Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Еркинен айырыў жазасын өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли түрде өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды.
Пәрманға муўапық Өзбекстан Республикасы Конституциясының 93-статьясы 23-бәнтине тийкарланып билип-билмей жынаятқа қол урған, ҳәзирги ўақытта қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли өткен жаза мүддетин өтеп атырған 58 пуқара әпиў етилди.
Әпиў етилген шахслардың 41 и жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли азат етиледи, 3 ине тайынланған жаза жеңилирек жаза менен алмастырылады, бир сөз бенен айтқанда, 44 шахс жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етилмекте. Сондай-ақ, 14 шахсқа тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылады.
Әпиў етилгенлердиң 2 ин ҳаял-қызлар қурайды.
Бул ўақыя елимизде алып барылып атырған инсаныйлық сиясатының, халқымызға тән кеңпейиллик, кеширимли болыў, адамгершилик ҳәм мийрим-шәпәәт көрсетиў сыяқлы жақсы пазыйлетлер көрсетилип атырғанының әмелий көриниси болып есапланады.
Пәрманның орынланыўы бойынша әпиў етилген шахсларды шаңарағы ҳәм жақынларының қушағына қайтарыў, жәмийетлик турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.
ӨзА