Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Коронавирус инфекциясы кең тарқалыўының алдын алыў, халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеў ҳәм наўқаслардың денсаўлығын тиклеўде мәмлекетлик емес медицина шөлкемлериниң имканиятларынан пайдаланыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен коронавирус инфекциясы тарқалыўының белгилерин азайтыў, наўқасларға нәтийжели медициналық хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў мақсетинде мәмлекетлик медицина мәкемелеринде, 5 мыңнан аслам орынлар резерви жаратылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша республикалық арнаўлы комиссияның (кейинги орынларда – Арнаўлы комиссия):

мәмлекетлик емес медицина шөлкемлерине қыстаўлы профилактикалық ҳәм эпидемияға қарсы илажлардың көрилиўин талап ететуғын жуқпалы кеселликлер қатарына киргизилген коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқасларға, бурнығысынан басқаша тәризде, 2020-жыл 1-сентябрьге шекем медициналық хызмет көрсетиўге рухсат бериў;

мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери тәрепинен коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқасларға медициналық хызмет көрсетиўди тек ғана Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери арасында дүзилген шәртнамаларға муўапық әмелге асырыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқасларға медициналық хызмет көрсетиў ушын мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен, бурынғысынан басқаша тәризде, таңлаў (тендер) өткерместен анықланатуғыны;

мәмлекетлик емес медицина шөлкемлериниң коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқасларға медициналық хызмет көрсетиўге байланыслы қәрежетлери Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Кризиске қарсы гүресиў қорының қаржылары есабынан қапланатуғыны;

усы қарардың 2-бәнти екинши абзацында белгиленген мүддет Арнаўлы комиссия тәрепинен өзгертилиўи мүмкин екенлиги белгиленсин.

  1. Эпидемиологиялық жағдайдан келип шығып, зәрүрлик жүзеге келгенде Арнаўлы комиссияның қарарына тийкарланып коронавирус инфекциясын анықлаўда мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери менен келисилген ҳалда олардың лабораториялық-диагностикалық хызметлеринен пайдаланыўы орнатылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

мәмлекетлик емес медицина шөлкемлеринде коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқасларға медициналық хызмет көрсетиў бойынша шәртнамаларды жеделлик пенен дүзиў;

мәмлекетлик емес медицина шөлкемлериниң медицина хызметкерлерине коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў ҳәм оны емлеўдиң заманагөй ҳәм нәтийжели усылларын қолланыў бойынша әмелий көнликпелерди үйретиў:

коронавирус инфекциясының тарқалыўына байланыслы эпидемиологиялық жағдайдан келип шыққан ҳалда мәмлекетлик емес медицина шөлкемлериниң лабораториялық-диагностикалық хызметлеринен пайдаланыў бойынша Арнаўлы комиссияға усыныс киргизиў;

наўқасларды мәмлекетлик емес медицина шөлкемлерине жайластырыў ҳәм емлеў нәтийжелериниң қатаң есабын жүргизиў;

мәмлекетлик емес медицина шөлкемлериниң хызмет көрсетиўши хызметкерлериниң жеке гигиена талапларына қатаң әмел еткен ҳалда жумыс алып барыўын тәмийинлеў;

мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери имарат-объектлериниң дезинфекция қураллары менен системалы түрде қайта ислениўин тәмийинлеў;

дезинфекция илажларын толық әмелге асырыў ушын жетерли муғдарда дезинфекция қуралларының резервин жаратыў илажларын көрсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 26-март