Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 18-февральдағы «Жәмийетте социаллық-мәнаўий орталықты саламатландырыў, мәҳәлле институтын буннан былай да қоллап-қуўатлаў және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5938-санлы Пәрманына муўапық:

  1. Төмендегилер:

а) Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 1-қосымшаға муўапық;

б) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен қаржыландырылатуғын басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны:

99 штат бирлигинен ибарат Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги  орайлық аппаратының структурасы  2-қосымшаға муўапық;

336 штат бирлигинен ибарат Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў  басқармаларының үлги структурасы  3-қосымшаға муўапық;

1 624 штат бирлигинен ибарат район (қала) лық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлериниң үлги структурасы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Өзбекстан Республикасы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрине (кейинги орынларда – министр):

Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң (кейинги орынларда – Министрлик) орайлық аппараты, аймақлық бөлимлери структураларына басқарыў хызметкерлериниң белгиленген улыўма штатлар саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде өзгерислер киргизиў;

Министрликтиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, оған жүкленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў ушын сырт елдиң қәнигелестирилген институтлары ҳәм компанияларын және сырт ел қәнигелери менен экспертлерин, соның ишинде, шәртнама тийкарында тартыў ҳуқықы берилсин.

  1. Медициналық ҳәм транспорт хызметин көрсетиў шараятларына бола министрдиң биринши орынбасары – министрге және Министрликтиң аймақлық бөлимлери баслықларының биринши орынбасарлары – Министрликтиң аймақлық бөлимлери баслықларына теңлестирилетуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Министрлик ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң жумысын қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

Министрликтиң бюджеттен тысқары қаржылары;

жумыс бағдары бойынша әмелге асырылатуғын жумысларды орынлаў ҳәм хызметлер көрсетиўден түсетуғын түсимлер;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлық қаржылары;

халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳаққындағы режени тастыйықласын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги перспективалы кадрларды Миллий кадрлар резервине қосыў ушын таңлап алыўларды шөлкемлестириўде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында жумыс ислеп атырған хызметкерлерди де инабатқа алсын.
  3. Министрлик еки ай мүддетте:

орайлық аппараты ҳәм аймақлық бөлимлердиң Министрликке жүкленген ўазыйпаларды профессионал дәрежеде орынлаўға уқыплы болған, зәрүр теориялық билим ҳәм әмелий көнликпелерге ийе жоқары маман кадрлар менен толықтырылыўын;

структуралық ҳәм бойсыныўындағы бөлимлер ҳаққындағы режелер, сондай-ақ, хызметкерлердиң лаўазым инструкциялары тастыйықланыўын тәмийинлесин.

  1. Министрлик ҳәм оның аймақлық бөлимлери өзлерине жүкленген функцияларға муўапық белгиленген тәртипте төмендеги ҳуқықларға ийе екенлиги белгиленсин:

Министрликке тийисли ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын, зәрүр жағдайларда, мәмлекетлик уйымлар, илимий мәкемелер ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшыларын және қәнигелерин тартыў, жумысшы топарлар дүзиў;

Министрликтиң ўәкиллигине киретуғын мәселелер бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден статистикалық, талланған материаллар, жуўмақлар ҳәм басқа да мағлыўматларды сораў ҳәм алыў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшыларына пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы, оларды келтирип шығаратуғын себеплер менен шараятларды сапластырыў бойынша көрип шығылыўы мәжбүрий болған усыныслар киргизиў;

пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин гөзлеп судларға арза (шағым) ҳәм даўаларды киргизиў;

пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын қоллап-қуўатлаўға байланыслы басламалар менен шығыў ҳәм усыныслар киргизиў.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Қурылыс министрлиги, Орайлық банк, Саўда-санаат палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң:

ҳәр бир мәҳәлледе  исбилерменлик субъектлери – юридикалық тәреплерди (кейинги орынларда – инвесторлар) жедел тартыў есабынан пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы комплексин (кейинги орынларда – комплекс) мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери  тийкарында қурыў;

пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының материаллық-экономикалық тийкарларын беккемлеў, халықты жумыс пенен тәмийинлеў бағдарындағы имканиятларын кеңейтиў мақсетинде пуқаралар жыйынларына исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ушын социаллық бағдарламалар, соның ишинде, «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы, «Өнерментшиликти раўажландырыў бағдарламасы»,  «Yoshlar – kelajagimiz» бағдарламасы тийкарында жеңилликли кредитлер ажыратыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Төмендегилер комплекслерди қурыў ушын мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң тийкарғы шәртлери етип белгиленсин:

инвесторларға мақулланған үлги жойбарларға муўапық комплеслерди қурыў, сондай-ақ, тийисли инфраструктура қурыў ушын зәрүр жер участкалары тиккелей (таңлаў саўдаларын өткермей) шәртнамалар тийкарында хақы өндирилмей ажыратылады (Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың орайлары және Ташкент қаласындағы жер участкалары буған кирмейди);

комплекслерди қурыў ушын жер участкаларын таңлап алыў жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен Министрлик пенен келисилген ҳалда әмелге асырылады;

инвесторларға исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ушын (келисим бойынша ямаса комплекслер менен бир имаратта яки басқа жерде) жайдың сыртқы архитектуралық келбетине сәйкес келетуғын, қурылыс ушын ажыратылған комплекслерден киши болмаған майданға ийе болған комплекслерге тутас қосымша соған уқсас объектлерде ажыратылады. Онда усы объектлердиң жумыс ислеўи пуқаралар жыйынларының жумысы ушын қолайсызлықлар туўдырмаўы керек;

инвестордың ҳуқық ҳәм миннетлемелери, комплекслерге тутас объектлерде әмелге асырылыўы мүмкин болған жумыс түрлери ҳәм бағдарлары, сондай-ақ, комплекслердиң қурылысы бойынша мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң басқа да шәртлери Министрлик тәрепинен ислеп шығылатуғын үлги формалары бойынша инвестор ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары арасында дүзилетуғын келисимлерде көрсетиледи;

комплекслер мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимде қатаң белгиленген мүддетлерде ҳәм тәртипте мақулланған жойбарлар тийкарында, тутас аймақ абат етилиўин нәзерде тутқан ҳалда қурылады;

қурылысы жуўмақланбаған комплекслерден соңынан пайдаланыў тәртиби мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисим менен белгиленеди;

инвестор тәрепинен усы бәнттиң  төртинши абзацына муўапық қурылған қосымша объектлер пайдаланыўға тапсырылған сәнеден баслап 3 жыл мүддетке тийисли түрде усы қарар шеңберинде усынылатуғын жер участкасына ҳәм онда қурылған көшпес мүлкке байланыслы жер салығы ҳәм мүлк салығының, сондай-ақ, усы объектлерде әмелге асырылатуғын исбилерменлик жумысынан алынатуғын пайда ямаса түсимлерге байланыслы пайда салығы және айланыстан алынатуғын салықтың белгиленген салық ставкасы 50 процентке азайтылған ҳалда төленеди.

  1. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына комплекслердеги пайдаланылмай атырған квартираларды ижараға бериў ҳаққында еки тәреплеме шәртнамаларды еркин түрде келип түсип атырған қаржыларды соңын ала өзлериниң есап бетине өткерген ҳалда дүзиў және усы қаржылардан тек комплекслерди сақлаў ҳәм абаданластырыў қәрежетлерин қаплаў ушын жумсаў ҳуқықы берилсин.
  2. Инвесторларды таңлап алыўдың тийкарғы өлшемлери комплекслерди қурыў мүддети, усынылатуғын капиал қойылмалар ҳәм инвестициялар болып есапланатуғыны;

инвестордың басламасы бойынша келисим бийкар етилгенде, оның комплекслер қурылысына жумсаған қәрежетлери қапланбайтуғыны, қурылысы жуўмақланбаған объект мәмлекет мүлкине өткерилетуғыны ҳәм усы қарарға муўапық инвесторларды излеп табыў қайтадан өткерилетуғыны;

қурылып атырған комплекслердиң зәрүр сыртқы инженерлик-транспорт коммуникацияларын алып келиў комплекслердиң қурылысы ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимде белгиленген мүддетлерди есапқа алған ҳалда электр тәмийнаты, газ тәмийнаты ҳәм байланыс бөлеги бойынша «Аймақлық электр тармақлары» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ ҳәм «Өзбектелеком» АК қаржылары есабынан, автомобиль жолларын қурыў бөлеги бойыншв, суў тәмийнаты ҳәм канализация Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, район ҳәм қалалардың жергиликли бюджетлериниң қосымша дәреклери есабынан әмелге асырылатуғыны;

комплекслерди мебель техника, басқа да үскене ҳәм инвентарь менен тәмийинлеў Өзбекстан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының қаржылары, грантлар, кредитлер, Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалардың жергиликли бюджетлериниң қосымша дәреклери және нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да қаржылар, сондай-ақ, инвесторлар келисим берген жағдайда, олардың өз қойылмалары есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

а) үш ай мүддетте потенциаллы инвесторларды таңлап алыўды және олар менен комплекслерди усы қарарда ҳәм үлги келисимде белгиленген мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында қурыў ҳаққындағы келисимлер дүзилиўин тәмийинлесин;

б) инвесторлар болмаған жағдайда, ҳәр бир мәҳәлледе комплекслердиң қурылысын Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалардың  жергиликли бюджетлериниң қосымша дәреклери есабынан шөлкемлестирсин;

в) Министрлик, Қурылыс министрлиги ҳәм Өзбекстан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды менен биргеликте 2020-жыл 1-июльге  шекем:

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалардың орайларында «Мәҳәлле орайы» комплекслериниң имаратларын  үлги жойбарлар ҳәм оларға қойылған талаплар тийкарында қурыў (реконструкциялаў, оңлаў), сондай-ақ, оларды зәрүр мебель комплекти, компьютер техникасы менен үскенелеў;

«Мәҳәлле орайы» комплекслеринде Министрликтиң ҳәм Өзбекстан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының аймақлық бөлимлерин жайластырыў жумысларын жуўмақласын.

  1. Министрлик:

а)  бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги менен биргеликте комплекслердиң мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында қурылыўы ҳаққындағы үлги келисим  жойбары ислеп шығылыўын;

б) еки ай мүддетте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте  2020-2022-жылларға мөлшерленген ҳәр бир мәҳәлледе комплекслерди шөлкемлестириў бойынша мәнзилли бағдарламаны тастыйықлаў ҳаққында Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

в) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм Өзбекстан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийети фонды менен биргеликте:

2020-жыл 1-июньға шекем Министрлик, оның аймақлық бөлимлери және пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ушын зәрүр мәлимлеме системаларын ҳәм электрон мағлыўматлар базаларын ислеп шығыў, енгизиў ҳәм интеграциялаў концепциясы, техникалық-экономикалық есап-санағы ҳәм техникалық тапсырмасы таярланыўын және тастыйықлаў ушын белгиленген тәртипте киргизилиўин;

тастыйықланған концепция, техникалық-экономикалық есап-санақ ҳәм техникалық тапсырма тийкарында 2021-жыл 1-январьға шекем – Министрлик, оның аймақлық бөлимлери, сондай-ақ, 2022-жыл 1-январьға шекем – пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ушын мәлимлеме системалары ҳәм электрон мағлыўматлар базалары ислеп шығылыўын және енгизилиўин;

2020-жыл 1-июльға шекем – Министрлик, оның аймақлық бөлимлерин, сондай-ақ, 2021-жыл 1-июльға шекем – пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жоқары тезликтеги Интернет тармағына жалғаныўын ҳәм зәрүр байланыс, соның ишинде, Министрликти ҳүкимет байланысы менен тәмийинлесин;

г) Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2020-жыл 1-июньға шекем «Мәҳәлле» электрон мағлыўматлар базасын және де жетилистириў, мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм өз-ара мағлыўмат алмасыўын енгизиў илажларын көрсин.

  1. Министрлик басқарыў хызметкерлериниң Бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядларына муўапық лаўазым айлығын белгилеўде тариф коэффициенти орайлық аппаратта – 2 есеге, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў басқармаларында – 1,5 есеге, район (қала) лық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлеринде – 1,3 есеге арттырылған муғдарда қолланылатуғыны белгиленсин.

Усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылады.

  1. Министрлик Ташкент қаласы, Яшнобод районы, Истиқлол көшеси, 51-жай мәнзили бойынша оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

2020-жылда усы қарарды әмелге асырыў шеңберинде Министрликтиң қәрежетлери ушын Өзбекстан Республикасының «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

Өзбекстан Республикасының «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызамына тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилгенге шекем Министрликтиң жумысын әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлер ушын қаржы ажыратыў илажларын көрсин;

2021-жылдан баслап ҳәр жылы Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети  параметрлеринде зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.

  1. Министрлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын шөлкемлестириўдиң төмендеги тәртиби орнатылсын:

Өзбекстан Республикасы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри – усы қарарда белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыўда жуўапкер шөлкемлерге методикалық ҳәм әмелий жәрдем көрсетсин, илажлардың орынланыўы бойынша жүзеге келетуғын ағымдағы мәселелер тез арада шешилиўин тәмийинлесин және ҳәр шеректе Министрлер Кабинетине усы қарардың әмелге асырылыўы процеси ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат усынсын;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери – ҳәр бир мәҳәлледе мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында комплекслер қурылыўын, инвесторлар таңлап алыныўын, инвесторлар болмаған жағдайда, комплекслер Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалардың жергиликли бюджетлериниң қосымша дәреклери есабынан қурылыўын тәмийинлесин;

жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары – усы қарарда нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынлаў бойынша барлық зәрүр илажларды әмелге асырсын;

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги бас директоры А.К.Кўчимов, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының баслығы ўазыйпасын атқарыўшы А.Д.Хаджаев ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги директоры – усы қарардың мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин турақлы түрде сәўлелендирип барсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 18-февраль