Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Рамазан хайытының биринши күни 2023-жылы 21-апрельге туўра келиўин есапқа алған ҳалда халықтың бул байрамды мүнәсип күтип алыўы ҳәм жоқары дәрежеде өткериўи ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 23-декабрьдеги «2023-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша жумыс ислемейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы ПП-270-санлы Пәрманына қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы                                 Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 23-декабрьдеги «2023-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша жумыс исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы ПП-270-санлы Пәрманына киргизилип атырған өзгерислер

  1. 1-бәнт төмендеги редакцияда билдирилсин:

«1. 2023-жылы төмендеги қосымша дем алыс күнлери белгиленсин:

барлық хызметкерлер ушын (жумыс ҳәптесиниң түрине қарамастан): 2-январь – дүйшемби, 24-апрель – дүйшемби, 30-июнь – жума;

алты күнлик жумыс ҳәптесинде жумыс ислейтуғын хызметкерлер ушын: 3-январь – шийшемби, 20-март – дүйшемби, 22-март – сәршемби, 22-апрель – шемби, 24-апрель – дүйшемби, 1-июль – шемби, 2-сентябрь – шемби, 30-декабрь – шемби».

  1. 3-бәнттен бесинши абзацы шығарып таслансын.
  2. 4-бәнттеги «Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги» сөзлери «Мәденият ҳәм туризм министрлиги» сөзлери менен алмастырылсын.

ӨзА