Өзбекстан Республикасы Президентиниң

 қ а р а р ы

Өсимликлерди үйрениў тараўындағы илимий-изертлеўлердиң нәтийжелилигин арттырыў, халықаралық стандартларды есапқа алған ҳалда бийбаҳа ботаникалық коллекцияларды сақлаў шараятларын жақсылаў, өсимлик дүньясын үйрениў, сақлап қалыў ҳәм оннан турақлы пайдаланыў бойынша қәнигелескен ўазыйпаларды жедел шешиў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Ботаника институтының материаллық-техникалық базасын буннан былай да беккемлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлигиниң:

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Ботаника институтының (кейинги орынларда – Институт деп аталады)илимий жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў;

Институтты Өзбекстанның тәбийғый өсимликлер ҳәр түрлилигин үйрениў тараўындағы бирден-бир мәмлекетлик мәкеме сыпатында белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Институттың бийбаҳа илимий объекти «Орайлық гербарий» миллий әҳмийетке ийе гербарий деп тән алынсын ҳәм оған «Өзбекстан миллий гербарийи» (кейинги орынларда – Миллий гербарий) атағы берилсин.
  2. Илимлер академиясы Иноовациялық раўажланыў министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте бир ай мүддетте Миллий гербарийдиң илимий-изертлеў жумысын раўажландырыў бойынша 2018-2020-жылларға мөлшерленген «Жол картасы»н ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
  3. Институт ҳәм Илимлер академиясы Миллий гербарийди арнаўлы әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў мақсетинде илимий ҳәм компьютер үскенелери, приборлар, реагентлер, комплектлеўши бөлеклер, сарыплаў материаллары, программалық тәмийнатлар ҳәм техникалық қуралларды халықаралық қаржы институтлары және сырт ел шөлкемлериниң грантлары, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының илимий-изертлеў мәкемелери объектлериниң реализациясынан түскен бюджеттен тысқары қаржылары есабына орнатылған тәртипте сатып алынсын.
  4. Институт қурамында:

бийбаҳа ҳәм эндем өсимлик түрлери бойынша мақсетли илимий-изертлеўлерди алып барыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Қызыл китабының басылымларын халықаралық стандартларға муўапық таярлаў ўазыйпалары жүкленген бийбаҳа өсимликлер түрлериниң кадастры ҳәм мониторинги лабораториясы;

Өзбекстан тәбийғый флорасының таксономикалық ҳәр түрлилигин хатлаўдан өткериў бойынша системалы изертлеўлер алып барыў, өсимликлердиң инвазив түрлериниң қурамын ҳәм географиялық тарқалыўын белгилеў, айрықша әҳмийетке ийе ботаникалық аймақларды анықлаў және өсимликлер дүньясының заманагөй номенклатурасы ҳәм филогенетикалық системасы тийкарында «Өзбекстан флорасы»ның жаңа басылымларын таярлаў ўазыйпалары жүкленген Өзбекстан флорасы лабраториясы;

Институттың илимий-изертлеў ҳәм оқыў-әмелий жумысындағы жетискенликлерин ғалаба ен жайдырыў, сондай-ақ, кең жәмийетшиликти Өзбекстанның өзине тән өсимликлериниң ҳәр түрлилиги менен таныстырыў мақсетинде Ботаника музейи шөлкемлестирилсин.

  1. Илимлер академиясы, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети, «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлигиниң, Илимлер академиясын Өзбекстан Республикасы Қызыл китабын таярлаў ҳәм басып шығарыў бойынша ўәкилликли уйым етип белгилеў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети үш ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Қызыл китабын таярлаў, басып шығарыў ҳәм жүргизиў тәртибин тастыйықласын.

  1. Илимий бөлимлердиң пүтинлигин сақлап қалыў ҳәм илимий-изертлеў жумысының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде:

Институттың ғоза систематикасы ҳәм интродукциясы лабораториясы, «Ғоза генофонды» сийрек гезлесетуғын илимий объекти ҳәм ыссыхана комплекси Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Генетика ҳәм өсимликлер экспериментал биологиясы институтына;

Институттың анатомия ҳәм цитоэмбриология, терек ҳәм от-шөп өсимликлериниң интродкуциясы, сондай-ақ, дәрилик өсимликлер лабораториялары академик Ф.Н.Русанов атындағы Ботаника бағына өткерилсин.

  1. 2018-2020-жыллары Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Ботаника институтының өсимликлер ҳәр түрлилигин үйрениў ҳәм сақлап қалыў тараўындағы фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлерди раўажландырыў, сондай-ақ, потенциалын беккемлеў бойынша илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Қурылыс министрлиги, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң Институт, Миллий гербарий ҳәм Ботаника музейин жайластырыў ушын жаңа заманагөй имаратты (кейинги орынларда – объект) академик Ф.Н.Русанов атындағы Ботаника бағының аймағында қурыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  3. Төмендегилер:

а) объект бойынша:

«Inkom kapital qurilish» инжиниринг компаниясы – буйыртпашы етип;

нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте өткерилетуғын таңлаў (тендер) саўдаларының жуўмақлары бойынша анықланған шөлкемлер – бас жойбарлаўшы ҳәм бас жумысты бөлип алып ислеўши етип;

б) ҳәр жылы тастыйықланатуғын Өзбекстан Республикасын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламалары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясына ажыратылатуғын капитал қойылмалардың лимитлери – жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм объектке байланыслы қурылыс-монтажлаў жумысларын орынлаў бойынша жумысларды қаржыландырыў дәреги етип белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Экономика министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги 2021-2023-жыллар ушын мөлшерленген Өзбекстан Республикасының раўажланыў мәмлекетлик бағдарламаларын қәлиплестириўде тастыйықланған жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине тийкарланып объект бойынша қурылыс-монтажлаў өткериў ушын капитал қойылмалардың тийисли лимитлерин нәзерде тутсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте сырт еллердеги жетекши илимий-изертлеў мәкемелери менен Институттың бирге ислесиўин кеңейтиў илажларын көрсин, сондай-ақ, Институт негизинде өсимликлердиң молекуляр филогениясы, биографиясы, хемотаксономиясы ҳәм өсимликлер дүьясының басқа да бағдарлары бойынша бюджеттен тысқары қаржылар есабынан қаржыландырылатуғын бирликтеги илимий лабораторияларды шөлкемлестириў ушын грант қаржыларының тартылыўын тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы президентине Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда усы бәнтте нәзерде тутылған бирликтеги лабораторияларды шөлкемлестириўде Институттың жумысшылары ҳәм илимий хызметкерлериниң улыўма шекленген санын көбейтиў ҳуқықы берилсин.

  1. Белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша Институт тәрепинен алып кирилетуғын Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын илимий ҳәм компьютер үскенелери, приборлар, реагентлер, комплектлеўши бөлеклер, жумсаў материаллары, программалық тәмийнатлар ҳәм техникалық қураллар 2021-жыл 1-июльға шекем бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары) азат етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 4-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Ботаника институты ҳәм Зоология институтының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3256-санлы қарарына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  3. Илимлер академиясы еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Өзбекстан Республикасы Инвестциялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы С.Р.Холмуродовқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.С.Қосимовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының президенти Б.С.Йўлдошевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 17-июль