Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Соңғы жыллары елимизде нефрологиялық кеселликлерге шалынған адамларға медициналық жәрдем көрсетиў системасын сапа жағынан жақсылаў илажлары көрилмекте.
Бир қатар республикалық ҳәм барлық ўәлаятлық медицина мәкемелеринде наўқаслар өмириниң анағурлым узайтыўын ҳәм олардың турмыс сапасының артыўын тәмийинлейтуғын гемодиализ бөлимлери жумыс алып бармақта.
Соның менен бирге, бар жағдайды таллаў гемодиализ жәрдемине мүтәж болған наўқасларға толық медициналық хызмет көрсетиўге тосқынлық етип атырған бир қанша шешимди күтип атырған машқалалардың бар екенлигин көрсетти. Атап айтқанда:
бириншиден, медицина мәкемелеринде гемодиализ алыў ушын орынлардың улыўма саны реал талаптан бир неше есе аз, гемодиализ бөлимлериниң ярымынан артығы бейимлестирилмеген бөлмелерде жайласқан, көп ғана гемодиализ машиналарының белгиленген пайдаланыў мүддети өтип кеткен;
екиншиден, халыққа жоқары қәнигели нефрология ҳәм гемодиализ жәрдемин көрсетиў, сондай-ақ, бүйреклерди трансплантациялаў бойынша регионаллық бөлимлерге ийе болған қәнигелестирилген медицина орайын шөлкемлестириўге талап бар;
үшиншиден, терминал ҳәм өткир бүйрек жетиспеўшилигине шалынған наўқасларды емлеўдиң бирден-бир стандартлары ҳәм протоколлары енгизилмеген, сондай-ақ, нефрологиялық кеселликлердиң ерте алдын алыў, оларға өз ўақтында диагноз қойыўдың нәтийжели системасы, наўқасларды таңлаў ҳәм гемодиализге жибериў тәртип-нормалары жолға қойылмаған;
төртиншиден, нефролог қәнигелер, гемодиализ шыпакерлер ҳәм гемодиализ бөлимлериниң басқа да медицина хызметкерлерин таярлаў бойынша бирден-бир бағдарламаның жоқ екенлиги себепли шыпакер-нефролог ҳәм гемодиализ бойынша қәнигелер кескин жетиспей атыр;
бесиншиден, нефрологиялық кеселликлерди емлеўдиң заманагөй медициналық инфраструктурасын жаратыў ҳәм усы тараўда жыйналып қалған машқалаларды шешиўде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик имканиятларынан пайдаланылмай атыр;
алтыншыдан, гемодиализ медициналық үскенелерин ҳәм жумсаў материалларын алып кириўди ҳәм сатып алыўды дизимнен өткериў, сертификатлаў ҳәм рухсатнама алыўдың қурамалы және ашық-айдын болмаған тәртип-қағыйдалары әмел етпекте, бул базарға кириўди ҳәм оларды ислеп шығарыўшылар арасындағы бәсекини шеклемекте.
Бар машқалаларды тез шешиў ҳәм кемшиликлерди сапластырыў, сондай-ақ, заманагөй инфраструктураны раўажландырыўды тәмийинлеў ҳәм нефрологиялық кеселликлерден азап шегип атырған шахсларға медициналық хызмет көрсетиў системасын сапа жағынан жақсылаў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң халыққа нефрологиялық ҳәм гемодиализ жәрдемин көрсетиў бойынша жумысы қанаатландырарсыз, деп табылсын.
2.Төмендегилер Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң халыққа нефрологиялық ҳәм гемодиализ жәрдемин көрсетиўди буннан былай да арттырыў тараўындағы тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
дәслепки медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринде республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайлары, жоқары медициналық билимлендириў мәкемелериниң клиникалары, республикалық көп тармақлы емлеўханалардың жетекши қәнигелериниң қатнасыўында системалы түрде халықтың медициналық тексериўден өткерилиўин шөлкемлестириў;
профилактикалаў, диагноз қойыў ҳәм емлеўдиң заманагөй және нәтийжели усылларын енгизиў жолы менен денсаўлықты сақлаў системасының ўәлаятлық ҳәм районлық дәрежелеринде халыққа қәнигелестирилген, жоқары технологиялық нефрологиялық медициналық жәрдем көрсетиў сапасын арттырыў;
бүйрек патологиясының ерте алдын алыў, оларды өз ўақтында анықлаў, бар наўқасларды емлеў ҳәм реабилитациялаў бойынша жумысларды шөлкемлестиретуғын интеграцияластырылған системаны денсаўлықты сақлаў системасының барлық дәрежелеринде жаратыў, сондай-ақ, наўқасларға диагноз қойыў, таңлаў ҳәм гемодиализге жибериў процесин халықаралық әмелиятқа муўапық қайта көрип шығыў ҳәм оптималластырыў жолы арқалы нефрологиялық кеселликлерге шалыныўды және бул кеселликлер себепли өлимшиликти азайтыў;
емлеўдиң жоқары технологиялық усылларынан ҳәм заманагөй стандартларынан кең пайдаланған ҳалда гемодиализ жәрдемге мүтәж наўқаслар өмириниң узайтыўын ҳәм олардың турмыс сапасының артыўын тәмийинлеў;
медициналық жәрдем көрсетиўдиң барлық басқышларында үлкен жастағылар ҳәм балаларда бүйрек кеселликлерине диагноз қойыўды ҳәм емлеўдиң бирден-бир заманагөй стандартларын ҳәм протоколларын енгизиў, соның ишинде, гемодиализ сеанслары ушын мәжбүрий клиникалық протоколларды ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;
нефрологиялық ҳәм гемодиализ мәкемелерин заманагөй жоқары технологиялық диагноз қойыў ҳәм емлеў медициналық үскенелери менен толық тәмийинлеў, оларды аўысық бөлеклер, гемодиализ ушын сарплаў материаллары менен үзликсиз тәмийинлеў ҳәм тийисли қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў жолы менен нефрология ҳәм гемодиализ мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў;
нефрологиялық кеселликлердиң ерте алдын алыў, оларды өз ўақтында анықлаў ҳәм емлеў бойынша кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыўдың нәтийжели системасын жаратыў;
халыққа нефрологиялық ҳәм гемодиализ жәрдемин көрсетиў тараўында жеке меншик секторды ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти жедел раўажландырыў.
- Халыққа қәнигелестирилген нефрологиялық ҳәм гемодиализ медициналық жәрдем көрсетиў нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда Илажлар бағдарламасы деп аталады) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрликлердиң ҳәм ведомстволардың басшылары Илажлар бағдарламасында нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы әмелге асырылыўы ушын жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
- Илажлар бағдарламасы әмелге асырылатуғын мүддетке 2-қосымшаға муўапық қурамда Халыққа қәнигелестирилген нефрологиялық ҳәм гемодиализ медициналық жәрдем көрсетиў нәтийжелилигин арттырыў илажлары бағдарламасы орынланыўының барысын мониторинг етиў бойынша жумысшы комиссия (кейинги орынларда – Комиссия) шөлкемлестирилсин.
Төмендегилер Комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
усы қарардың қағыйдаларын әмелге асырыў, қойылған ўазыйпаларды орынлаўда жүзеге келетуғын машқалаларды ҳәм оларды келтирип шығаратуғын шараятларды анықлаў;
нефрология ҳәм гемодиализ хызметиниң жумысы, бүйрек жетиспеўшилигине шалынған наўқасларға жоқары қәнигели жәрдем көрсетиў бойынша медицина хызметкерлерине жүкленген ўазыйпалардың орынланыў нәтийжелилиги үстинен системалы қадағалаў алып барыў;
созылмалы бүйрек кеселлигине шалынған наўқасларға диагноз қойыў ҳәм олардың ислеп шығылған стандартлары тийкарында нефрологиялық ҳәм гемодиализ жәрдемин көрсететуғын медицина мәкемелери тәрепинен ўазыйпалардың орынланыўы процесин, атап айтқанда, орынларға барып үйрениў;
әмелге асырылып атырған илажлардың материалларын, Комиссия қарарларын анықланған кемшиликлерди ҳәм медицина мәкемелери жумысындағы машқалаларды сапластырыў бойынша тийисли илажлар көриў ушын Министрлер Кабинетине, прокуратура уйымларына ҳәм басқа да уйымларға жибериў;
нефрологиялық ҳәм гемодиализ жәрдемин көрсететуғын медицина мәкемелери жумысындағы системалы кемшиликлерди ҳәм ҳуқықбузарлықларды анықлаў және сапластырыў, бундай жәрдем көрсетиўдиң шөлкемлестириў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң:
Ташкент қаласы нефрология емлаўханасы негизинде Республикалық қәнигелестирилген нефрология ҳәм бөтеке трансплантациясы илимий-әмелий медицина орайын шөлкемлестириўди;
жаңадан шөлкемлестирилип атырған Республикалық қәнигелестирилген нефрология ҳәм бүйрек трансплантациясы илимий-әмелий медицина орайы негизинде Ташкент врачлардың қәнигелигин арттырыў институтында «Нефрология, гемодиализ ҳәм бүйрек трансплантациясы» кафедрасын шөлкемлестириўди;
2019/2020 оқыў жылынан баслап магистратура ҳәм клиникалық ординатураның «нефрология» ҳәм «балалар нефрологиясы» қәнигеликлери бойынша жаңа бағдарларды ашыўды нәзерде тутатуғын усыныслары қабыл етилсин.
Республикалық қәнигелестирилген нефрология ҳәм бүйрек трансплантациясы илимий-әмелий медицина орайы Ташкент қаласы нефрология емлеўханасының ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны;
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги медицина шөлкемлериниң нефрология ҳәм гемодиализ бөлимлери Республикалық қәнигелестирилген нефрология ҳәм бөтеке трансплантациясы илимий-әмелий медицина орайының регионаллық шөлкемлестириў-методикалық бөлимлери болып есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги үш ай мүддетте Республикалық қәнигелестирилген нефрология ҳәм бүйрек трансплантациясы илимий-әмелий медицина орайын жайластырыў ушын Ташкент қаласы нефрология емлеўханасы имаратын реконструкциялаў бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
- «Саламат әўлад ушын» қоры ҳәм кең жәмийетшиликтиң созылмалы бүйрек жетиспеўшилиги менен кеселленген шахслардың ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, сондай-ақ, гемодиализ хызмети жумысының үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў мақсетинде «Өзбекстан диализ жәмийети» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қоллап-қуўатлансын.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги «Өзбекстан диализ жәмийети» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемин дизимнен өткериўде жәрдемлессин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Жол картасы» тастыйықланыўын тәмийинлесин:
программалық гемодиализ көрсетиў тараўында жеке меншик шерикликти ҳәм аутсорсингти енгизиў, сондай-ақ, жеке меншик секторды раўажландырыў бойынша әмелий ҳәрекетлер;
мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында гемодиализ хызметлерин көрсететуғын медицина мәкемелерин қурыў, үскенелеў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша ислеп шығылған усынысларды енгизиў;
гемодиализ аппаратларын ҳәм жумсаў материалларын жеткерип бериўге зәрүр рухсатнамалар бериўдиң, жеке меншик медицина шөлкемлери тәрепинен гемодиализ хызметлер көрсетиўдиң әмелдеги системасын түп-тийкарынан әпиўайыластырыў бойынша зәрүр илажлар көриў;
гемодиализ хызметлерин көрсетиў тәртибин, оны әмелге асырыў усылларын тәртипке салыўды, сондай-ақ, усы тараўда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртнамаларын дүзиў, орынлаўды ҳәм тамамлаўды нәзерде тутатуғын гемодиализ хызметлерин көрсетиў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы ўақтынша режени ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:
а) еки ҳәпте мүддетте Республикалық қәнигелестирилген нефрология ҳәм бүйрек трансплантациясы илимий-әмелий медицина орайының структурасын ҳәм уставын және оның регионаллық бөлимлери ҳаққындағы жаңа үлгидеги режени тастыйықласын;
б) үш ай мүддетте:
нефрология ҳәм гемодиализ бөлимлериниң гемодиализ үскенелери паркин сын көзқарастан талласын, оның жуўмақлары бойынша оларды жаңалаў, сондай-ақ, гемодиализ бөлимлериниң тармағын кеңейтиў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
программалық гемодиализдеги наўқасларға медициналық жәрдем көрсетиўдиң мәжбүрий клиникалық протоколларын тастыйықласын;
республикалық ҳәм регионаллық медицина мәкемелери кесиминде гемодиализ алыўға наўқаслардың тең муғдарда бириктирилиўин тәмийинлесин;
республика, ўәлаят ҳәм район (қала) көлеминде көрсетилетуғын медициналық хызметлердиң көлемин, қәнигелердиң функционал ўазыйпаларын белгилеген ҳалда нефрология кабинетин ҳәм бөлимин үскенелеў стандартларын нәзерде тутатуғын нефрология қәнигелиги бойынша медициналық жәрдем көрсетиў тәртибин тастыйықласын;
в) Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте созылмалы бүйрек жетиспеўшилигине шалынған наўқаслардың есабын жүргизиў ҳәм олардың мониторингин алып барыўдың бирден-бир электрон регистри механизмин енгизсин;
г) Илажлар бағдарламасының сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўы үстинен мониторинг алып барылыўын тәмийинлесин, мониторинг нәтийжелери ҳаққында ҳәр айда Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Экономика министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Илимлер академиясы ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине:
гемодиализ өткериў ушын жумсаў материалларын жергиликли ислеп шығарыўды шөлкемлестириў;
медицина мәкемелерин үскенелеў ҳәм гемодиализ хызметлерин көрсетиў сапасын арттырыў бойынша әмелий илажларды әмелге асырыў ушын қайырқомлық қаржыларын ҳәм халықаралық (сырт ел) шөлкемлердиң грантларын тартыў бойынша усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:
«Денсаўлықты сақлаў» тармағы бойынша Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қәрежетлериниң ҳәр жылғы параметрлерин қәлиплестириўде усы қарар менен тастыйықланған илажларды әмелге асырыў ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын;
мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында стандартлар ҳәм нормативлер бойынша өткерилген гемодиализ хызметлери ушын өз ўақтында ҳақы төлениўин тастыйықласын;
гемодиализге мүтәж болған наўқаслар санының жыллық өсимин есапқа ала отырып, зәрүр гемодиализ үскенелери, аўысық бөлеклер ҳәм сарплаў материаллары Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тийкарланған буйыртпалары тийкарында өз ўақтында сатып алыныўы ушын бюджет қаржылары ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги усы қарарда нәзерде тутылған илажлардың орынланыўы, сондай-ақ, ажыратылған қаржылардан өз ўақтында, ақылға уғрас ҳәм мақсетли пайдаланыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатсын.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте:
нызам ҳүжжелерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
олар тәрепинен қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳәм басқа да ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Муродовқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.С.Қосимовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 12-июль