Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Буннан отыз үш жыл алдын оғада аўыр ҳәм қурамалы тарийхый жағдайда қолға киргизилген миллий ғәрезсизлигимиз бүгинги күнде көп миллетли пүткил халқымызды Жаңа Өзбекстанды қурыўдай уллы мақсет жолында бирлестирип, жаңа табыс ҳәм шеклерге қарай илҳамландырмақта.
Әйне ғәрезсизлик себепли мәмлекетимиз суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекетке, халықаралық ҳуқықтың толық субъектине айланды. Дүнья бизди жаңадан таныды ҳәм тән алды. Жер жүзиндеги түрли мәмлекетлер ҳәм халықлар менен дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларымыз барған сайын кеңейип, мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы орны ҳәм абырайы артып бармақта.
Әсиресе, кейинги жыллары мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық реформалар процесинде ғәрезсиз мәмлекет болып, дүньяға ашылып жасаў, еркин ҳәм азат халықлар шаңарағында мүнәсип орын ийелеп, заманагөй раўажланыўға ерисиў қаншелли уллы бахыт ҳәм мақтаныш, үлкен жуўапкершилик екенин терең сезбектемиз.
Халықларымыздың миллий мәплерин тәмийинлеўге қаратылған ишки ҳәм сыртқы сиясат бағдарындағы түпкиликли өзгерислер, ерисилип атырған әмелий нәтийжелер халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынбақта ҳәм қоллап-қуўатланбақта.
Бәршемиз инсан қәдири жоқары норма болған жаңа өмир, жаңа жәмийет қурыў жолында қолға киргизген жеңислеримизди ғәрезсиз раўажланыў идеясына бәрқулла садық, мәрт ҳәм сабырлы халқымыздың пидәкерлик мийнети, ақыл-санасы ҳәм дөретиўшилик потенциалының өними деп билемиз ҳәм мине, усындай уллы елдиң перзентлери екенимизди шексиз мақтаныш етемиз.
Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллық даңқлы сәнесин ҳақыйқый улыўмахалықлық байрамы, азатлық ҳәм бахыт әййямы сыпатында көтериңки кейпиятта күтип алыў ҳәм мәмлекетимиздиң бүгинги раўажланыў дәрежеси, жоқарылаў пәтлерин мүнәсип тәризде белгилеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша республикалық комиссияның (кейинги орынларда – Республикалық комиссия) қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Республикалық комиссия (А.Арипов):
бир ҳәпте мүддетте «Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!» деген баслы идеяны өзинде жәмлеген шөлкемлестириўшилик-әмелий, руўхый-ағартыўшылық илажлары ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларының бағдарламасын тастыйықласын. Бул бағдарлама «Өзбекстан – 2030» стратегиясы, сондай-ақ, «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы» бойынша қабыл етилген мәмлекетлик бағдарлама менен үнлес ҳалда таярлансын;
Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллық байрамы (кейинги орынларда – Ғәрезсизлик байрамы) Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлардың орайлары ҳәм Ташкент қаласында, сондай-ақ, барлық қала ҳәм районлар, аўылларда мүнәсип белгилениўин тәмийинлесин;
аймақларда кең халық қатламлары арасында Ғәрезсизлик байрамына бағышланған руўхый-ағартыўшылық конференциялар, үш әўлад ушырасыўларын, ашықтан-ашық сөйлесиўлер, әдебий-көркем өнер кешелери, миллий кино күнлери, сейиллер, мәденият ҳәм спорт илажлары, гастрономиялық фестивальларды нәтийжели өткериў мақсетинде белгили илим, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, белгили спортшылар, кең жәмийетшилик ўәкиллеринен ибарат үгит-нәсиятлаў топарларын шөлкемлестириў ҳәм олардың анық реже тийкарында жумыс алып барыўын тәмийинлесин;
Ғәрезсизлик байрамына бағышланған барлық илажлардың жоқары дәрежеде шөлкемлестирилиўи бойынша ҳәр бир аймақ, министрлик ҳәм уйым басшыларының есабатларын өз мәжилислеринде турақлы түрде тыңлап барсын.
- Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында өткерилетуғын тийкарғы байрам илажларының бағдарламаларын таярлаўға жоқары профессионал шебер ҳәм тәжирийбеге ийе болған сценарийши ҳәм режиссёрлар, шайыр ҳәм жазыўшылар, композитор ҳәм балетмейстерлер, сахна художниклери, мақам ҳәм бақсышылық көркем өнериниң ўәкиллери, қәбилетли жас атқарыўшылардан ибарат дөретиўшилик топарлар кеңнен тартылсын.
- Орынларда Ғәрезсизлик байрамын жоқары дәрежеде белгилеў мақсетинде төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылсын:
елимизде инсан қәдири, оның ҳуқықлары менен мәплери жетекши орында туратуғын социаллық мәмлекет ҳәм халықшыл жәмийет қурыў жолында әмелге асырылып атырған тарийхый жумыслар, мийнетсүйгиш ҳәм кеңпейил халқымыздың дөретиўшилик потенциалы менен ерисилип атырған үлкен нәтийжелердиң мазмун-мәниси ҳаққында мәҳәллелер, билимлендириў мәкемелери, мийнет жәмәәтлеринде ағартыўшылық ушырасыў ҳәм сәўбетлер өткериў;
кейинги жылларда мәмлекетимизде инвестиция ҳәм бизнес орталығын түп-тийкарынан жақсылаў, исбилерменлер ушын имканиятларды ҳәр тәреплеме кеңейтиў, «жасыл» ҳәм санлы экономикаға өтиў бойынша турмысқа енгизилип атырған ири бағдарлама ҳәм жойбарлар ҳәм бул бағдарда қолға киргизилип атырған жетискенликлерди анық турмыслық мысаллар арқалы кеңнен сәўлелендириў;
суд-ҳуқық системасын реформалаў, қала ҳәм аўылларымызды абат етиў, мәҳәлле системасын халқымызға және де жақынластырыў жолындағы турақлы ҳәрекетлер ҳәм олардың нәтийжеси ҳаққындағы үгит-нәсиятлаў жумысларын буннан былай да күшейтиў;
елимизде дослық ҳәм аўызбиршилик орталығы барған сайын беккемленип, регионымыздағы жақсы қоңсышылық, тынышлықты сүйетуғын сыртқы сиясат себепли Өзбекстанның дүнья жәмийетшилигиндеги абырай-мәртебесин артып, дос ҳәм бирге ислесиўшилеримиздиң қатары кеңейип атырғанын терең таллаўлар тийкарында көрсетип бериў;
нәўқыран әўладқа Жаңа Өзбекстанның келешеги сыпатында айрықша итибар қаратылып атырғаны, жаслар менен ислесиў бойынша сийрек ушырасатуғын система жаратылыўы нәтийжесинде оларды заманагөй қәсип өнерлерге оқытыў, бәнтлигин тәмийинлеў, бос ўақтын мазмунлы өткериў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша елимизде қәлиплескен нәтийжели ҳәм тәсиршең системаның мазмун-мәнисин ашып бериў;
денсаўлықты сақлаў, илим, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт тараўларын раўажландырыў, нуранийлер ҳәм ҳаял-қызларға турақлы ғамқорлық көрсетиў, шаңарақ, аналық ҳәм балалықты қорғаў, гендер теңлик бойынша әмелге асырылып атырған социаллық бағдарламалардың мазмунына айрықша итибар қаратыў;
мәмлекетимиз ғәрезсизлиги, оның қәўипсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлигиниң исенимли кепили болған Өзбекстан Қураллы Күшлериниң әскерий ҳәм жаўынгерлик қүдиретин арттырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумысларды кеңнен үгит-нәсиятлаў;
Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен кексе әўлад ўәкиллерин, атап айтқанда, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм мийнет фронты ветеранларын ҳәр тәреплеме ҳүрметлеў, «Меҳрибанлық», «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» үйлеринде жасап атырған шахслар, социаллық қорғаў дәптерлерине киргизилген ҳәм жәрдемге мүтәж инсанлардың ҳалынан хабар алыў, оларға материаллық ҳәм руўхый жәрдем бериўге байланыслы қайырқомлық илажларын өткериў;
Ўатанымыздың миллий ғәрезсизлиги, халқымыздың азатлығы ушын гүресип, усы жолда жанын пидә еткен, тоталитарлық дүзим дәўиринде сиясий репрессия қурбаны болған ата-бабаларымыздың естелигин еске алыў бойынша белгиленген илажларды әмелге асырыў.
- Мәденият министрлиги (О.Назарбеков):
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте Ташкент қаласында Ғәрезсизлик байрамына бағышлап өткерилетуғын театрластырылған концерт тамашасының бағдарламасы ҳәм сценарийсин ислеп шықсын ҳәм оны жоқары идеялық-көркемлик дәрежеде таярлаў илажларын көрсин;
Көркем өнер академиясы, Жазыўшылар аўқамы, Журналистлер аўқамы менен биргеликте «Ана дияр – реңлер жилўасында», «Ўатан ушын жасайықӘ», «Ең уллы, ең әзиз» сыяқлы дәстүрий таңлаўларды жоқары дәрежеде өткериўди тәмийинлесин;
Композиторлар ҳәм мелодистлер аўқамы, Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте елимиз ғәрезсизлигин жырлайтуғын ең жақсы қосық ҳәм музыка шығармалары таңлаўының жуўмақлаўшы басқышын өткерсин;
бул таңлаўлардың жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерин Ғәрезсизлик байрамы алдынан жәриялаў ҳәм салтанатлы түрде сыйлықлаў илажларын көрсин.
- Өткерилетуғын байрам илажлары:
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда – тийисли жергиликли бюджетлердиң қосымша дәреклери ҳәм физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары есабынан;
Ташкент қаласында – Республикалық комиссия тәрепинен тастыйықланған қәрежетлер сметасына муўапық Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджети қаржылары есабынан тең үлеслерде қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, «Дунё» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Ғәрезсизлик байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Администрациясы Социаллық раўажланыў департаментиниң баслығы О.К.Абдурахмановқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2024-жыл 18-июль