Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Мәмлекетимиз аймақларында жаңа туризм индустриясы объектлерин көбейтиў арқалы қолайлы саяхат етиў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, жәҳән базарында миллий туризм өнимлерин жедел үгит-нәсиятлаўдың заманагөй механизмлерин енгизиў, ишки туризм имканиятларын және де кеңейтиў, транспорт логистикасындағы машкалаларды шешиў, сондай-ақ, тараўға тиккелей инвестицияларды тартыў мақсетинде:

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық, туризм тараўында қолайлы исбилерменлик орталықты жаратыў ҳәм туризм хызметлери экспортын кеңейтиў мақсетинде:

а) 2024-жыл 1-сентябрьден баслап кириў туризминиң жумысын әмелге асыратуғын Өзбекстан Республикасы резиденти болган туроператорларды сырт мәмлекетлерден республикаға туристлерди алып келиўде айланба қаржы менен тәмийинлеў ушын Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры тәрепинен республикалық коммерциялық банклери арқалы 50 миллион АҚШ доллары эквивалентинде миллий валютада жыллық 14 процент ставкада кредит линиясы ашылады. Онда:

коммерциялық банклер тәрепинен Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры ресурслары есабынан ажыратылатуғын кредитлер бойынша белгиленген жыллық процент ставкасы қурамында банк маржасы 3 проценттен артпаған муғдарда орнатылады;

кредит қаржылары туроператорларға 2 жыллық жеңилликли дәўир (процент ҳәм тийкарғы қарыздан) менен 10 жыл мүддетке ажыратылады;

Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры тәрепинен коммерциялық банклерге ресурслар 3 жыллық жеңилликли дәўир менен 12 жыл мүддетке ажыратылады;

б) 2025-жыл 1-августқа шекем Қарақалпақстан Республикасында дизимге алынып, лицензияға ийе болган туроператорларға, есаптан тысқары, экстремал түрлерди шөлкемлестириў ушын двигатель көлеми 2,4 литрден кем болмаған жоқары өтиў қәбилетине ийе транспорт қураллары импорт етилип атырғанда бажыхана бажы ҳәм уитилизация жыйымын әмелдеги ставканың 25 проценти муғдарында 3 жыл мүддетке бөлип-бөлип төлеўге рухсат етиледи.

Бунда, усы транспорт қуралы импорт етилген күннен баслап 3 жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы аймағынан тысқарыда пайдаланылғанлығы, басқа шахсларға сатылғанлығы яки өткерилгенлиги яки ижараға берилгенлиги анықланған жағдайда, бажыхана бажы ҳәм утилизация жыйымы толық көлемде импорт етилген шахстан өндирип алынады;

в) 2025-жыл 1-августқа шекем туризм тараўында жумыс алын баратуғын исбилерменлик субъектлери тәрепинен импорт етилетуғын автобус ҳәм микроавтобус бажыхана бажынан азат етиледи. Онда:

бул жеңилликлер Өзбекстан Республикасы бажыхана аймағына алып кирилип атырған жаңадан ислеп шығарылған, «Евро-5» ҳәм оннан жоқары экологиялық категория талапларына сәйкес келетуғын автобус ҳәм айдаўшыдан тысқары сегиз ҳәм оннан артық орынлықларға ийе болған микроавтобуслар ушын бериледи;

импорт етилген автобуслар ҳәм микроавтобуслар импорт етилген күннен баслап үш жыл даўамында басқа шахсқа сатылған яки өткерилген яки ижараға берилген жағдайда, берилген жеңилликлер бийкар етиледи ҳәм бажыхана бажы белгиленген тәртипте толық көлемде импорт етилген шахстан өндирип алынады;

г) Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы туризм комитети (кейинги орынларда – Туризм комитети) тәрепинен дизими қәлиплестирилетуғын халықаралық туризм ярмаркалары ҳәм көргизбелеринде туризм тараўындағы исбилерменлер, өнерментлер, мәденият ҳәм көркем өнер ўәкиллери қатнасады. Бунда, 2025-жыл 1-январьдан баслап:

халықаралық туризм ярмаркасы ҳәм көргизбелери ушын Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық жергиликли бюджетинен 1 миллиард сумнан кем болмаған қаржы ажыратылады;

жумыс баслағанына 3 жылдан көп болмаған туроператорлардың халықаралық туризм ярмарка ҳәм көргизбелердеги павильон ижарасы қәрежетиниң 50 проценти Туризм комитетиниң бюджеттан тысқары Туризмди қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) қаржылары есабынан қаплап бериледи;

өнерментлердиң халықаралық туризм ярмаркалары ҳәм көргизбелериндеги павильон ижарасы, оларды көрсетилген өнимлерди тасыў ҳәм авиабилет қәрежетлериниң 50 проценти Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги жанындағы Өнерментшилик ҳәм бөлип алып ислеўди қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан қаплап бериледи.

  1. Төмендегилер:

Туризмди раўажландырыў бойынша республикалық жәмийетлик кеңеси (кейинги орынларда – Республикалық кеңеси) қурамы 1-қосымшаға муўапық;

Туризмди раўажландырыў бойынша жергиликли жәмийетшилик кеңеслериниң (кейинги орынларда – жергиликли кеңес) үлги қурамы 2-қосымшаға муўапық;

Сырт ел ҳәм жергиликли туристлердиң ағымын және де арттырыў бойынша «жол картасы» 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Туризм комитетиниң Өзбекстан Республикасының туризм өнимин халықаралық ҳәм ишки туризм базарларында үгит-нәсиятлаў, саяхат ҳәм дем алыў ушын қәўипсиз мәмлекет сыпатындағы имиджин және де беккемлеўге қаратылған төмендегилерди нәзерде тутатуғын жаңа миллий туризм брендин (танытыў белгиси) жаратыў ҳаққындағы усынысқа разылық берилсин:

маркетинг ҳәм брендинг консалтинг компанияларын тартқан ҳалда Өзбекстан Республикасының жаңа миллий туризм бренди (кейинги орынларда – туризм бренди) н ислеп шығыў;

туризм брендиниң мақсетли базарлар (аудитория) талапларынан келип шығып, сырт мәмлекетлерде Өзбекстанның тарийхы, мәдений, гастрономиялық, медициналық ҳәм саламатландырыў, археологиялық, экологиялық ҳәм экстремал сыяқлы туризмниң түрлери ҳаққында контентлер жаратыў;

заманагөй маркетинг технологияларынан, соның менен бир қатарда, халықаралық медиа ҳәм социаллық платформалар, пүткил жер жүзилик спорт, мәденият ҳәм көркем өнер илажлары майданынан пайдаланған ҳалда туризм брендин үгит-нәсиятлаў системасын жаратыў.

  1. Туризм комитети:

2024-жыл 1-октябрьге шекем жаңа миллий туризм брендин жаратыў ушын таңлаў өткерсин;

2024-жыл Халықаралық туризм күни шеңберинде биринши глобал туризм медиакампусын шөлкемлестирсин;

2024-2025-жыллары аудиториясы 10 миллионнан артық болған 50ге шекем сырт ел журналист, блогер, влогер ҳәм инфлюэнсерлерди тартсын.

  1. Белгиленсин:

а) Өзбекстан Республикасы резиденти болган туроператорлардың өз өнимлерин үгит-нәсиятлаў мақсетинде республикаға алып келген белгили сырт елли блогерлердиң (аудиториясы 1 миллионнан аз болмаған) жасаў қәрежетлери Қор қаржылары есабынан қаплап бериледи.

Онда, белгили блогерлерди алып келиў бойынша қарежетлер сметасы Туризм комитети менен алдыннан келисиледи;

б) Республика кеңеси ҳәр шеректе кеминде бир мәрте, жергиликли кеңеслер ҳәр айда бир мәрте туризм тараўы субъектлериниң жумысы, туризм инфраструктурасы ҳәм транспорт логистикасы тараўларында пайда болып атырған машқалаларды көрип шығып, оларды сапластырыў ҳәм мәўсим алды таярлық көриў ҳәм алдыннан хабар бериў тәртиби тийкарында жумыс алып барады;

в) 2025-жыл 1-январьдан баслап кеминде 100 сырт елли қатнасыўшысы болган үш күннен кем болмаған бизнес илажларды Өзбекстан Республикасы аймағында шөлкемлестирген исбилерменлик субъектлери 2028-жыл 1-январьға шекем бул бизнес илажларды шөлкемлестириўден алынған дәраматтан алынған пайда салығын усы салық бойынша белгиленген салық ставкасына салыстырмалы 50 процентке кемейтилген салық ставкасы бойынша төлейди.

  1. Туризм комитети:

бир ай мүддетте миллий туризм делегациясы қатнасыўы керек болған көргизбелер дизимин қайта көрип шығып, Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин;

үш ай мүддетте жумыс баслағанына 3 жылдан көп болмаған туроператорлардың халықаралық туризм ярмарка ҳәм көргизбелериндеги павильон ижарасы қәрежетиниң 50 процентин Қор қаржылары есабынан қаплап бериў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин;

Мәденият министрлиги «Өнермент» ассоциациясы менен биргеликте 2024-жыл 1-декабрьге шекем сырт мәмлекетлер кесиминде халықаралық туризм көргизбелеринде көрсетиў ушын мәдений, гастрономиялық ҳәм өнерментшилик контентин ислеп шықсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери 2025-жылдан баслап ҳәр жылы халықаралық туризм ярмаркалары ҳәм көргизбелери ушын жергиликли бюджеттен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық халық депутатлары кеңеслерине усыныс киргизген ҳалда 1 миллиард сумнан кем болмаған қаржылар ажыратып бериў илажларын көрсин.
  2. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги еки ай мүддетте халықаралық фестивальларда қатнасатуғын өнерментлерге павильон ижарасы, оларда көрсетилетуғын өнимлерин тасыў ҳәм авиабилет қәрежетлериниң 50 процентин өнерментшилик ҳәм бөлип алып ислеўшиликти қоллап-қуўатлаў қорынан қаплап бериўи тәртибин нәзерде тутатуғын қарар жойбарын Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.
  3. Министрлер Кабинети (Ж. Қўчқоров, Ж. Ходжаев) еки ай мүддетте туроператорларға айланыс қаржы ушын экспорт алды қаржыландырыўға 50 миллион долларға шекем ресурс ажыратыў ҳәм оны мақсетли жумсаў тәртибин енгизиў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын киргизсин.
  4. Туризм комитети Стратегиялық жойбарлар агентлиги менен биргеликте 2024-жыл 1-декабрьге шекем алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда «Туризм өнимлерин усыныс етиў» моделинен «Қарыйдарға не керек» моделине өтиўдиң қысқа мүддетли концепциясын ислеп шықсын.

Онда, туристлердиң пикирин үйрениў мақсетинде халықаралық аэропортлар, шегара өткериў пунктлери ҳәм туризм көрсетиў объектлеринде QR-код тийкарында сораўлар өткерип барылыўы нәзерде тутылады.

  1. Транспорт министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Санлы технологиялар министрлиги 2024-жыл 1-декабрьге шекем елимиздеги барлық авиа, темир жол ҳәм автобус қатнаўлары ҳаққында мағлыўмат ҳәм билет алыў имканиятын беретуғын бирден-бир онлайн платформаны иске қоссын.
  2. Транспорт министрлиги:

авиа, темир жол ҳәм автобус билетлерин дифференцияласқан баҳаларда кеминде алты ай алдын саўдаға шығарыў системасын енгизсин;

Наўрыз улыўма халықлық байрамы, Ғәрезсизлик күни, Жаңа жыл байрамы ҳәм Рамазан ҳайыты (Ийд ал-Фитр) ҳәм Қурбан ҳайыты (Ийд ал-Адҳа) диний байрамларын белгилеў дәўиринде республика аймақларын байланыстырыўшы қосымша авиа, темир жол ҳәм автобус қатнаўларын жолға қойсын;

Туризм комитети менен биргеликтеги жергиликли ҳәм сырт ел пуқараларын транспорт ҳәм туризм тараўында әмелге асырылып атырған реформалардан хабардар етиў мақсетинде әмелге асырылып атырған илажлар, соның ишинде, ашылып атырған жаңа рейслер, рейслердеги жүклемелер, қәлиплестирилип атырған жаңа авиа ҳәм темир жол маршрутлары ҳаққында мағлыўматларды турақлы түрде ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда сәўлелендирип барсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 8-июльдағы «Аймақлардың экономикалық потенциалын әмелге асырыў ҳәм бос жер участкаларында нәтийжели пайдаланыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-245-санлы қарарының 3-қосымшасы менен мастер-режелер ислеп шығатуғын 20 район (қала)лардың дизими тастыйықланғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Мастер-режелер ислеп шығатуғын аймақларда жер участкаларын сатыўдан түскен қаржылар биринши гезекте Қор қәрежетлерин қаплаўға қаратылатуғыны белгиленсин.

  1. Экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары С.Саъдуллаев мастер-режелер ислеп шығылатуғын 20 район (қала) аймақларында инфраструктураны раўажландырыў менен байланыслы мәселелерди қаржыландырыў ушын жуўапкер етип белгиленсин.
  2. Экономика ҳәм қаржы министрлиги мастер-режелер ислеп шығылатуғын 20 район (қала) аймақларында инженерлик-коммуникация тармақларын жақсылаў ушын:

2024-жыл 31-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен 100 миллиард сум ажыратсын;

2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламасына 132 миллиард сум ажыратыў көзде тутыўын тәмийинлесин.

  1. Туризм комитети Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте бизнес туризмин (MICE) раўажландырыў ушын және де қолайлы орталық жаратыўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, Транспорт министрлиги, Қорғаныў министрлиги бир ай мүддетте Мойнақ ҳәм Паркент районларында экстремал туризмди раўажландырыў бағдарламасын ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин.
  3. Министрлер Кабинети (Ж. Қўчқоров), Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги еки ай мүддетте киши бизнеске таяр орынды көрип усыныс етиў системасын жаратыў бойынша усынысларды киргизсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 4-қосымшаға муўапық өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  5. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоров ҳәм Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри А.А.Абдухакимов белгиленсин.

Пәрманның орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. МИРЗИЁЕВ

Ташкент қ.,

2024-жыл 18-июль,

ПП-102-санлы