Өзбекстан Республикасының нызамы

Нызамшылық палатасы тәрепинен 2020-жыл 23-мартта қабыл етилген

Сенат тәрепинен 2020-жыл 24-мартта мақулланған

1-статья. Өзбекстан Республикасының 1994-жыл 22-сентябрьде қабыл етилген 2012-XII-санлы Нызамы менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине  (Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң Мәлимлемеси, 1995-жыл, № 1, 3-статья; Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Мәлимлемеси, 1996-жыл, № 9, 144-статья; 1997-жыл, № 2, 56-статья, № 9, 241-статья; 1998-жыл, № 5-6, 102-статья,  № 9, 181-статья; 1999-жыл, № 1, 20-статья, № 5, 124-статья, №9, 229-статья; 2000-жыл, № 5-6, 153-статья; 2001-жыл, № 1-2, 23-статья, № 9-10, 165-статья; 2002-жыл, № 9, 165-статья; 2003-жыл, № 1, 8-статья, № 9-10, 149-статья; 2004-жыл, № 1-2, 18-статья, № 9, 171-статья; Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының Мәлимлемеси, 2005-жыл, № 9, 314-статья, №12, 417, 418-статьялар; 2006-жыл,  № 6, 261-статья, № 12, 656-статья; 2007-жыл, № 4, 158, 166-статьялар, № 6, 248-статья, № 9, 416, 422-статья, № 12, 607-статья; 2008-жыл, № 4, 187, 188, 189-статьялар, № 7, 352-статья, № 9, 485, 487, 488-статьялар, № 12, 640, 641-статьялар; 2009-жыл, № 1, 1-статья, № 4, 128-статья, № 9, 329, 334, 335, 337-статьялар, №12, 470-статья; 2010-жыл, №5, 176, 179-статьялар, № 9, 341-статья, № 12, 471, 477-статьялар; 2011-жыл, № 1, 1-статья; 2012-жыл, № 4, 108-статья, № 9/1, 242-статья, № 12, 336-статья; 2013-жыл, № 4, 98-статья, № 10, 263-статья; 2014-жыл, № 1, 2-статья, № 5, 130-статья, № 9, 244-статья, № 12, 343-статья; 2015-жыл, № 6, 228-статья, № 8, 310, 312-статьялар, № 12, 452-статья; 2016-жыл, № 4, 125-статья, № 9, 276-статья, № 12, 383, 385-статьялар; 2017-жыл, № 3, 47-статья, Қ 6, 300-статья, № 9, 506, 510-статьялар; 2018-жыл, № 1, 4-статья, № 4, 218, 224-статьялар, № 7, 430-статья, № 10, 697-статья; 2019-жыл, № 1, 3, 5-статьялар, № 3, 161-статья, № 5, 267, 268-статьялар, № 7, 386-статья, № 8, 471-статья, № 9, 592-статья, №11, 787-статья, № 12, 880-статья) төмендеги қосымша ҳәм өзгерис киргизилсин:

1) төмендеги мазмундағы  2445-статья  менен толықтырылсын:

«2445-статья Карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа да жуқпалы кеселликлердиң тарқалыўы ҳаққында ҳақыйқатлыққа дурыс келмейтуғын мағлыўматларды тарқатыў

Карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлердиң пайда болыўы және тарқалыўы шараятында карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа да жуқпалы кеселликлердиң тарқалыўы ҳаққында ҳақыйқатлыққа дурыс келмейтуғын мағлыўматларды тарқатыў, – базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.

Усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген мағлыўматларды басып шығарыў ямаса басқаша усылда көбейтилген текстте яки ғалаба хабар қураллары, сондай-ақ, Интернет пүткил жер жүзилик мәлимлеме тармағы арқалы тарқатыў – базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен төрт жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар яки еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзеў жумыслары ямаса үш жылға шекем еркинликти шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады»;

 2) 2571-статьяның тексти төмендеги редакцияда берилсин:

«Санитарияға байланыслы нызам ҳүжжетлерин ямаса эпидемияға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузыў, соның ишинде, карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа да жуқпалы кеселликлердиң пайда болыўы және тарқалыўы шараятында мәмлекетлик санитариялық қадағалаў уйымларының медициналық тексериўден өтиў ҳәм емлениў, карантинди өтеў ушын белгиленген орынларға жетип барыў ҳәм усы орынларды белгиленген мүддет даўамында тәрк етпеў, кеселликтиң жуғыў қәўпи бар болған дәўирде қарым-қатнаста болған шахслар ҳәм барылған орынлар ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялаў ҳаққындағы ямаса басқа да нызамлы талапларды кеширимли себеплерсиз орынламаў адамлардың ғалаба кеселлениўи яки зәҳәрлениўиниң реал қәўпин келтирип шығарса ямаса адамлардың ғалаба кеселлиниўине яки зәҳәрлениўине алып келсе, – базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма салыў ямаса бес жылға шекем белгили бир ҳуқықтан айырыў яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзеў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркинликти шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

Бул қылмыс адамның өлимине себепши болса, – еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзеў жумыслары ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинликти шеклеў яки бес жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

Бул қылмыс адамлардың өлимине себепши болса, – жети жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады».

2-статья.  Өзбекстан Республикасының 1994-жыл 22-сентябрьде қабыл етилген 2013-XII-санлы Нызамы менен тастыйықланған  Өзбекстан Республикасының Жынаят-процессуал кодекси (Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң Мәлимлемеси, 1995-жыл, № 2, 5-статья; Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Мәлимлемеси, 1995-жыл, №12, 269-статья; 1997-жыл, № 2, 56-статья, № 9, 241-статья; 1998-жыл, № 5-6, 102-статья, № 9, 181-статья; 1999-жыл, № 1, 20-статья, № 5, 124-статья, № 9, 229-статья; 2000-жыл, № 5-6, 153-статья, № 7-8, 217-статья; 2001-жыл, №1-2, 11, 23-статьялар, № 9-10, 165, 182-статьялар; 2002-жыл, № 9, 165-статья; 2003-жыл, № 5, 67-статья; 2004-жыл, № 1-2, 18-статья, № 9, 171-статья; Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының Мәлимлемеси, 2005-жыл, № 12, 418-статья; 2006-жыл, № 6, 261-статья; 2007-жыл, № 4, 166-статья, № 6, 248, 249-статьялар, № 9, 422-статья, № 12, 594, 595, 607-статьялар; 2008-жыл, № 4, 177, 187-статьялар, № 9, 482, 484, 487-статьялар, № 12, 636, 641-статьялар; 2009-жыл, № 1, 1-статья, № 4, 136-статья, №9, 335-статья, № 12, 469, 470-статьялар; 2010-жыл, №6, 231-статья, № 9, 334, 336, 337, 342-статьялар, № 12, 477-статья; 2011-жыл, № 4, 103, 104-статьялар, №9, 252-статья, № 12/2, 363-статья; 2012-жыл, № 1, 3-статья, №9/2, 244-статья, № 12, 336-статья; 2014-жыл, № 9, 244-статья; 2015-жыл, № 8, 310, 312-статьялар, № 12, 452-статья; 2016-жыл, № 4, 125-статья, № 9, 276-статья, № 12, 385-статья; 2017-жыл, № 3, 47-статья, № 6, 300-статья, № 9, 506, 510-статьялар, № 10, 605-статья; 2018-жыл, № 1, 1, 5-статьялар, № 4, 218, 224-статьялар, № 7, 430, 431-статьялар, № 10, 679-статья; 2019-жыл, № 1, 3, 5-статьялар, № 2, 47-статья, № 3, 161-статья, № 5, 259, 267-статьялар, № 7, 386-статья, № 8, 469-статья, № 9, 589, 592-статьялар, №10, 671-статья, № 11, 787, 791-статьялар, № 12, 880, 881, 891-статьялар) 3812-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнти «2444-статьясы биринши бөлиминде (бажыхана ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў менен байланыслы жынаятлардан тысқары)» деген сөзлерден кейин «2445-статьясында» деген сөзлер менен толықтырылсын.

3-статья. Өзбекстан Республикасының 1994-жыл 22-сентябрьде қабыл етилген 2015-XII-санлы Нызамы менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине (Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң Мәлимлемеси, 1995-жыл, № 3, 6-статья; Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Мәлимлемеси, 1995-жыл, № 9, 193-статья, № 12, 269-статья; 1996-жыл, № 5-6, 69-статья, № 9, 144-статья; 1997-жыл, № 2, 56-статья, № 4-5, 126-статья, № 9, 241-статья; 1998-жыл, № 3, 38-статья, № 5-6, 102-статья, № 9, 181-статья; 1999-жыл, № 1, 20-статья, № 5, 124-статья, № 9, 229-статья; 2000-жыл, № 5-6, 153-статья, №7-8, 217-статья; 2001-жыл, № 1-2, 23-статья, № 9-10, 165, 182-статьялар; 2002-жыл, № 1, 20-статья, № 9, 165-статья; 2003-жыл, № 1, 8-статья, № 5, 67-статья, № 9-10, 149-статья; 2004-жыл, № 1-2, 18-статья, № 5, 90-статья, № 9, 171-статья; 2005-жыл, № 1, 18-статья; Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының Мәлимлемеси, 2005-жыл, № 9, 312-статья, № 12, 413, 417, 418-статьялар; 2006-жыл, № 6, 261-статья, № 9, 498-статья, № 10, 536-статья, № 12, 656, 659-статьялар; 2007-жыл, № 4, 158, 159, 164, 165-статьялар, № 9, 416, 421-статьялар, № 12, 596, 604, 607-статьялар; 2008-жыл, № 4, 181, 189, 192-статьялар, №9, 486, 488-статьялар, № 12, 640, 641-статьялар; 2009-жыл, № 1, 1-статья, № 9, 334, 335, 337-статьялар, № 10, 380-статья, № 12, 462, 468, 470, 472, 474-статьялар; 2010-жыл, № 5, 175, 179-статьялар, № 6, 231-статья, № 9, 335, 339, 341-статьялар, № 10, 380-статья, № 12, 468, 473, 474-статьялар; 2011-жыл, № 1, 1-статья, № 4, 104, 105-статьялар, № 9, 247, 252-статьялар, № 12/2, 635-статья; 2012-жыл, № 4, 108-статья, № 9/1, 242-статья, № 12, 336-статья; 2013-жыл, № 4, 98-статья, № 10, 263-статья; 2014-жыл, № 1, 2-статья, № 5, 130-статья, № 9, 244-статья, № 12, 341, 343-статьялар; 2015-жыл, № 6, 228-статья, № 8, 310, 312-статьялар, №12, 452-статья; 2016-жыл № 1, 2-статья, № 4, 125-статья, № 9, 276-статья, № 12, 383, 385-статьялар; 2017-жыл, № 4, 137-статья, № 6, 300-статья, № 9, 510-статья, № 10, 605-статья; 2018-жыл, № 1, 1, 4, 5-статьялар, № 4, 224-статья, № 7, 430, 431, 432-статьялар, № 10, 671, 673, 679-статьялар; 2019-жыл, № 1, 1, 3, 5-статьялар, № 2, 47-статья, № 3, 161, 165, 166-статьялар, № 5, 259, 261, 267, 268-статьялар, №7, 386-статья, № 8, 469, 471-статьялар, № 9, 591, 592-статьялар, №10, 674, 676-статьялар, № 11, 787, 791-статьялар, №12, 880, 891-статьялар; 2020-жыл, № 1, 4-статья) төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин.

1) III бабының атамасы төмендеги редакцияда берилсин:

«III БАП. ҲӘКИМШИЛИК ЖАЗА ҲӘМ МӘЖБҮРЛЕЎ ШАРАСЫ»;

2) төмендеги мазмундағы 292-статья менен толықтырылсын:

«292-статья. Карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа да жуқпалы кеселликлердиң пайда болыўы және тарқалыўы шараятында медициналық характердеги мәжбүрлеў шарасын қолланыў

Карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа да жуқпалы кеселликлердиң пайда болыўы және тарқалыўы шараятында эпидемияларға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузыўға байланыслы ҳуқықбузарлықты ислеген шахсқа тийисли медициналық тийкарлар бар болған жағдайда мәмлекетлик санитариялық қадағалаў уйымлары тәрепинен карантинде сақлаў ямаса емлениў тәризиндеги медициналық характердеги мәжбүрлеў шарасы қолланылыўы мүмкин.

Медициналық характердеги мәжбүрлеў шарасы отыз суткаға шекемги мүддетте ҳәкимшилик жаза тайынлаў менен бирге қолланылады ҳәм мәмлекетлик санитариялық қадағалаў уйымлары тәрепинен белгиленген орынларда әмелге асырылады.

Медициналық характердеги мәжбүрлеў шарасының орынланыўы мәмлекетлик санитариялық қадағалаў, ишки ислер ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы уйымлары тәрепинен тәмийинленеди»;

3) 54-статьяның тексти төмендеги редакцияда берилсин:

«Карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа да жуқпалы кеселликлердиң пайда болыўы және тарқалыўы шараятында ўәкилликли уйымның арнаўлы талапларына қарсы түрде жәмийетлик орынларда нықапсыз болыў – базалық есаплаў муғдарының бес есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа да жуқпалы кеселликлердиң пайда болыўы ямаса тарқалыўының алдын алыў мақсетинде белгиленген мәжбүрий қағыйдаларды бузыў, соның ишинде, карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа да жуқпалы кеселликлердиң пайда болыўы және тарқалыўы шараятында емлеўханадағы ишки тәртипке әмел етпеў, мәмлекетлик санитариялық қадағалаў уйымларының медициналық тексериўден өтиў ҳәм емлениў, карантинди өтеў ушын белгиленген орынларға жетип барыў ҳәм усы орынларды белгиленген мүддет даўамында тәрк етпеў, кеселликтиң жуғыў қәўпи бар болған дәўирде қарым-қатнаста болған шахслар ҳәм барылған орынлар ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялаў ҳаққындағы ямаса басқа да нызамлы талапларды кеширимли себеплерсиз орынламаў, – пуқараларға базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен отыз есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – отыз есесинен елиў есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады»;

4) 257-статья екинши бөлиминиң екинши-төртинши абзацлары төмендеги редакцияда берилсин:

«Өзбекстан Республикасы Бас мәмлекетлик санитария инспекторы ҳәм оның орынбасары;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў басармасы баслықлары ҳәм олардың орынбасарлары;

мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў басқармалары район (қала)лық филиалларының баслықлары»;

5) 287-статья

1-бәнти «519» санынан кейин «54» саны менен толықтырылсын;

9-бәнтиндеги «61» саны «54, 61» санлары менен алмастырылсын;

б) 288-статьяның үшинши бөлиминдеги «56» саны «54, 56» санлары менен алмастырылсын.

4-статья. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

Ҳүкимет қарарларын усы Нызамға муўапықластырсын;

мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қарама-қарсы болған өзлериниң нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин қайта көрип шығыўын ҳәм бийкар етилиўин тәмийинлесин;

усы Нызамның  орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин және мәниси ҳәм әҳмийети халықтың арасында түсиндирилиўин тәмийинлесин.

5-статья. Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

 

Өзбекстан Республикасының

Президенти                                         Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 26-март

№   ӨРН –613