳәм мәмлекетимизде айрықша орын тутатуғын спорттың футбол түрине халықты, әсиресе, жасларды кеңнен тартыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып келинбекте.
Соның менен бирге, бүгинги күнде мәмлекетимизде жоқары қәбилетке ийе болған жас футболшыларды таңлаў, сайлап алыў (селекция) системасы ҳәм футбол инфраструктурасын және де раўажландырыў, футбол бойынша спорт мектеплериниң жумысын жаңа басқышқа көтериў. тараў қәнигелерин таярлаў және оларды материаллық хошаметлеў системасын жақсылаў, өткерилип атырған жарыслардың дәрежесин көтериў сыяқлы мәселелер әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып қалмақта.
Өзбекстанда футболды халық арасында ең ғалабалық спорт түрине айландырыў, жоқары қәбилетке ийе болған жас футболшыларды таңлаў, сайлап алыў ҳәм оларды профессионал спортшылар сыпатында таярлаў системасын жолға қойыў, мәмлекет футболын раўажланған мәмлекетлер менен бәсекилесе алатуғын дәрежеге жеткериў, халықаралық талап ҳәм стандартлар тийкарында футбол бойынша қәнигелерди таярлаў, футбол клубларының жумысын раўажландырыў, сайланды командалар ушын оқыў-шынығыў процесин нәтийжели шөлкемлестириў, мәмлекетимизде футбол бойынша ири халықаралық жарыслар, соның ишинде, жас өспиримлер, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар командалары арасында жәҳән ҳәм континент бириншиликлерин өткериў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан Миллий Олимпиада комитети ҳәм Өзбекстан футбол ассоциациясының төмендегилерди Өзбекстан Республикасында профессионал футболды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгилеў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:
балалар ҳәм жас өспиримлердиң футбол менен шуғылланыўына қызығыўшылығын арттырыў, ҳәўескерлик футболды ғалаба ен жайдырыў, бул бағдарда улыўма билим бериў мектеплери, басқа да билимлендириў мәкемелери, мәҳәлле ҳәм шөлкемлерде футбол бойынша жарысларды турақлы түрде шөлкемлестириў;
жоқары қәбилетке ийе болған жас футболшыларды таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция) системасын түп-тийкарынан жетилистириў, оларды басқышпа-басқыш профессионал таярлықтан өткерип барыў арқалы футболы раўажланып атырған мәмлекетлердиң жетекши клубларына «футболшылар экспорты»н әмелге асырыў системасын жолға қойыў;
футбол тараўына жеке инвестицияларды кеңнен тартыў ҳәм оларды хошаметлеў, футбол тараўын базар механизмлеринде басқарыў, футбол клубларын жеке меншик секторға өткериў және олар арасында саламат спорт бәсеки орталығын жаратыў;
футбол жарысларының ықласбентлери көп болыўын арттырыў ҳәм футболды раўажландырыўдың жаңа системасын нәтийжели жолға қойыў арқалы «өзбек футболы» мектебин жаратыў;
футбол тараўында маман қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў, қәнигелигин арттырыў, таңлап алыў ҳәм раўажландырыўға алдынғы илимий-методикалық ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў;
футбол тараўындағы нормативлик-ҳуқықый базаны буннан былай да жетилистириў, футбол инфраструктурасын материаллық-техникалық жақтан және де жақсылаў ҳәм халықаралық талапларға сәйкеслендириў.
- Төмендегилер:
Өзбекстанда профессионал футболды раўажландырыў схемасы 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстанда футболды 2030-жылға шекем раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыў концепциясы 2-қосымшаға муўапық;
Өзбекстанда футболды 2030-жылға шекем раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыў концепциясын 2019-2020-жыллары әмелге асырыў бойынша «Жол карта» 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан футбол ассоциациясы, министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының «Жол картасында» нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынлаў бойынша жеке жуўапкершилиги көрсетип өтилсин.
- Өзбекстанда футболды 2030-жылға шекем раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери 4-қосымшаға муўапық (кейинги орынларда – Мақсетли көрсеткишлер) тастыйықлансын ҳәм онда соның ишинде, төмендегилер нәзерде тутылсын:
улыўма халыққа салыстырғанда футбол менен турақлы шуғылланыўшылардың санын кеминде 5 процентке шекем жеткериў арқалы республикада футболдың ғалабалығын тәмийинлеў;
Халықаралық Футбол Ассоциациялары Федерациясының миллий сайланды командалары рейтингинде Өзбекстан миллий сайланды командасының күшли 50 ликке кириўине ерисиў;
жеке меншик футбол мектеплери ҳәм жеке меншик профессионал футбол мектеплериниң санын басқышпа-басқыш арттырыў;
Өзбекстан Республикасында Халықаралық Футбол Ассоциациялары Федерациясы ҳәм Азия футбол конфедерациясы классификациясына киретуғын чемпионатлар ҳәм рәсмий халықаралық турнирлерди шөлкемлестириў ҳәм өткериў.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Мақсетли көрсеткишлерге ерисиў, белгиленген илажларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынлаў ушын жуўапкер болған министрликликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысы муўапықластырылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Өзбекстан футбол ассоциациясының:
профессионал футбол клублары жанындағы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын балалар-жас өспиримлер футбол мектеплери негизинде Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги жанындағы футбол шеберлик мектеплери (кейинги орынларда – футбол шеберлик мектеплери) ҳәм балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплерин шөлкемлестириў;
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда халықтың санынан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын қосымша футбол шеберлик мектеплерин шөлкемлестириў;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академияларын футбол шеберлик мектеплери етип қайта шөлкемлестириў ҳәм оларды Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлигиниң қарамағына өткериў;
қәнигелестирилген олимпиада резервлери мектеп интернатларының негизинде олимпиада резервлери колледжлерин ҳәм оларға ажыратылған қабыллаў квотасы шеңберинде футбол бөлимлерин шөлкемлестириў ҳәм оларда футбол бойынша қәнигелерди (спортшылардан тысқары) таярлаў;
футбол шеберлик мектеплериниң басшылары, тренерлери ҳәм басқа да хызметкерлерине олимпиада резервлери колледжлери ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлерин қолланыў;
футбол шеберлик мектеплерин тийислисинше аймақлық профессионал футбол клубларына бириктириў;
2020/2021-оқыў жылынан баслап тийисли билимлендириў мәкемелеринде футбол клублары, спорт билимлендириў мәкемелери ушын спорт шыпакери, спорт психологи, спорт фармакологи, спорт юристи ҳәм спорт диетологи бағдарлары бойынша тәжирийбели қәнигелер таярлаўды шөлкемлестириў;
заманагөй илимий жетискенликлер ҳәм инновациялық технологиялардан пайдаланған ҳалда тренер, селекционер (скаут), аналитик, төреши, маркетолог ҳәм футбол менеджери бағдарлары бойынша жоқары маман футбол қәнигелерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў мақсетинде жергиликли және сырт ел қәнигелерин кеңнен тартыў арқалы Өзбекстан футбол ассоциациясы жанында Футбол қәнигелерин таярлаў орайын шөлкемлестириў;
халықаралық тәжирийбеден келип шығып, Халықаралық Футбол Ассоциациялары Федерациясы, Азия Футбол Конфедерациясының талапларына муўапық 2021-жылғы футбол мәўисиминен баслап Суперлига командалары арасындағы ушырасыўларда әдиллик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде VAR (Video Assistant Referee, видео жәрдемши төреши) системасын енгизиў;
халықаралық талаплардан келип шығып, потенциалы жоқары футболшыларды профессионал дәрежеде таярлаў, олардың сырт мәмлекетлердиң абырайлы футбол клубларында профессионал жумыс алып барын тәмийинлеў, сондай-ақ, футболшылардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў мақсетинде футбол бойынша агентлер (дәлдәлшылар)диң жумысын тәртипке салыў және оларды аккредитациядан өткериў ўәкиллигин Өзбекстан футбол ассоциациясына жүклеў;
2021-жыл 1-январьдан баслап халықаралық тәжирийбеден келип шығып, спорт тараўын, әсиресе, футболды және де раўажландырыў, оның инвестициялық тартымлылығын арттырыў, қосымша қаржыларды тартыў мақсетинде Өзбекстан Республикасында букмекерлик жумысын әмелге асырыўға рухсат бериў;
Өзбекстан футбол ассоциациясы жанындағы Республикалық балалар ҳәм жас өспиримлер академиясының структурасына қосымша еки селекционер штат бирлигин киргизиў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
Өзбекстан Республикасы Капитал базарын раўажландырыў агентлиги Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Бас прокуратура, Әдиллик министрлиги, Ишки ислер министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2020-жыл 1-июньге шекем шахслар тәрепинен букмекерлик жумысын әмелге асырыўды бузыў, сондай-ақ, тотализатор ойнаў, ойынға ямаса оның нәтийжесине тәсир өткериў мақсетинде келисилген ойынлар өткериў, оларға қатнасыў бойынша жуўапкершиликти белгилеў бойынша Жынаят кодекси ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, улыўма билимлендириў мектеплери ҳәм спорт билимлендириў мәкемелеринде футбол бойынша оқыў, оқыў-шынығыў, тәрбияланыўшы ҳәм оқыўшыларды сайлап алыў (селекция) ҳәм оларда жарысларды өткериў тәртиби Өзбекстан футбол ассоциациясы тәрепинен белгиленетуғыны ҳәм муўапықластырып барылатуғыны;
футбол шеберлик мектеплериниң директорлары ҳәм спорт бойынша директор орынбасарларын лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымынан азат етиў Өзбекстан футбол ассоциасының усынысына тийкарланып Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- 2020-2025-жылларда Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги жанындағы футбол шеберлик мектеплерин шөлкемлестириў, оларда қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумысларын әмелге асырыў кестеси 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте 2020-жыл ҳәм келеси жылларда Өзбекстан Республикасының инвестициялық бағдарламасын қәлиплестириўде ислеп шығылған жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине тийкарланып футбол шеберлик мектеплерин қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары ушын орайласқан капитал қойылмалар лимитлериниң ажыратылыўын тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги футбол шеберлик мектеплерин қурыў ҳәм бар жерлерин реконструкциялаў бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин комплексли экспертизадан өткериўди тәмийинлесин ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы орынланыўы үстинен мәмлекетлик архитектура-қурылыс қадағалаўын орнатсын.
- а) улыўма билим бериў мектеплери арасында:
ҳәр бир район (қала)да турақлы түрде жылына кеминде еки рет «Мектеплер футбол лигасы» жарыслары өткерип барылатуғыны;
«Мектеплер футбол лигасы» жарыслары район (қала) ҳәм Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы спорт ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режелерине ҳәм Өзбекстан «Ёшлик» денетәрбия ҳәм спорт жәмийетине ажыратылған қаржылар шеңберинде қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.
Онда «Мектеплер футбол лигасы» жарысларын өткериў нәтийжелери бойынша қәбилетли оқыўшылар район (қала)лық балалар-жас өспиримлер спорт мектеплериниң футбол бөлимлери ҳәм жеке меншик футбол мектеплеринен сайлап алынады (селекция);
б) район (қала)лық балалар жас өспиримлер спорт мектеплериниң футбол бөлимлери ҳәм жеке меншик футбол мектеплери арасында:
жас категориясынан келип шығып белгиленген нормалар тийкарында район (қала)лық, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәм республикалық көлемде «Спорт мектеплери футбол лигасы» жарыслары өткерип барылады;
«Спорт мектеплери футбол лигасы» жарыслары Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режелерине ажыратылған қаржылар шеңберинде қаржыландырылады.
Онда «Спорт мектеплери футбол лигасы» жарысларын өткериў нәтийжелери бойынша футбол шеберлик мектеплери, жеке меншик профессионал футбол мектеплери ҳәм профессионал футбол клублары жанындағы футбол академияларына футболшылар сайлап алынады (селекция);
в) футбол шеберлик мектеплери, жеке меншик профессионал футбол мектеплери ҳәм профессионал футбол клублары жанындағы футбол академиялары арасында;
жас категориясынан келип шығып белгиленген нормалар тийкарында «Профессионал футбол лигасы мектеплери лигасы» өткерип барылады;
«Профессионал футбол мектеплери лигасы» жарысларын өткериў нәтийжелери бойынша аймақлық профессионал футбол клубларына футболшылар сайлап алынады (селекция);
«Профессионал футбол мектеплери лигасы» жарыслары Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режелерине ажыратылған қаржылар шеңберинде қаржыландырылады.
Онда футбол шеберлик мектеплери, жеке меншик профессионал футбол мектеплери ҳәм профессионал футбол клублары жанындағы футбол академияларының футболшылары республикалық ҳәм халықаралық көлемдеги жарысларда қатнасады;
г) Өзбекстан футбол ассоциациясы жанындағы республикалық балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясында футбол бойынша түрли жас категориясындағы сайланды командалар таярлық көреди.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Қаржы министрлиги, Өзбекстан футбол ассоциациясы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң мәмлекетлик кәрханалар ҳәм шөлкемлер тәрепинен қаржыландырылатуғын профессионал футбол клубларының устав фондларындағы мәмлекетлик ҳәм мәмлекеттиң үлеси болған хожалық жәмийетлериниң үлеслерин Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине өткериў арқалы жеке инвесторларға сатыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине өткерилетуғын профессионал футбол клубларының устав фондындағы мәмлекетлик ҳәм мәмлекеттиң үлеси болған хожалық жәмийетлериниң үлеслери дизими 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
профессионал футбол клубларының устав фондындағы мәмлекетлик үлеси болған хожалық жәмийетлериниң үлеслери Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине хожалық жәмийетлериниң устав капиталындағы мәмлекетлик үлес ҳәм хожалық жәмийетлериниң үлеслерин баланс баҳасында азайтыў есабынан берилетуғыны;
Усы Пәрманның 6-қосымшасында нәзерде тутылған профессионал футбол клубларының устав фондында мәмлекет үлеслери Мәмлекет мүлкин сатыўда тендер саўдаларын өткериў бойынша мәмлекетлик комиссияның қарарына тийкарланып белгиленген тәртипте сатылатуғыны атап өтилсин.
- Профессионал футбол клубларына мәмлекетлик кәрханалар ҳәм мәмлекеттиң үлеси бар болған шөлкемлер тәрепинен ажыратылып атырған финанслық қаржылардың нәтийжели пайдаланыўы үстинен Өзбекстан футбол ассоциациясы тәрепинен мониторинг өткериў әмелияты енгизилсин.
Өзбекстан футбол ассоциациясы:
мониторинг нәтийжелери бойынша мәмлекетлик кәрханалар ҳәм шөлкемлерге, сондай-ақ, жоқары турыўшы уйымларға усыныслар киргизип барсын;
профессионал футбол клубларындағы спортшы ҳәм басқа да қәнигелерди хошаметлеў системасының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде еки ай мүддетте бирден-бир тәртипти ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери аймақлық футбол ассоциацияларының жумысы тийисли түрде Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қосымша дәраматлары есабынан қаржыландырылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қурылыс министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Өзбекстан Миллий Олимпиада комитети, Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан футбол ассоциациясының 2020-2021-жылларда:
Ташкент ўәлаяты, Жоқары Шыршық районы, Янгибозор посёлкасы аймағында футбол бойынша миллий сайланды командалар ушын оқыў-шынығыў орайын шөлкемлестириў;
Өзбекстан футбол ассоциациясы жанында функционаллық диагностика, спортшыларды саламатландырыў ҳәм реабилитациясы ушын заманагөй спорт медициналық орайын шөлкемлестириў ҳәм зәрүр медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Қаржы министрлиги менен биргеликте 2020-жыл Өзбекстан Республикасы инвестициялық бағдарламасының орайласқан капитал қойылмалар лимитлери шеңберинде футбол бойынша миллий сайланды командалар ушын оқыў-шынығыў орайын қурыў жумысларының жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыўы ушын зәрүр қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Капитал базарын раўажландырыў агентлиги Қаржы министрлиги, Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Әдиллик министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Өзбекстан Миллий Олимпиада комитети, Өзбекстан футбол ассоциациясы менен биргеликте 2020-жыл 1-июньге шекем букмекерлик жумысын әмелге асырыўға байланыслы нормативлик-ҳуқықый жойбарлар ҳүжжетлерин Министрлер Кабинетине киргизсин және оларда, соның ишинде, төмендегилерди:
букмекерлик жумысын лицензиялаў Өзбекстан Республикасы Капитал базарын раўажландырыў агентлиги тәрепинен әмелге асырылыўын;
букмекерлик жумысы менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъекти тәрепинен телекоммуникация тармақларында, соның ишинде, Интернет тармағы провайдерлеринде хызметлердиң көрсетилиўин тәртипке салыўды;
букмекерлик жумысы менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлери дәраматларының бир бөлегин спорт түрлери, соның ишинде, футболды раўажландырыў ушын бағдарлаўды;
букмекерлик жумысын мәмлекет тәрепинен қадағалаў механизмлериниң енгизилиўин нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги футбол шеберлик мектеплериниң жумысына байланыслы қәрежетлер, сондай-ақ, оларды футболы раўажланған мәмлекетлер тәжирийбесинен келип шығып, заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў қәрежетлери ушын зәрүр қаржыларды 2020-жыл Мәмлекетлик бюджетиниң «Мәденият ҳәм спорт» тараўына ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде ажыратсын ҳәм 2021-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери 2020-жыл 1-февральға шекем тийисли аймақларда стадион ҳәм футбол майданларын хатлаўдан өткерсин ҳәм хатлаў нәтийжеси бойынша ийеси белгисиз стадион ҳәм футбол майданлары нызамшылықта белгиленген тәртипте орынлардағы район (қала)лық балалар-жас өспиримлер спорт мектеплерине өткерилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 7-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги Әдиллик министрлиги, Өзбекстан футбол ассоциациясы ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң баслығы А.А.Азизовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 4-декабрь