Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Көп миллетли халқымыз усы күнлерде Ўатанымыздың жәмийетлик-сиясий, руўхый-ағартыўшылық турмысында пүткиллей жаңа дәўирди баслап берген умытылмас тарийхый ўақыя – Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллық сәнесен көтериңки руўх ҳәм жоқары кейпият пенен белгилеў ушын қызғын таярлық көрмекте.

Әйне 1991-жыл 31-август күни халқымыз өз Ўатаны, тәғдири ҳәм келешегине өзи ийелик етиў ҳуқықын қолға киргизди. Дүнья жүзи картасында Өзбекстан Республикасы – жаңа суверен ҳәм еркин мәмлекет пайда болды.

Өткен тарийхый жақтан қысқа ўақыт даўамында елимиздиң пидәкерлик мийнети ҳәм исеними менен миллий өзлигимиз, ески тарийхымыз, бай мәдениятымыз, ийгиликли қәдирият ҳәм дәстүрлеримиз қайта тикленди, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың негизги тийкарлары өзгерип, мәмлекетимиз дүнья жәмийетшилигинде өзиниң мүнәсип орнына ийе болды.

Ғәрезсиз раўажланыў жолындағы кең көлемли реформаларымызды избе-из даўам еттириў, барлық тараў ҳәм тармақлардың раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде бүгинги күнде елимизде миллети, тили ҳәм динине қарамастан, ҳәр бир пуқара еркин ҳәм абат жасайтуғын жаңа жәмийет ҳәм мәмлекет қурылмақта.

Мәмлекетимиздиң сиясий турмысындағы әҳмийетли ўақыялар, атап айтқанда, жаңаланған Конституциямыздың қабыл етилиўи елимиз Жаңа Өзбекстанды, Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыўға қаратылған реформаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап киятырғанын және бир мәрте айқын тастыйықлады.

Әсиресе, экономика тармақларын жедел раўажландырыў ҳәм исбилерменликке кеңнен жол ашыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың турмыс абаданлығын арттырыў, медициналық хызметлер ҳәм билимлендириўдиң сапасын жәҳән дүнья стандартларына бейимлестириў, қала ҳәм аўылларымызды абат етиў, елимиздиң халықаралық көлемдеги абырай-мәртебесин арттырыў жолында ерисип атырған нәтийжелеримиз барған сайын айқын көринбекте, оларды ҳәр бир ўатанласымыз өз турмысында, сезбекте.

Дүнья жүзиндеги қыйын сиясий-экономикалық жағдайға қарамастан, басланған реформаларымызды избе-из даўам еттирип, жаңа басқышқа алып шығыўда биз ушын барлық жетискенликлеримиз факторы, ерк-ықрары, мақтаныш ҳәм илҳам дәреги болып хызмет етип атырған Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығын Жаңа Өзбекстанның бүгинги раўажланыў дәрежеси, абырай-мәртебесине сәйкес ҳалда мүнәсип күтип алыў ҳәм  жоқары дәрежеде белгилеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша республикалық комиссияның (кейинги орынларда – Республикалық комиссия) қурамы 1-қосымшаға муўапық;

«Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын» деген баслы идеяны өзинде жәмлеген шөлкемлестириўшилик-әмелий, руўхый-ағартыўшылық илажлар ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларының бағдарламасы  (кейинги орынларда – Бағдарлама) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Республикалық комиссия (А.Арипов):

Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың нәтийжели орынланыўы ҳәм Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллық байрамының (кейинги орынларды – Ғәрезсизлик байрамы) Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайлары ҳәм Ташкент қаласында, сондай-ақ, барлық қала ҳәм районлар, аўылларда белгилениўин тәмийинлесин;

барлық аймақларда халықтың кең қатламлары арасында Ғәрезсизлик байрамына  бағышланған руўхый-ағартыўшылық конференциялар, «үш әўлад ушырасыўы» илажлары, ашықтан-ашық сәўбетлер, көркем-әдебий кешелер, миллий кино күнлери, гастрономиялық фестивальлар, сейиллер, мәденият ҳәм спорт илажларын нәтийжели өткериў мақсетинде белгили илим, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, белгили спортшылардан ибарат үгит-нәсиятлаў топарларын шөлкемлестирсин ҳәм олардың анық реже тийкарында жумыс алып барыўын тәмийинлесин;

белгиленген илажлардың әмелге асырылыўы бойынша ҳәр бир аймақ, министрлик ҳәм уйым басшыларының есабатларын өз мәжилислеринде турақлы түрде тыңлап барсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында өткерилетуғын байрам бағдарламаларын таярлаўға жоқары профессионал шеберлик ҳәм тәжирийбеге ийе болған сценарист ҳәм режиссёрлар, жазыўшы ҳәм шайырлар, композитор ҳәм балетмейстерлер, сахна художниклери, талантлы жас атқарыўшылар, мақам ҳәм бақсышылық көркем өнери ўәкиллеринен ибарат дөретиўшилик топарлар кеңнен тартылсын.
  2. Орынларда Ғәрезсизлик байрамын ўатанласларымыздың талап ҳәм тилеклери тийкарында, бүгинги дәўир руўхына сәйкес тәризде белгилеў мақсетинде төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылсын:

жаңаланған Конституциямыздың мазмун-мәниси ҳәм «Өзбекстан – 2030» стратегиясының тийкарғы бағдарлары шеңберинде белгиленген түпкиликли реформалар ҳаққында мәҳәллелер, билимлендириў ҳәм мийнет топарларында руўхый-ағартыўшылық ушырасыў ҳәм сәўбетлер өткериў;

кейинги жылларда республикамыз экономикасының барлық тармақларын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм бул бағдарда ерисилип атырған нәтийжелерди анық мысаллар тийкарында кеңнен сәўлелендириў;

«Ҳәр бир күн – бул имканият, ҳәр бир күн – бул келешек ушын тийкар» деген турмыслық сүренниң мәниси ҳәм әҳмийетин ашып бериў;

денсаўлықты сақлаў, илим, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт тараўларын раўажландырыў, нураныйлар, ҳаял-қызлар ҳәм жасларға турақлы итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиў, шаңарақ, аналық ҳәм балалықты қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған социаллық бағдарламаларға айрықша итибар қаратыў;

мәмлекетимизде түрли миллет ҳәм диний конфессиялар ўәкиллери арасында дослық ҳәм татыўлық орталығын және де беккемлеў, жәмийетте тыныш ҳәм парахат турмысты тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў;

Ўатанымыз ғәрезсизлиги, оның қәўипсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлигиниң исенимли кепили болған Өзбекстан Қураллы Күшлериниң әскерий жаўынгерлик қүдиретин ҳәм руўхый потенциалын арттырыў, «Халық ҳәм армия – бир тән бир жан!» принципин жүзеге шығарыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумысларды кеңнен үгит-нәсиятлаў;

Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм ветеранлары, мийнет ветеранлары, нураный ата ҳәм апаларымыз, «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри», «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери», «Меҳир дәптери»не киргизилген ҳәм итибар ҳәм жәрдемге мүтәж инсанлардың ҳалынан хабар алыў, оларға материаллық ҳәм руўхый жәрдем бериўге байланыслы қайырқомлық илажларды әмелге асырыў.

  1. Мәденият министрлиги (О.Назарбеков):

Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте Ташкент қаласында Ғәрезсизлик байрамына бағышлап өткерилетуғын театрластырылған концерт тамашасының бағдарламасы ҳәм сценарийсин ислеп шықсын ҳәм бул концерт тамашасын жоқары идеялық-көркемлик дәрежеде таярлаў илажларын көрсин;

Өзбекстан Көркем өнер академиясы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Журналистлер аўқамы менен биргеликте «Ана дияр реңлер жилўасында», «Ўатан ушын жасайық!», «Ең уллы, ең әзиз» сыяқлы дәстүрий таңлаўларды жоқары дәрежеде өткериўди тәмийинлесин;

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан композиторлар ҳәм мелодистлер аўқамы менен биргеликте елимиз ғәрезсизлигин жырлайтуғын ең жақсы қосық ҳәм музыка шығармалары таңлаўының жуўмақлаўшы басқышын өткерсин;

бул таңлаўлардың жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин Ғәрезсизлик байрамы алдынан жәриялаў ҳәм салтанатлы түрде сыйлықлаў илажларын көрсин.

  1. Өткерилетуғын байрам илажлары:

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда – тийисли жергиликли бюджетлердиң қосымша дәреклери ҳәм физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары есабынан;

Ташкент қаласында – Республикалық комиссия тәрепинен тастыйықланған қәрежетлер сметасына муўапық Өзбекстан Республикасы республикалық бюджет ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджет қаржылары есабынан тең үлеслерде қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, «Дунё» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Ғәрезсизлик байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи О.К.Абдурахмановқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 27-июль