Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Кейинги жылларда дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техникалар (кейинги орынларда – фармацевтика өнимлери) айланысы системасын жақсылаў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылды, жергиликли фармацевтика тармағын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратылды.
Соның менен бирге, жергиликли фармацевтика тармағы халық ҳәм емлеў-профилактикалық мәкемелериниң фармацевтика өнимлерине болған талапларын жетерли дәрежеде қанаатландырмай атыр.
Атап айтқанда, фармацевтика тармағы ислеп шығарылып атырған өнимниң түри бойынша экономикалық жақтан раўажланған мәмлекетлердиң усындай тармағынан артта қалмақта. Атап айтқанда, ишки базарда жергиликли дәри-дәрмақлардың үлеси баҳада көрсетилгенде 27 процентти ҳәм товар көлеми бойынша көрсеткенде 45 процентти қурайды.
Раўажланған мәмлекетлерде табыслы қолланылып атырған баҳаны қәлиплестириўдиң ашық-айдын ҳәм нәтийжели механизмлери жоқ екенлиги ҳәм дәри-дәрмақлардың баҳалары шегаралас мәмлекетлерге салыстырғанда Өзбекстан Республикасында тийкарсыз өсиўине алып келмекте.
Халықты сапалы, нәтийжели ҳәм қәўипсиз фармацевтика өнимлери менен тәмийинлеўди буннан былай да жақсылаў, жергиликли ислеп шығарыўшылардың өндирис көлемлерин, илимий-техникалық ҳәм экспорт потенциалын арттырыў, сондай-ақ, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў мақсетинде
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық
а) 2020-жыл 1-июльден баслап жергиликли ҳәм сырт ел дәри-дәрмақларына референт баҳа қәлиплестириў системасы басқышпа-басқыш енгизиледи ҳәм онда төмендегилер нәзерде тутылады
халықтың жан басына салыстырғанда дәрежеси жоқары, орташадан жоқарырақ ҳәм орташадан төменирек болған мәмлекетлер топарына киретуғын кеминде 10 референт мәмлекетлерди таңлаў;
дәри-дәрмақтың түри, орамдағы саны, дозасы, концентрациясы, көлеми ҳәм орап ислеп шығарылыўын есапқа алған ҳалда бир ислеп шығарыўшының мине усындай актив элементке ийе дәри-дәрмағының ислеп шығарыўшы мәмлекетте, референт мәмлекетлерде ҳәм Өзбекстан Республикасында сатыў баҳаларын дизимнен өткериў гүўалығының ийеси ямаса оның исенимли ўәкили тәрепинен дизимнен өткериўши уйымға усынылыўы;
дәри-дәрмақтың түри, орамдағы саны, дозасы, концентрациясы, көлеми ҳәм орап ислеп шығарылыўын есапқа алған халда дәри-дәрмақтың ҳәр бир саўда атамасы ушын белгиленген ең жоқары баҳасын жазыў. Онда дәри-дәрмақтың усы баҳадан жоқары баҳаларда Өзбекстан Республикасына жеткерип бериў (импорт дәри-дәрмақлар ушын) ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшылар тәрепинен сатылыўы (жергиликли дәри-дәрмақлар ушын) мүмкин емес;
б) Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги ( кейинги орынларды – Агентлик) төмендегилер ушын жуўапкер болған ўәкилликли уйым есапланады:
дәри-дәрмақтың саўда атамасына референт баҳа қәлиплестириў системасын, соның ишинде, тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў уйымлары ҳәм шөлкемлерин ҳәм жәмийетшиликти тартқан ҳалда мониторинг етиў ҳәм таллаў;
дәри-дәрмақтың ҳәр бир саўда атамасы баҳаларының оннан жоқары баҳада Өзбекстан Республикасына жеткерип берилиўи (импорт дәри-дәрмақлар ушын) ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшылар тәрепинен сатылыўына (жергиликли дәри-дәрмақлар ушын) жол қойылмайтуғын ең жоқары шегин дизимге алыў
Интернет тармағындағы өзиниң рәсмий веб-сайтында фармацевтика жумысы менен шуғылланатуғын шөлкемлер, дизимнен өткен ҳәм сертификатланған фармацевтика өнимлери, сондай-ақ, дәри-дәрмақтың саўда атамасы ушын шекленген баҳалар ҳәм белгиленген шекленген саўда үстемелерин есапқа алған ҳалда көтере ҳәм усақлап сатыў шекленген баҳалар хаққындағы мағлыўматлар саўлелендирилген ҳәм автоматластырылған мәлимлеме системасын жаратыў және жүргизиў;
в) 2020-жыл 1-июльден баслап, мүлкшилик түрине қарамастан, республиканың барлық медициналық шөлкемлеринде мәжбүрий тәртипте дәри-дәрмақлардың халықаралық патентленбеген атамасы бойынша рецепт жазылыўы енгизиледи.
Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәр айдың 5-сәнесине шекем Агентлик өзиниң веб-сайтында ҳәр айда жәриялап барыўы ушын импорт етилетуғын фармацевтика өнимлери хаққында толық мағлыўматларды (импорт етиўши, товардың атамасы, көлеми, баҳасы ҳәм тағы басқалар) Агентликке усынылыўын тәмийинлесин.
- Төмендегилер
а) 2020-2024-жылларда Өзбекстан Республикасының фармацевтика тармағын раўажландырыў концепциясы (кейинги орынларда – Концепция) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын, онда төмендегилер нәзерде тутылсын:
алдынғы илимий тәжирийбе ҳәм заманагой технологияларды қолланған ҳалда ислеп шығарылатуғын фармацевтика өнимлериниң түрлерин кеңейтиў, сондай-ақ, инновациялақ фармацевтика өнимлерин жаратыў ҳәм өндиристи хошаметлеў, заманагөй объектлерди иске қосыў ҳәм бар объектлердиң материаллық-техникалық базасын модернизациялаў ҳәм беккемлеў арқалы фармацевтика санаатын раўажландырыў;
шөлкемлер ҳәм кәрханалардың фармацевтика өнимлерин жаратыў ҳәм ислеп шығарыў бойынша халықаралық талаплар менен сәйкеслестирилген стандартлардың нормаларына муўапық екенлигин тәмийинлеў арқалы жергиликли фармацевтика тармағын раўажландырыў;
фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў бойынша заманагөй бәсекиге шыдамлы өндирислерди шөлкемлестириў ушын, соның ишинде, сырт ел фармацевтика кәрханаларының инвестицияларын ҳәм алдыңғы технологияларын тартыў;
кейин ала дәри-дәрмақларды ислеп шығарыў ушын дәрилик өсимликлер шийки заты тийкарында субстанциялар ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ҳәм локализациялаў;
жумыс алып барып атырған өндирис қуўатлылықларын модернизациялаў, көбейтиў ҳәм жаңа түрдеги дәри-дәрмақларды өзлестириў есабынан, сондай-ақ, инвестицияларды тартыў арқалы фармацевтика өнимлериниң импортын қысқартыў;
жергиликли кәрханаларда «Зәрүр өндирислик әмелияты» (GMP), «Зәрүр фармқадағалаў әмелияти» (GVP) сондай-ақ, дистрибьюторлық жумысында сапа ҳәм қәўипсизлик системасын басқарыў (GDP), клиникалық алды (GLP) ҳәм клиникалық изертлеўлерди өткериўди (GCP) тәртипке салыўға қаратылған әмелиятларды басқышпа-басқыш енгизиў;
баҳаларды қәлиплестириў механизмлерин жетилистириў, фармацевтика өнимлерин маркировкалаў ҳәм қадағалаў системасын енгизиў;
заманагөй халықаралық талапларға муўапық фармацевтика өнимлерин жаратыў, өндирис ҳәм сапаны қадағалаў тараўындағы нызам ҳужжетлерин жетилистириў арқалы миллий регулятор уйым потенциалын беккемлеў;
алдынғы сырт ел тәжрийбеси тийкарында республиканың фармацевтика тармағы ушын, соның ишинде, дәри-дәрмақ препаратларының биотехнологиясы, дәри-дәрмақлардың химиялық технологиясы, таяр дәри-дәрмақлар ҳәм фитопрепаратлар технологиясы, фармация экономикасы және оны басқарыў, фармацевтикалық химия микробиологиясы сыяқлы әҳмийетли тараўларда кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыўды тәмийинлеў;
билимлендириў, илим ҳәм өндиристи терең интеграциялаў арқалы ислеп шығарыў, сертификатластырыў ҳәм стандартластырыў, фармацевтика өнимлериниң клиникалық алды ҳәм клиникалық изертлеўлери бойынша жаңа технологияларды ислеп шығыў ҳәм сәйкеслендириўге қаратылған фундаменталь, илимий-әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлердиң нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў;
оригинал дәри-дәрмақларды, сондай-ақ, талап жоқары болған оригинал дәри-дәрмақлар негизинде генерикалық дәри препаратларын (генериклерди) ислеп шығыўға мөлшерленген заманагөй оқыў лаборатория ҳәм илимий-изертлеў орайларын шөлкемлестириў;
б) 2020-2024-жылларда Өзбекстан Республикасының фармацевтика тармағын раўажландырыў концепциясын 2020-жылда әмелге асырыў илажлары бағдарламасы (кейинги орынларды – Илажлар бағдарламасы) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрликлер, кәрханалар ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшылары Илажлар бағдарламасында нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы әмелге асырылыўы бойынша жеке жуўапкер болып есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Концепция ҳәм Илажлар бағдарламасында нәзерде тутылған илажларды қаржылындырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги жанындағы Фармацевтика тармағын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў қоры (кейинги орынларда – Қоры)ның қаржылары;
физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қайырқомлық қаржылары, сондай-ақ, нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Монополияға қарсы гуресиў комитетиниң 2020-жыл 1-июльден баслап «фармацевтика өнимлериниң сырлы қарыйдары» институтын енгизиў хаққындағы усынысына келисим берилсин.
«Фармацевтика өнимлериниң сырлы қарыйдары» институтын енгизиў шеңберинде илажларды шөлкемлестириў Өзбекстан Республикасының Монополияға қарсы гүресиў комитети жанындағы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў агентлиги тәрепинен Агентлик пенен биргеликте әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер «фармацевтика өнимлериниң сырлы қарыйдары» институтының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
мүлкшилик түрине қарамастан, медициналық шөлкемлер ҳәм дәриханалар тәрепинен рецептлерди жазыў ҳәм дәри-дәрмақ қуралларының саўда атамасы ушын шекленген баҳаларды қәлиплестириў процесин тәртипке салатуғын нызамшылық талапларына әмел етилиўин мониторинг етиў ҳәм баҳалаў;
медициналық шөлкемлер ҳәм дәриханаларға барыў, телефон қоңыраўлары, электрон почта ямаса мобиль қосымшалар арқалы мүрәжат етиў, сондай-ақ, басқа да аралық усыллар арқалы мағлыўмат топлаў ҳәм мониторинг алып барыў;
мағлыўмат топлаў ҳәм мониторинг етиўге тийисли ўәкилликли уйымлар хызметкерлерин де, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм басқа да шахсларды («сырлы қарыйдарлар») да тартыў;
медициналық шөлкемлер ҳәм дәриханалардың басшылары және (ямаса) хызметкерлериниң ҳуқықбузарлықларды әмелге асырыў және ўәкилликлерин орынламаўға бағдарлайтуғын усыллардан пайдаланыўын қадаған етиў;
нызамшылық талапларын биринши мәрте бузған медициналық шөлкемлер ҳәм дәриханалар, сондай-ақ, олардың басшылары ҳәм (ямаса) хызметкерлерине нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жуўапкершилик шараларын қолланбастан, түсиник жумысларын алып барыў, ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў;
«фармацевтика өнимлериниң сырлы қарыйдары» институтын шөлкемлестириў шеңберинде өткерилген мониторинг нәжийжелери тийкарында нызамшылық ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў.
- Агентлик:
а) 2020-жыл 1-мартқа шекем референт баҳаны қәлиплестириў системасы шеңберинде дәри-дәрмақ қуралларының баҳаларын дизимге алыў тәртибин және референт мәмлекетлер дизимин тастыйықласын;
б) 2020-жыл 1-июльға шекем Тийкарғы дәри-дәрмақ қураллары дизимине киргизилген дәри-дәрмақ қуралларының ҳәр бир саўда атамасы ушын шекленген баҳалар дизимге алыныўын тәмийинлесин;
в) 2020-жыл 31-декабрьге шекем:
дәри-дәрмақлары мәмлекетлик реестрге киргизилген ҳәм Өзбекстан Республикасы аймағында медицина әмелиятында пайдаланыў ушын рухсат етилген барлық дәри-дәрмақлардың ҳәр бир саўда атамасы ушын шекленген баҳалардың көрсетилиўин;
фармацевтика жумысы менен шуғылланатуғын шөлкемлер, дизимнен өткен ҳәм сертификатластырылған дәри-дәрмақлар, сондай-ақ, дәри-дәрмақлар саўда атамасы ушын көрсетилген шекленген баҳалар ҳәм белгиленген шекленген саўда үстемелерин есапқа алған ҳалда шекленген көтере ҳәм усақлап сатыў хаққындағы мағлыўматларды өз-ишине алған автоматластырылған мәлимлеме системасы толық түрде ислеўин тәмийинлесин;
г) төмендегилерди:
министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен Концепция ҳәм Илажлар бағдарламасының орынланыўы үстинен турақлы мониторинг алып барыўды, сондай-ақ, ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усы қарардың орынланыўы хаққында толық мағлыўмат киргизип барылыўын;
ҳәр жылы 1-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине 2020-2024-жылларда Өзбекстан Республикасының фармацевтика тармағын раўажландырыў концепциясын әмелге асырыў бойынша келеси жылға мөлшерленген илажлар бағдарламасы жойбарының киргизилиўин тәмийиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
а) 2020-жыл 1-июльге шекем:
Дәри-дәрмақлардың халықаралық патентленбеген атама берилиўи бойынша рецептлерди рәсмийлестириў тәртиби хаққындағы режени тастыйқласын. Онда мүлкшилик түринен ҳәм уйымлық тийислилигине қарамастан, усы талапты бузған медициналық шөлкемлердиң хызметкерлерине қолланылатуғын жуўапкершилик илажлары нәзерде тутылсын;
Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети менен биргеликте «фармацевтика өнимлериниң сырлы кәрыйдары» институтын енгизиў шеңбериндеги илажларды шөлкемлестириў тәртибин;
б) 2020-жыл 1-июльге шекем белгиленген тәртипте Медициналық мақсетлерге пайдаланылатуғын дәр-дәрмақлардың өз-ара алмасыўы хаққындағы режени тастыйқласын.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
а) Концепция ҳәм Илажлар бағдарламасын әмелге асырыўда жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң нәтийжели бирге ислесиўин, олардың әмелге асырылыўын мониторинг етиў даўамында анықланған кемшиликлер өз ўақтында сапластырылыўын;
б) ҳәр жылы 31-декабрьге шекем 2020-2024-жылларда Өзбекстан Республикасының фармацевтика тармағын раўажландырыў концепциясын әмелге асырыў бойынша келеси жылға мөлшерленген илажлар бағдарламасының тастыйқланыўын тәмийинлесин;
в) 2020-жыл 1-майға шекем Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына төмендегилерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасының нызам жойбарын киргизсин:
дәри-дәрмақларға рецептлер жазыў бойынша нызам ҳүжжетлеринде белгиленген талапларды бузғанлығы, соның ишинде, күшли тәсир етиўши элементлер ҳәм прекурсорлар дизимине киргизилген нәшебентлик қураллары, психотроплық қураллар, дәри-дәрмақларды алыў ҳуқықын бериўши рецептлерди ямаса басқа да ҳүжжетлерди қәлбекилестиргени ушын медицина хызметкерлери ҳәм басқа да шахсларға ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик енгизиў;
медицина хызметкерлери тәрепинен белгили дәри-дәрмақларды белгилеў ҳәм бериў ушын фармацевтикалық шөлкемлер ҳәм дәриханалардан финанслық сыйлықлар, материаллық ямаса материаллық емес көринистеги ҳәр қандай басқа да хошаметлер алыўын қадаған етиў бойынша Өзбекстан Республикасының «Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў хаққында»ғы нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 3-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги Агентлик ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар хаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 30-декабрь