Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Елимизде бар өндирис қуўатлықларын кеңейтиўге ҳәм жаңаларын шөлкемлестириўге қаратылған жедел инвестициялық сиясат, сондай-ақ, халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар жылдан-жылға талап артып баратырған энергия ресурсларын исенимли дәреклер менен тәмийинлеўди талап етпекте.
Соның менен бирге, ҳәзирги ўақытта республика экономикасы ҳәм халықтың энергия ресурсларына болған талабы энергияның қайта тикленбейтуғын дәреклеринен, соның ишинде, ресурслары шекленген углеводород шийки затларынан жоқары дәрежеде пайдаланыў есабынан қапланбақта. Соған қарамастан, елимизде уран шийки затының үлкен резерви бола турып, әмелде атом энергетикасының потенциалы иске қосылмаған.
Халық ҳәм мәмлекет экономикасының электр энергиясына болған өсип баратырған талабын қанаатландырыў, сондай-ақ, энергия пайда ететуғын қуўатлықларды көбейтиў есабынан энергия менен турақлы тәмийинлеў, энергетика секторын диверсификациялаў, атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў ҳәм усы бағдарларға алдыңғы инновациялық технологияларды енгизиў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанында Атом энергетикасын раўажландырыў агентлиги (кейинги орынларда «Өзатом» агентлиги деп аталады) шөлкемлестирилсин.
«Өзатом» агентлиги:
атом энергетикасын раўажландырыў ҳәм оннан пайдаланыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ҳәм стратегиялық бағдарларды ислеп шығыў және әмелге асырыў ушын жуўапкер болған мәмлекетлик басқарыў уйымы болып есапланатуғыны;
Министрлер Кабинетиниң Геология, жанылғы-энергетика комплекси, химия, нефть-химия ҳәм металлургия санааты мәселелери комплексиниң структурасына киретуғыны;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да қаржылар есабынан қаржыландырылатуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер «Өзатом» агентлигиниң атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў тараўындағы тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў тараўында мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары бойынша усыныслар таярлаў, соның ишинде, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў;
Өзбекстан Республикасында атом энергетикасын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, атом энергетикасы тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў ушын инвестицияларды, соның ишинде, сырт ел инвестицияларын тартыў;
санаат ҳәм экология қәўипсизлигиниң халықаралық талапларына жуўап беретуғын заманагөй технологияларды ҳәм әсбап-үскенелерди енгизген ҳалда, атом энергетикасы объектлерин жойбарластырыў, қурыў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша келисимлер ҳәм шәртнамалар дүзиў;
атом илимин ҳәм ядро технологияларын раўажландырыў бойынша комплексли илажларды, фундаменталь изертлеўлер, илимий-изертлеў, тәжирийбе-конструкторлық ҳәм инновациялық жумыслар жойбарларын таярлаў ҳәм әмелге асырыў, алдынғы технологияларды енгизиў;
изертлеў ҳәм энергетика атом реакторларын, ядро-физикалық қурылмаларды, ядро материалларын ҳәм радиация дәреклерин сақлаў, радиоактив шығындыларды көмиў пунктлериниң раўажланыўын ҳәм олардың қәўипсиз ислеўин тәмийинлеў;
республикадағы объектлердиң радиациялық ҳәм ядролық қәўипсизлиги системасын басқа да министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте ядро авариялары ҳәм радиациялық авария жағдайларының алдын алыў бойынша илажлар режесин ислеп шыққан ҳалда жетилистириў;
ядро материаллары ҳәм технологияларының, радиактив материаллардың тарқалмаўын тәмийинлеў, физикалық қорғаў және ядролық ҳәм радиациялық қәўипсизликти тәмийинлеў илажларын әмелге асырыў;
кадрларды, соның ишинде, жетекши сырт ел институтларында таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў системасын шөлкемлестириў;
Халықаралық атом энергиясы агентлиги Атом энергиясы бойынша Европа жәмийетшилиги ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер менен халықаралық бирге ислесиў ҳәм өз-ара байланысларды әмелге асырыў;
атом энергетикасы тараўына сырт ел инвестицияларын ҳәм алдынғы технологияларды тартыў мақсетинде мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволардың қатнасыўында халықаралық институтлар, донор мәмлекетлер, компаниялар ҳәм банклер менен бирге ислесиўди раўажландырыў.
- «Өзатом» агентлиги жанында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңеси, Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Илимлер академиясы, «Саноатгеоконтехназорат» мәмлекетлик инспекциясы, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволардың ўәкиллери, сондай-ақ, атом энергетикасын раўажландырыў тараўындағы халықаралық экспертлер қурамына киргизилген Илимий-техникалық ҳәм эксперт кеңеси шөлкемлестирилсин.
Атом энергетикасын раўажландырыўдың стратегиялық мәселелери бойынша қарарларды қабыл етиў «Өзатом» агентлигиниң Илимий-техникалық ҳәм эксперт кеңесиниң шешимлери тийкарында әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
бир ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы атом энергетикасын раўажландырыў агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте киргизсин;
2018-жыл 1-октябрьге шекемги мүддетте «Атом энергеиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизсин.
- «Өзатом» агентлиги, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте:
2018-жыл 20-декабрьге шекем – 2019-2029-жыллары Өзбекстан Республикасында атом энергетикасын раўажландырыў концепциясының жойбары (кейинги орынларда – Концепция);
2019-жыл 1-июньге шекем ислеп шығылған Концепцияға муўапық Өзбекстан Республикасында атом энергетикасын раўажландырыў бойынша инвестиция жойбарларының портфели;
2019-жыл 1-ноябрьге шекем – 2019-2029-жыллары Өзбекстан Республикасында атом энергетикасын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасының жойбарын (кейинги орынларда – Бағдарлама), сондай-ақ, Концепция ҳәм Бағдарламаның өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша комплексли илажлардың ислеп шығылыўын ҳәм тастыйықлаў ушын киргизилиўин тәмийинлесин.
Концепция ҳәм Бағдарлама жойбарларын ислеп шығыўда төмендеги мәселелерди шешиўге айрықша итибар қаратылсын:
Өзбекстан Республикасында атом энергетикасын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын әмелге асырыў бойынша комплексли келешекти көриў ҳәм стратегиялық ўазыйпаларға;
жоқары дәрежедеги санаат ҳәм экологиялық қәўипсизликти тәмийинлейтуғын заманагөй алдынғы технологияларды қолланған ҳалда атом энергетикасын ҳәм тийисли инфраструктура объектлерин қурыўға;
ядролық ҳәм радиациялық қәўипсизлик, соның ишинде, шығындылардың утилизация етилиўи ҳәм ислетилген ядро жанылғысының сақланыўы үстинен қадағалаўды шөлкемлестириўге;
атом энергетикасы тараўында Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелеринде ҳәм шет елде қәнигелерди таярлаўға, сондай-ақ, олардың жетекши сырт ел компанияларында стажировкадан өтиўин шөлкемлестириўге.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги «Өзатом» агентлиги, Экономика министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте 2018-жыл 1-декабрьге шекемги мүддетте:
атом энергетикасы тараўында жоқары қәнигели кадрлар таярлаў ушын Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети ҳәм Самарқанд мәмлекетлик университетине қабыллаў квоталары;
студентлердиң атом энергетикасының анық қәнигеликлери бойынша сырт ел билимлендириў мәкемелеринде билим алыўы ҳәм стажировкадан өтиўи бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте сырт ел (халықаралық) қаржы институтлары ҳәм басқа да сырт ел донорлары менен атом энергетикасын раўажландырыў ушын кредитлерди ҳәм грантларды тартыў бойынша системалы жумыслардың алып барылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 9. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Махмудовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы
2018-жыл 19-июль