Қәдирли дослар!

Ҳүрметли темир жолшылар!

«Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети акционерлик жәмийети системасында мийнет етип атырған жумысшы ҳәм хызметкерлерди, қурылысшы ҳәм инженерлерди, машинист ҳәм вагон бақлаўшыларын, тараў ветеранларын, жемисли мийнети менен елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған барлық жерлеслеримизди Өзбекстан Республикасы темир жол транспорты хызмекерлери күни байрамы менен қызғын қутлықлап, сизлерге өзимниң жақсы тилеклеримди ҳәм терең ҳүрметимди билдиремен.

Өз кәсибине садық ҳәм пидайы сизлер сыяқлы мыңлаған ўатанласларымыздың шын кеўилден ислеп атырған мийнети, билим ҳәм тәжирийбесиниң арқасында темир жол тармағының хызметкерлери ел-журтымыз арасында орынлы түрде абырай-итибарға ҳәм ҳүрметке ылайық болып келмекте.

Елимиздиң темир жол системасы бийғәрез мәмлекетимиз бенен бирге үлкен раўажланыў жолын басып өткенин атап өтиў керек. Өткен шерек әсир даўамында пуқта ойланған, узақ мүддетке мөлшерленген стратегия тийкарында тармақты ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша үлкен қурылыс жумыслары әмелге асырылды.

«Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети шөлкемлестирилген күннен баслап жүк тасыў көлеми 2,1 мәрте, жолаўшы тасыў көлеми 2 есеге көбейгени темир жол арқалы  1,5 миллиард тонна жүк тасылып, 370 миллион жолаўшы өз мәнзилине жеткерилгени сизлердиң пидәкерлик мийнетиңиздиң нәтийжесинде әмелге асырылған жумыслардың салмағы қаншелли аўыр екенин айқын дәлиллейди.

Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша қабыл етилген Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде барлық тараў ҳәм тармақлар сыяқлы темир жол системасында да түпкиликли реформалар алып барылмақта.

Ҳәзирги ўақытта елимиз бойынша жүклердиң 60 процентинен асламы, жолыўшылардың болса 75 процентинен артығы темир жол транспорты арқалы мәнзиллерине жеткерилип атырғанын есапқа алатуғын болсақ, бул тараў экономикамыздың раўажланыўында қандай әҳмийетли ҳәм үлкен абырайды ийелеп турғанын және де тереңирек сеземиз.

Системадағы санаат қәрханалары дәўир талабына сай технологиялар менен үскенеленип, оларда заманагөй жолаўшы ҳәм жүк вагонлары ислеп шығарылмақта. Бул болса елимизде барған сайын раўажланып атырған транспорт машина қурылысы тараўында да темир жолшыларымыз өзиниң мүнәсип орнын тапқанынан дәрек береди.

Соның ишинде, бир ғана «Қуйыў-механика заводы» кәрханасында ҳәрекет ететуғын қурамды оңлаў базасын раўажландырыў, вагон қурылысын шөлкемлестириў ҳәм қуйыў кәрханасын реконструкциялаўға қаратылған үлкен көлемдеги жойбардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде жаңа жүк вагонлары, көп тонналы контейнерлер ислеп шығарылыўын кеңейтиў ҳәм жүк вагонларын ири оңлаў ҳәм қайта тиклеў жумысларын буннан былай да жеделлестириў имканияты жаратылмақта.

Бүгинги күнде Өзбекстан темир жоллары трансрегионаллық транспорт коридорларының ең әҳмийетли буўыны сыпатында халықаралық темир жоллар тасыўы системасында мүнәсип орын ийеледи. Бул бағдарда әмелге асырылған кең көлемдеги жумыслардың барлығы экономикамызда жоқары нәтийжелерди қолға киргизиўге тийкар болмақта. Темир жолшыларымыз тәрепинен ғәрезсизлик жылларында 1500 километрден аслам жаңа темир жоллардың қурылғаны, 1800 километрлик темир жол линияларының электрлестирилгени елимизди модернизациялаўда үлкен қәдем болды.

Ең тийкарғысы, бул өзгерислер халқымыз турмысында унамлы нәтийжесин көрсетпекте.

Итибарлы тәрепи сонда, бундай жумысларымыз бүгинги күнде де избе-излик пенен даўам еттирилмекте. Соның ишинде, ҳәзирги ўақытта Ташкент метрополитениниң «Сергели – Алмазар», «Дослық – Раҳат – Қойлық базары» бағдарларында Орайлық Азияда бирден-бир болған жер үсти айланба метро линияларын қурыў жумыслары жедел пәтлер менен алып барылып атырғанынан жәмийетшилигимиз жақсы хабардар.

«Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң көп миллетли жәмәәтти темир жол транспорты коммуникацияларын раўажландырыў, жетилистириў ҳәм реконструкциялаў, темир жол арқалы жүк ҳәм жолаўшы тасыў қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында да салмақлы жумысларды әмелге асырмақта.

Бул бағдарда жаңа темир жоллардың пайдаланыўға тапсырылыўы елимиз аймақларының экономикалық потенциалын буннан былай да раўажландырыў, минерал ресурслар, нефть ҳәм газ, реңли металлар, қурылыс материаллары ҳәм басқа да шийки затқа бай кәнлерди комплексли өзлестириў, ең әҳмийетлиси, мыңлаған жерлеслеримизди жумыс пенен тәмийинлеў имканиятын берип атырғанын айрықша атап өтиў керек.

Испанияның «Talgo» компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған жоқары тезликте ҳәрекет ететуғын «Аfrosiyob» электропоездлары пайтахтымыздан Самарқанд, Бухара, Қаршы сыяқлы тарийхый қалаларымызға қатнамақта. Бул электро поездлар қысқа мүддетте халқымыздың ҳәм сырт ел мийманларының итибарына ҳәм исенимине миясар болды.

«Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети тәрепинен транспорт тараўындағы хызмет көрсетиў дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў мақсетинде ҳәрекет ететуғын қурамды заманагөй, жоқары нәтийжели локомотив ҳәм қолайлы вагонлар менен тәмийинлеў ҳәм модернизациялаў жумысларына айрықша итибар қаратылмақта.

Бүгинги күнде елимизде дүнья жүзи стандартлары талапларына жуўап беретуғын 16 жаңа темир жол вокзалы қурылды, 10 вокзал қайта қурылды ҳәм дерлик барлық станциялар халықаралық сапа стандарлары талаплары дәрежесиндеги жоқары технологиялар менен үскенеленди.

Темир жол транспорты коммуникациялары ҳәм инфраструктураны раўажландырыў ушын 8 миллиард доллардан аслам қаржы қаратылды, соннан 2,6 миллиард доллары сырт ел инвестициялары болып табылады.

Темир жолшыларымыз және бир жөнелис – көмир санаатын техникалық жақтан қайта үскенелеў, модернизациялаў, кән жумысларының нәтийжелигин арттырыў, ресурсларды үнемлейтуғын жаңа, прогрессив технологияларды енгизиў, халыққа көмир өнимлерин жеткерип бериў жумысларында да өзлериниң жоқары потенциалын көрсетпекте.

Сизлердиң пидәкерлик пенен мийнет ислеп, узағымызды жақын ететуғын айдын жоллар, Ташкент қаласында ҳәм елимиздиң барлық аймақларында онлаған заманагөй көпирлер қурып, Ўатанымыздың абаданлығына мүнәсип үлес қосып атырғаныңыз айрықша мақтаўға ылайық.

Сондай-ақ, темир жол тараўы жумысшы-хызметкерлериниң «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде социаллық тараўда, атап айтқанда, тәбийғый шараяты, ықлымы аўыр аймақларға таза ишимлик суўын жеткерип бериў, аўыл ҳәм мәҳәллелерди абат етиў, халқымыздың абаданлығын арттырыў, арзан турақ жайлар, тәлим-тәрбия, денсаўлықты сақлаў мәкемелери, мәденият ҳәм спорт орынларын қурыў жолында алып барып атырған ийгиликли жумысларын қанаатланыўшылық пенен атап өтиўди қәлер едим.

Өзбекстан темир жол тармағының келешеги, бәринен бурын, тараўға заманагөй билимге ийе, алдынғы технологияларды пуқта өзлестирген, өз кәсибине садық, Ўатанымызға перзентлик меҳир менен жасайтуғын жас қәнигелер менен жумысшыларды кеңнен тартыўға тиккелей байланыслы болып табылады.

Елимиздеги 3 темир жол кәсип өнер колледжи, академиялық лицей ҳәм Ташкент темир жол инженерлери институтын ҳәр жылы 3 мыңнан аслам қәнигелер тамамлап, турмысқа жоллама  алып атырғаны елимиз темир жол транспортының келешекте раўажланыўы ушын исенимли тийкар болып хызмет етпекте.

Ҳәзирги ўақытта сизлердиң алдыңызда жүк ҳәм жолаўшы тасыў көлемин кеңейтиў менен бир қатарда, аймақлардың экономикалық потенциалын буннан былай да  арттырыў, бай минерал-шийки зат ресурсларын комплексли өзлестириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, тармақ кәрханалары ушын қәнигелер таярлаў, экономика тармақлары ҳәм халықтың көмир өнимлерине барған сайын артып атырған талабын қанаатландырыўға қаратылған инвестициялық жойбарларды әмелиятқа енгизиў сыяқлы әҳмийетли ҳәм тийкарғы ўазыйпалар тур.

87 мыңнан аслам жоқары қәнигели, өз кәсибине садық, пидайы ҳәм алдыңғы темир жолшылар жәмәәти бул ўазыйпаларды терең сезинген ҳалда өзлериниң бар билим, шеберлигин ҳәм күш жигерин жумсап, өзлерине жүкленген ўазыйпаларды мақтаныш пенен атқаратуғынына исенемен.

Ҳүрметли темир жол транспорты хызметкерлери!

Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, мақтанышлы жумысыңызда ҳәм жеке турмысыңызда жетискенликлер менен әўметлер, шаңарағыңызға ығбал-бахыт, қут-берекет тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти