ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИНИҢ
ҚАРАРЫ

2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў концепциясы шеңберинде халыққа қолайлы ҳәм сапалы бирлемши медициналық-санитария, тез медициналық жәрдем және қәнигелестирилген жәрдем көрсетиўде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, гематологиялық, онкогематологиялық ҳәм басқа да емлеў қыйын болған кеселликлерге шалынған шахсларға медициналық жәрдем көрсетиў, усы кеселликлер профилактикасын күшейтиў ҳәм оларды келтирип шығарыўшы факторлардың алдын алыў бүгинги күнде халықтың  денсаўлығын қорғаўдың әҳмийетли мәселелеринен бири болып қалмақта.

Халыққа гематологиялық жәрдем көрсетиўди жаңа басқышқа көтериў, кеселликлердиң алдын алыў ҳәм ерте анықлаў системасын және де раўажландырыў, тараўға алдынғы диагноз усылларын енгизиў ҳәм гематологиялық кеселликлерди емлеўде трансплантация усылын раўажландырыў, гематология ҳәм трансфузиология хызметлериниң материаллық-техникалық базасын және кадрлар потенциалын беккемлеў, сондай-ақ, онкогематологиялық ҳәм емлеў қыйын болған кеселликлерге шалынған шахсларды емлеўди финанслық жақтан қосымша қоллап-қуўатлаўды шөлкемлестириў мақсетинде:

  1. 1. Төмендегилерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасында гематология ҳәм трансфузиология хызметлерин раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын:

гематологиялық кеселликлерге диагноз қойыў ушын медициналық мәкемелердиң лабораторияларын реагентлер менен тәмийинлениў дәрежесин 7,5 есеге арттырыў;

республикалық ҳәм аймақлық медицина мәкемелериниң гематологиялық кеселликлерди емлеў ушын зәрүр болған дәри-дәрмақлар менен тәмийинлениў дәрежесин 2020-жылда 6 есеге ҳәм кейинги жылларда басқышпа-басқыш арттырып барыў;

миелома ҳәм лимфома кеселлигине шалынған наўқасларда аутологиялық өзек клеткаларының трансплантациясын өткериў;

трансфузиология (қан менен ислесиў) хызметиниң материаллық-техникалық базасын жақсылаў, қан компонентлерин ҳәм препаратларын ислеп шығарыў көлемин арттырыў және қәўипсизлигин тәмийинлеў, халықтың арасында бийғәрез донорлық ҳәрекетти раўажландырыў.

Бағдарламаға муўапық гематология хызметин раўажландырыў ушын 546,5 миллиард сум ҳәм 70,7 миллион АҚШ доллары ажыратылыўы нәзерде тутылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. 2. Төмендегилерди нәзерде тутатуғын Гематология ҳәм трансфузиология хызметлериниң кадрлар потенциалын беккемлеў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын:

2020/2021-оқыў жылынан баслап ҳәм кейинги бес оқыў жылы даўамында «Гематология ҳәм трансфузиология» қәнигелиги бағдары бойынша магистратура ҳәм клиникалық ординатурада кадрларды мәмлекетлик грантлар тийкарында таярлаў;

аймақлық медицина мәкемелериниң гематолог ҳәм лаборант шыпакерлерин тийкарғы жумыс орынларында айлық мийнет хақысын сақлап қалған ҳалда республиканың жетекши медициналық мәкемелеринде стажировкадан өтиўин ҳәм қәнигелигин арттырыўын шөлкемлестириў;

гематология бағдары бойынша кадрларды сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий мәкемелериниң клиникалық ординатура (резидентура), магистратура ҳәм докторантура басқышларында таярлаў.

  1. 3. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң:

Гематология ҳәм қан қуйыў илимий-тексериў институты негизинде Республикалық қәнигелестирилген гематология илимий-әмелий медицина орайын (кейинги  орынларда – Орай);

Бухара, Жиззах, Наўайы, Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаятлары үлкен жастағылар ҳәм балалардың көп тармақлы медицина орайларының Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан қаржыландырылатуғын орынлар санын арттырыў есабынан гематология бөлимлериниң үлкен жастағылар ҳәм балалар ушын мөлшерленген орынларын сәйкес түрде 20-30ға жеткериў ҳәм Ташкент қаласындағы тийисли медицина мәкемесинде 20-30 орынлық үлкен жастағылардың бөлимин шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. 4. а) Орай:

Гематология ҳәм қан қуйыў илимий-тексериў институтының барлық ҳуқық ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны;

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги медицина шөлкемлериниң гематология бөлимлериниң жумысына шөлкемлестириўшилик-методикалық басшылық ететуғыны;

б) 2020-жыл 1-апрельден баслап Орайға Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң республикалық қәнигелестирилген медицина орайларының жумысын жүргизиў менен байланысылы әмелдеги тәртип енгизилетуғынлығы белгилеп қойылсын.

  1. Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, «Аймақгазтәмийнат» АЖ, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң «Аймақгазтәмийнат» АЖ Чиланзар районлық газ тәмийнаты филиалының Ташкент қаласы, Чиланзар районы, 5-массив, 55-а жайда жайласқан имарат ҳәм объектлерди тийисли аймағы менен бирге Орайдың инфраструктурасын жақсылаў мақсетинде Орайға бийпул өткерип бериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Ташкент қаласы ҳәкимлиги еки ай мүддетте «Аймақгазтәмийнат» АЖ Чиланзар районы газ тәмийнаты филиалына тийисли жер майданы ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қурылыс министрлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-сентябрьге шекем Орайға жаңа имарат қурыў ҳәм бар имаратларды реконструкциялаў бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин белгиленген тәртипте ислеп шығыў ҳәм экспертизадан өткериў илажларын көрсин.

Экономика ҳәм санаат министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети есабынан Орайдың жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыўға зәрүр қаржылар ажыраў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2020-2022-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасының тийкарғы параметрлерине Орайға жаңа имарат қурыў ҳәм бар имаратларды реконструкциялаў жойбарын киргизиў бойынша белгиленген тәртипте тийисли өзгерислер ҳәм (ямаса) қосымшалар киргизилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Онкогематологиялық ҳәм емлеў қыйын болған кеселликлерге шалынған наўқасларды саламатландырыўға жәрдемлесиў қорын (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  3. Төмендегилер Қор қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетине түсетуғын темеки өнимлери ушын акциз салығы жыйым суммасының 7 проценти;

Қордың ўақтынша бос қаржыларын коммерциялық банклердиң депозитлерине жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. а) қор қаржылары есабынан диагноз қойылатуғын ҳәм емленетуғын онкогематологиялық ҳәм емлеў қыйын болған кеселликлердиң дизими Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланатуғыны;

б) Қор қаржыларынан:

онкогематологиялық ҳәм емлеў қыйын болған кеселликлерге шалынған наўқасларға медициналық жәрдем көрсетиў ушын тийисли медициналық мәкемелерге әсбап-үскенелер, дәри-дармақлар, медициналық буйымлар, лаборатория реактивлери ҳәм басқа да жумсаў қуралларын сатып алыўда;

онкогематологиялық ҳәм емлеў қыйын болған кеселликлер бойынша жоқары технологиялы қурамалы операцияларды әмелге асырыў ушын жоқары маман сырт елли қәнигелерди республикаға тартыўда;

онкогематологиялық ҳәм емлеў қыйын болған кеселликлерге шалынған наўқасларға республика аймағындағы мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медициналық шөлкемлердиң жоқары технологиялық диагноз ҳәм медициналық жәрдем көрсетиў хызметлерин сатып алыў қәрежетлерин қаплаў ушын пайдаланылатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте Қор ҳаққындағы режени ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.

Онда Қор қаржыларын жумсаўдың анық ҳәм ашық-айдын тәртиби, оның дәраматлары ҳәм қәрежетлери бойынша есабат бериў, анықлық ҳәм қалыслықты тәмийинлеў мәселелерин нәзерде тутсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги бир ай мүддетте:

Орайдың структурасы ҳәм уставын;

республика, ўәлаят ҳәм район (қала) көлеминде көрсетилетуғын медициналық хызметлердиң көлеми ҳәм түри бойынша гематологиялық медициналық жәрдем көрсетиў тәртибин;

қәнигелердиң функционаллық ўазыйпаларын ҳәм гематолог кабинети ҳәм бөлимин үскенелеў стандартларын тастыйықласын.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қәрежетлериниң ҳәр жылғы параметрлерин қәлиплестириўде усы қарар менен тастыйықланған илажларды әмелге асырыў ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын;

Қорға белгиленген муғдардағы қаржылар Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен қаратылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте Бағдарламада нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў ушын халықаралық финанс институтлары ҳәм халықаралық ҳүкиметлик финанслық шөлкемлердиң жеңиллетилген кредитлери (қарызлары) ҳәм грантларын тартыў бойынша зәрүр илажларды көрсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 3-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўы төмендеги тәртипте әмелге асырылсын:

Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Арипов – усы қарардың өз ўақтында сапалы ҳәм толық орынланыўын тәмийинлесин, онда көрсетилген илажларды әмелге асырыў ушын жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын нәтийжели муўапықластырсын, олардың орынланған жумыслар ҳаққындағы есабатларын ҳәр шеректе қабыл етсин ҳәм анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў илажларын көрсин;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоров – усы қарар менен белгиленген тийисли илажларды толық көлемде қаржыландырылыўын тәмийинлесин, ажыратылып атырған бюджет қаржыларының нәтийжели пайдаланыўы үстинен қадағалаў орнатылыўын  шөлкемлестирсин;

Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри А.К.Шадманов – халыққа гематологиялық жәрдем көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, кеселликлер профилактикасы, ерте диагноз қойыў ҳәм емлеў илажларын жетилистирсин, Қор қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўын тәмийинлесин ҳәм усы қарардың орынланыўы бойынша ҳәр шеректе Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип барсын;

Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Б.М.Низамов – Орайға жаңа имарат қурыў ҳәм бар имаратларды реконструкциялаў, гематологиялық ҳәм трансфузиологиялық хызметлердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, дәри-дармақлар. медициналық буйымлар ҳәм медициналық техниканы белгиленген мүддетлерде және толық көлемде сатып алыў жумысларының өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўын  тәмийинлесин ҳәм тараўға халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт елли ҳүкиметлик финанс шөлкемлериниң грант қаржыларын кеңнен тартсын;

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги бас директоры А.К.Кўчимов ҳәм  Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының баслығы ў.а. А.Д.Хаджаев – усы қарардың мазмун-мәнисин ҳәм әмелий әҳмийетин сәўлелендириўге байланыслы мақалалар, брифинглер, пресс-конференциялар, тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 10-февраль