Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 23-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ПП-5853-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды 2020-жылы әмелге асырыў бойынша илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясы шеңберинде 2020-жылы:
1) «азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ҳәм енгизиў» бағдарында 2020-жыл 1-октябрьден баслап халықты дән өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў ҳәм баҳалардың кескин өзгериўиниң алдын алыў мақсетинде интервенционаллық сатып алыўлар системасы басқышпа-басқыш енгизилетуғыны. Онда:
2021-жыл өниминен баслап дән ушын мәмлекетлик буйыртпаның көлемлерин басқышпа-басқыш азайтыў, соның ишинде, масақлы дән сатып алыў ҳәм сатыўда еркин бәсекини тәмийинлейтуғын базар механизмлерин енгизетуғыны;
азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын мәмлекетлик буйыртпа системасынан мәмлекетлик резервтен пайдаланыўға өтиў бойынша механизмин ислеп шығыў нәзерде тутылатуғыны белгиленсин.
2) «қолайлы агробизнес орталығын ҳәм қосымша қун шынжырын жаратыў» бағдарында Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2020-жыл 1-октябрьге шекем 2021-жыл өниминен баслап базар конъюнктурасын таллаў ҳәм агротехника илажларын өткериў қәрежетлериниң прогноз есап-санағы тийкарында пахта-тоқымашылық кластерлери ушын фермер хожалықлары тәрепинен жетистирилген пахта шийки затын жеткерип бериў бойынша шәртнамалардың шәртлерин анықлаўда минимал баҳаларды белгилеў жолы менен пахта шийки затының баҳаларын қәлиплестириў, сатып алыў ҳәм сатыўдың базар принциплерине өтиўди нәзерде тутатуғын қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
3) «тараўда мәмлекеттиң қатнасын азайтыў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў» бағдарында:
а) 2020-жыл 1-марттан пахта шийки заты ҳәм масақлы дән жетистириўде бәнт болмаған майданларда топырақ-климат шараятлары ҳәм базар конъюнктурасынан келип шыққан ҳалда районларды басқышпа-басқыш қәнигелестириў системасы енгизиледи;
б) Өзбекстан Республикасы Орайлық банки, Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, «Давергеодезкадастр» комитети ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги үш ай мүддетте кредитлеў ҳәм қамсызландырыў механизмин аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тармағының стратегиялық тийкарғы бағдарлары ҳәм талапларына сәйкес түрде жетилистириў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын ислеп шықсын.
Онда:
кредит ажыратыўда «қоймахана гүўалықлары», басқа да финанслық қураллар ҳәм жер участкаларына болған ижара ҳуқықынан гиреў тәмийнаты сыпатында пайдаланылыўы;
аўыл хожалығында қәўип-қәтерлерди қамсызландырыўдың жаңа түрлериниң енгизилиўи нәзерде тутылсын;
в) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги 2020-жыл 1-апрельге шекем масақлы дән ҳәм пахтаны қайта ислеў, ресурс тәмийнаты ҳәм хызмет көрсетиў тараўларындағы мәмлекетлик үлеси бар кәрханаларды меншиклестириў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин;
4) «тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаўды тәмийинлеў системасын жетилистириў» бағдарында:
а) 2020-жыл 1-апрельден баслап тәжирийбе-сынақ тәризинде Ташкент ўәлаятының Қибрай ҳәм Ташкент районларында. Ферғана ўәлаятының Ферғана ҳәм Алтыарық районларында ҳәм Қашқадәрья ўәлаятының Китоб ҳәм Нишон районларында:
физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жер участкаларын аўыл хожалығы мақсетлери ушын ашық-айдын таңлаў өткериў арқалы ажыратыў механизми енгизиледи;
физикалық ҳәм юридикалық шахсларға кейин ала таңлаўға қойыў бойынша баслама көрсетиў ҳуқықын усынған ҳалда арнаўлы геопортал арқалы жер участкасы ҳаққындағы мағлыўматларды жайластырыў ҳуқықы бериледи;
аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден пайдаланыў ҳуқықының базар қунын баҳалаў ҳәм олардан салыққа тартыўда пайдаланыў механизми енгизиледи.
«Давергеодезкадастр» комитети Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-мартқа шекем төмендегилерди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин:
район (қала)лық жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлимлери тәрепинен аўыл хожалығы талаплары ушын мөлшерленген резерв жерлерден жер участкаларының дизимин дүзиў және оларды таңлаўға қойыў;
физикалық ҳәм юридикалық шахсларға аўыл хожалығы мақсетлери ушын жер участкасына болған ижара ҳуқықын таңлаў арқалы бериў;
физикалық ҳәм юридикалық шахсларға арнаўлы геопортал арқалы таңлаўға қойылатуғын жер майданларын таңлаў имканиятын жаратыў;
физикалық ҳәм юридикалық шахсларға аўыл хожалығы мақсетлери ушын жер участкаларын ижара ҳуқықы тийкарында пайдаланыўға бериў бойынша материалларды жыйнаў, көрип шығыў ҳәм ўәкилликли уйымлар ҳәм шөлкемлер менен келисиўди электрон тәризде әмелге асырыў;
аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын алып қойыўдың әмелдеги тәртибин қайта көрип шығып, жерлерден басқа мақсетлерде пайдаланылыўы ҳәм экологиялық жағдайдың жаман болыўын тийкарғы өлшемлерден бири сыпатында белгилеген ҳалда жер участкаларына болған ҳуқықларын бийкар етиўдиң ашық-айдын ҳәм әдил механизмлерин енгизиў;
5) «басқарыўдың заманагөй системаларын раўажландырыў» бағдарында Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм оның қурамына киретуғын шөлкемлердиң ўәкиллик ҳәм жумыс бағдарлары функционаллық баҳалаў нормалары тийкарында қайта көрип шығылады.
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги 2020-жыл 1-майға шекем жетекши сырт ел консалтинг компанияларын тартқан ҳалда Аўыл хожалығы министрлигиниң орайлық аппараты ҳәм оның қурамына киретуғын шөлкемлердиң басқарыў системасын функционал баҳалаў тийкарында тараўда мәмлекетлик басқарыў структурасын жетилистириў бойынша илажларды әмелге асырсын.
Онда:
мәмлекеттиң ролин мәмлекетлик буйыртпаны бериў, егинлерди жайластырыў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўды қадағалаў системасынан фермер ҳәм дийқан хожалықларында мийнет өнимдарлығын арттырыў, азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм сапасын арттырыў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жеке меншик сектор тәрепинен көрсетилмейтуғын басқа да мақсетлер ушын зәрүр болған мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўге бағдарлаў;
Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик хызметлеринен пайдаланған ҳалда мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў бойынша жеке меншик сектор менен бирге ислесиўди күшейтиў;
вертикал ҳәм горизонтал басқарыў системасын жетилистириў;
кадрлардың потенциалын арттырыў бойынша кәсиплик раўажланыў бағдарламаларын ислеп шығыў нәзерде тутылсын;
6) «фермер хожалықларында мийнет өнимдарлығын арттырыў, өнимниң сапасын жақсылаў, жоқары қосымша қун жаратыўға қаратылған тармақ бағдарламаларын ислеп шығыў арқалы мәмлекет қәрежетлериниң нәтийжелилигин арттырыў ҳәм басқышпа-басқыш қайта бөлистириў» бағдарында Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте Министрлер Кабинетине төмендегилер бойынша усыныслар киргизсин:
а) 2020-жыл 1-мартқа шекем Өзбекстан Республикасы Қаржы Министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры жумысын қайта көрип шығыў;
б) 2020-жыл 1-июльге шекем агросанаат комплексин орта мүддетли бағдарламалық қаржыландырыў принциплерине өткериў.
Онда:
тармақ бағдарламарын ислеп шығыўда агросанаат комплексине киретуғын министрликлер ҳәм уйымлардың бюджетлерин комплексли көрип шығыў механизмин енгизиў;
мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин енгизиў, ирригация инфраструктурасын модернизациялаў ҳәм ресурсты үнемлеў технологияларын қолланыў арқалы ирригация тараўының қәрежетлерин азайтыў есабынан илимий-изертлеў жумысларына қәрежетлерди көбейтиў;
агросанаат комплексинде қәрежетлерди диверсификациялаў нәзерде тутылсын;
7) «илим, билимлендириў, мәлимлеме ҳәм мәсләҳәт хызметлери системасын раўажландырыў» бағдарында 2020-жыл 1-марттан баслап агросанаат комплексине киретуғын илимий, илимий-изертлеў ҳәм илимий-тәжирийбе мәкемелериниң имаратлары ҳәм объектлерин сақлаў, хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў бойынша қәрежетлерди қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржыларының есабынан базалық қаржыландырыў шәртлерине өткериледи.
2020-2021-жылларда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан базалық қаржыландырыўға өткерилетуғын агросанаат комплекси қурамына киретуғын илимий-изертлеў мәкемелериниң дизими 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Агросанаат комплекси қурамына киретуғын илимий-изертлеў мәкемелериниң басшы хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў шәртлери бюджет қаржылары есабынан фундаменталлық, әмелий изертлеўлер ҳәм инновациялық жумыслардың илимий-техникалық бағдарламаларын әмелге асырыўда қатнасыўшы илимий-изертлеў мәкемелери басшы хызметкерлериниң базалық лаўазым айлықларына теңлестирилсин;
8) «тармақ статистикасының ашық-айдын механизмин жаратыў» бағдарында Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги үш ай мүдетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарары жойбарын киргизсин:
жеке секторды кеңнен тартыў имканиятларын инабатқа алған ҳалда Аўыл хожалығы министрлиги системасында Агросанаат комплексинде бирден-бир мәлимлеме бағдарламасы (кейинги орынларда – Бирден-бир бағдарлама) жүргизилиўи ушын жуўапкер шөлкем дүзиў;
агросанаат комплексине тийисли барлық министрлик ҳәм уйымлар және усы комплексте жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлердиң Бирден-бир бағдарламада ислесиў тәртиби;
агросанаат комплексине тийисли барлық министрлик ҳәм уйымлардың мәлимлеме системаларының Бирден-бир бағдарлама менен интеграциясын тәмийинлеў нәзерде тутылсын.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Аўыл хожалығы министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги менен биргеликте 2020-2022-жылларда:
мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында мийўе-овощ жетистириўге қәнигелестирилген районларда шөлкемлестирилген аўыл хожалығы бирлеспелерин өнимлердиң сапасын таллаў ҳәм қадағалаў бойынша халықаралық стандартларға жуўап беретуғын заманагөй лабораториялар менен үскенелеў;
аўыл хожалығы бирлеспелерин тәжирийбели менеджер, маркетолог, агроном, экономист ҳәм басқа да керекли қәнигелер менен тәмийинлеў ушын халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел шөлкемлериниң қаржыларын тартыўды тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги:
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги менен биргеликте Бағдарламаны әмелге асырыў ушын халықаралық финанс институтлары ҳәм басқа да сырт ел шөлкемлериниң қаржылары тартылыўын тәмийинлесин;
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте усы қарардың мәнис-мазмуны және мақсет ҳәм ўазыйпалары ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытылыўын тәмийинлесин.
- Усы қарардың орынланыўы төмендеги тәртипте әмелге асырылсын:
а) Өзбекстан Республикасы Бас министриниң аграр ҳәм азық-аўқат тараўларын раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи А.Д.Вахабов – усы қарардың орынланыўын сапалы, толық ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў, жуўапкер министрлик, уйым, шөлкемлер ҳәм ҳәкимликлердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў және муўапықластырыў, ҳәр айда олардың басшыларының ислеген жумыслары ҳаққындағы есабатларын тыңлаў және анықланған машқала ҳәм кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыўды тәмийинлесин;
б) Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев – Бағдарламаны әмелге асырыў бойынша барлық зәрүр илажлардың көрилиўин тәмийинлесин, усы қарарды өз ўақтында әмелге асырыўда жуўапкер шөлкемлерге ҳәр тәреплеме методикалық ҳәм әмелий жәрдем берсин және ҳәр ай Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясын әмелге асырыў бойынша Муўапықластырыўшы кеңеске оның орынланыўы бойынша толық мағлыўмат киргизип барсын;
в) Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.У.Умурзоқов – Бағдарламаны 2020-жылда әмелге асырыў ушын халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимети қаржы шөлкемлери, соның ишинде, потенциаллы сырт ел инвесторларының қаржылары тартылыўын тәмийинлесин;
г) Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министриниң орынбасарлары:
Ш.Ж.Тешаев – масақлы дәнниң мәмлекетлик сатып-алыўларын басқышпа-басқыш бийкар етиў және пахта шийки-заты баҳаларын тәртипке салыўдың базар механизмлерин енгизиў бойынша жумысларды таярлаўды тәмийинлесин;
С.С Ходжаев – аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тармағын кредитлеў ҳәм қамсызландырыў механизмлерин жетилистириў және агросанаат комлексин қаржыландырыўды орта мүддетли бағдарламалық қаржыландырыў принциплерине өткериў бойынша комплексли илажларды ислеп шығыў илажларын әмелге асырсын;
Б.М.Холиқов – агросанаат комплекси қурамына киретуғын, соның ишинде, базалық қаржыландырыўға өткерилип атырған илимий-изертлеў мәкемелериниң жумысын сапалы шөлкемлестириў, әмелге асырылып атырған илимий-техникалық бағдарламалар ҳәм изертлеўлердиң нәтийжелерин аўыл хожалығында әмелий қолланыўды тәмийинлесин;
д) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм районлардың ҳәкимлери – физикалық ҳәм юридикалық шахсларға аўыл хожалығы мақсетлери ушын жер участкаларын ашық-айдын таңлаўлар өткериў арқалы ажыратыў бойынша енгизилип атырған тәртипке сөзсиз әмел етиў, масақлы дәнниң мәмлекетлик сатып-алыўларынан басқышпа-басқыш бас тартыў бойынша илажлар әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 28-январь